Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:34:21, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДИННИҢ  ЖӘМИЙЕТТЕ  ТУТҚАН  ОРНЫ

Динниң жәмийеттеги тут­қан орны жүдә үлкен ҳәм әҳмийетли болып есапланады. Себеби, жәмийетте жасаўшы инсанлар бир-бири менен өз-ара қарым-қат­наста болады.

Мәселен, ата-ана менен перзент, туўған-туўысқанлар, қоңсы-қобалар, илим дәргайларында устаз бенен шәкирт, жумыс орынларында басшы менен хызметкер, саўда орынларында сатыўшы менен қарыйдар ортасындағы қарым-қатнаслар адамлар арасындағы байланыслар саналады. Бир сөз бенен айт­қанда, ҳәр күни инсанлар бир-бири менен мәмиледе болады.

Ата-ана менен перзент ортасындағы мәмилеге итибар қарататуғын болсақ, динимизде ата-анаға перзенттиң жақсылық етиўин Аллатаала өзине ибадат етиўден кейинги уллы ҳәм саўаплы ислерден санаған. Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан бул ҳаққында көплеп ҳәдислер рәўият етилген. Усындай ҳәдислердиң биринде былай делинеди: «Ата-анасын, ямаса олардың бирин кекселик жасында таўып, жәннетке кире алмаған адам қор болсын». Демек, кекселик жасында ата-аналар жәрдемге, меҳирге көбирек мүтәж болады. Соның ушын да олардың хызметлерин ислеп, дуўаларын алып қалыўға ҳәрекет етиў керек екен.

Туўған-туўысқанлар менен де аўызбиршиликти, унамлы қарым-қатнасты беккемлеў керек. Себеби, олар менен қарым-қатнасты үзиў аўыр гүналардан есапланады. Ҳәдислерден биринде: «Қайсы қәўимде туўған-туўысқанлық қатнасығын үзетуғын адам болса, сол қәўимге Аллаҳтың рәҳмети түспейди», делинген.

Қоңсылар менен қарым-қатнас та тап усындай. Себеби, ҳәдислерден биринде пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Аллаҳтың аты менен ант ишемен! (бул сөзди үш мәрте тәкирарлады) ийма­ны кәмил болмайды»,-деди. Сонда саҳабалар «Кимниң?» деп сорағанда, «Қоңсылар оның жаманлығынан аманда болмаған адамның», жуўап берген еди.

Устазларға ҳүрмет көрсетип, оларды иззет етиў де саўаплы ислерден есапланады. Бул ҳаққында ҳәдислердиң биринде былай делинеди: «Әлбетте, Аллатаала, Оның периштелери, аспанлар ҳәм жердеги нәрселер, уясындағы қумырсқа, ҳәтте, теңиздеги балықлар да инсанларға жақсылықты үйретиўшиниң ҳаққына дуўа етеди», делинген.

Имам Абу Ҳанифадан устазы Ҳаммадтың үйине қарата аяғын созбағанлығы рәўият етилген.

Жумыс орынларында басшылар қол астындағы­ларға жақсы мүнәсибетте болыўы, өз гезегинде, хызметкерлердиң де басшы­ларға бойсыныўы кереклиги айрықша атап өтилген.

Саўда-сатық мәселелеринде де инсанлар бир-бириниң ҳақын жемеўи, өзгелердиң ҳақынан қорқыў кереклиги уқтырылған. Ҳәтте, Қураны Кәримде бул ҳаққында «Мутоффифин» деген бир сүре түсирилген. Бул сүреде тәрезиден, басқа да өлшемлерден урып қалыўшылардың ҳәм өзгелердиң ҳақын жеўшилердиң жазасының қаншелли дәрежеде аўыр екенлиги айтып өтилген. Ҳәтте, динимиз бир жәмийетте жасаўшы өзге дин ўәкиллери менен де жақсы мүнәсибетте болыўға шақырады. Себеби, бәрше инсанлардың негизи Адам ата ҳәм Ҳаўа енеге барып тақалады. Сонлықтан динимиз кеңпейиллик ҳәм инсаныйлық дини деп аталады.

Жоқарыдағы пикирлерден келип шығып, динимиздиң жәмийеттеги орны қаншелли дәрежеде үлкен ҳәм әҳмийетли екенлигин көрсек болады. Егер биз усы көрсетпелерге әмел етип жасайтуғын болсақ, жәми­йеттеги инсанлар арасындағы бир-бирине деген меҳир-мүриўбет, ҳүрмет-иззет сезимлериниң артыўына ерисемиз.

 Ж.ИСКЕНДЕРОВ,

Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтының қәнигелик пәни оқытыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF