Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:58:23, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚУДЫҚЛАРДЫ  БУРҒЫЛАЎ  УШЫН РУХСАТНАМА  БЕРИЎ  ТӘРТИБИ

Жер асты суўларына қудықларды бурғылаў ушын рухсатнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.

Бунда арза бериўши юридикалық тәреп, буйыртпа бериўши юридикалық ямаса физикалық тәреплер есапланады. Рухсатнама Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен юридикалық тәреплерге олардың мүрәжатлары тийкарында бериледи. Қудықларды бурғылаў ушын зәрүр болған гидрогеологиялық жуўмақ тек ғана Мәмлекетлик геология комитетиниң гидрогеология кәрханалары тәрепинен бериледи. Арзаға қосымша төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

- жер асты суўларына қудықларды бурғылаў ушын буйыртпа бериўши ҳәм арза бериўши ортасында дүзилген шәртнама яки келисим нусқасы; гидрогеологиялық жуўмақ; мәмлекетлик экология экспертизасының жуўмағы; жер асты суўларына қудықларды бурғылаў ушын жойбар ҳүжжетлери; арза бериўшиниң техникалары ҳаққында мағлыўмат; бар үскенелериниң техникалық паспортларының нусқалары яки зәрүр техника ҳәм үскенелерди ижараға алған болса ижара шәртнама нусқасы; арза бериўшиниң тийисли қәнигелиги бо­йынша (гидрогеолог) диплом нусқасы.

Арзаға зәрүр мағлыўматлар рәсмийлестирилгеннен соң арза бериўши электрон көринисинде қол қояды. Мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў ушын базалық есаплаў муғдарының 30 проценти муғдарында жыйым төленеди. Мәмлекетлик геология комитети, арза ҳәм оған қосымша усынылған ҳүжжетлер келгеннен соң еки жумыс күни ишинде жер асты суўларына қудықларды бурғылаў мақсетке муўапықлылығын үйренип шығады ҳәм гидрогеология кәрханаларына электрон көринисинде жибереди.

Гидрогеология кәрханалары үш жумыс күни ишинде таңланған жер майданын ҳәм усыныс етилген қудық конструкциясын үйренип шығады ҳәм үйрениў нәтийжесинде тийисли жуўмақларға тийкарланып мағлыўмат таярлап, Мәмлекетлик геология комитетине электрон көринисинде жибериледи. Мәмлекетлик геология комитети гидрогеология кәрханалары тәрепинен таярланған мағлыўмат тийкарында бир жумыс күни ишинде рухсатнама бериў яки берилмеў себеплерин көрсеткен ҳалда жуўапты ҳәм 14-код қойылған рухсатнаманы рәсмийлестиреди ҳәм оны Мәмлекетлик хызметлер орайына жибереди.

А.АУЕЗИМБЕТОВ,

А.ТАЖИМУРАТОВ,

Хожели районы Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF