Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:46:13, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРИЙХЫЙ ДЕРЕКЛЕР ҚАЗАНЫ

Соңғы жыллары тарийхты үйрениў, оны әдил баҳалаў өтмиштиң барлық қәдириятларынан пайдаланыў жүдә әҳмийетли болмақта. Тарийх илиминиң раўажланыўын белгилеўши факторлар арасында архив материаллары айрықша орын ийелейди.

Ғәрезсизлик шараятында архив исиниң келешеги әҳмийетли орын тутады, себеби, өтмиш сабақлары, өтмиш тәжирийбелерин архив материаллары тийкарында үйрениўдиң тек теориялық тәрепи ғана емес, ал, әмелий әҳмийети де бар. Архив материалларына ең көп қатнаста болыўшылар әлбетте, тарийхшылар.

Ғәрезсизлик дәўиринде тарийхый изертлеўлердиң көпшилиги архив материалларына тийкарланғаны ҳәм жаңаша әдил тарийхый раўажланыў концепциясы тийкарында жаратылып атыр­ғанлығы себепли бүгин тарийхымызға қызығыўшылық күннен-күнге артып атыр.

Өзбекстан Республикасының Бас министри тәрепинен 2019-жыл 5-августта «Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик архивлер системасының шөлкемлестирилгениниң 100 жыллығын кең нышанлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша илажлар режеси» тастыйықланды. Усы илажлар режесиниң өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде тараўдың барлық қәнигелери өз үлеслерин қосып келмекте. Таярлық процесслерин ҳәм тараўды кең үгит-нәсиятлаў бойынша сүўрет ҳәм де видеоларды, шөлкемлестирилген флешмобларды социаллық тармақлар арқалы гүзетип барыў мүмкин. Архив тараўының 100 жыллық байрамы усы жылдың 5-6-ноябрь күнлери Сурхан­дәрья ўәлаятының Термез қаласында өткерилиўи белгиленген.

Өткен дәўир ишинде архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўында зәрүр инфрадүзилме жаратылды, мәмлекетлик архивлерде архив ҳүжжетлерин жәмлеў, олардың есабын жүргизиў, сақланыўын тәмийинлеў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша бир қанша унамлы нәтийжелерге ерисилди. Миллий архив фонды халықтың материаллық ҳәм руўхый турмысын сәўлелендиретуғын тарийхый, илимий, мәдений, сиясий ҳәм социаллық әҳмийетке ийе болған архив ҳүжжетлери менен байытылды.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлик архивлерге 1917-жылдан баслап усы күнлерге шекемги 340 мың с.б. (сақлаў бирлиги, ҳәр бир сақлаў бирлиги орташа 250 беттен ибарат) аслам тарийхый, 1000 с.б. аслам жеке пуқаралардың, 800 с.б. аслам илимий-техникалық, 150 мың с.б. аслам жеке қурам ҳүжжетлери жәмленген.

Ҳәр жылы мәмлекетлик архивлер тәрепинен пуқаралардың 20000 ға шамалас социаллық-ҳуқықый түрдеги талаплары орынланады. Пуқаралардың ҳәм мәкемелердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының архивлерге болған мүрәжатлары жыл сайын артып бармақта.

Архивлерде экскурсиялар өткериў, газеталарға мақала бериў, телекөрсетиўлерге қатнасыў ҳәм радиодан шығып сөйлеўлер таярлаў бойынша жумыс түрлериниң сапасы артып бармақта.

Республика басшыларының қоллап-қуўатлаўы менен Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви (ҚР ОМА) имаратының фасады оңлап берилди, Әмиўдәрья районы мәмлекетлик архивине жаңа имарат қурылып, ҳәзирги күнде архив өз жумысларын талап дәрежесинде шөлкемлестириў имканиятына ийе болды.

Ҳүжжетлердиң электрон нусқасын жаратыўға мөл­шерленген үскенелер сатып алынып, ҳәзирги күнде бул бағдарда бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге архивте сақланып атырған өткен әсирдиң басындағы ҳүжжетлердиң сақлаў мүддетин узайтып, дәслепки қәлпине келтириўге (реставрациялаў) арналған үскенелер алынды. Ҳәр жылы ҳүжжетлердиң еки мыңнан аслам бетлери дәслепки қәлпине келтириледи. Айрықша баҳалы ҳүжжетлерден пайдаланыўды шеклеў ҳәм сақланыўын тәмийинлеў мақсетинде олардың элек­трон түрлерин жаратыў жумыслары алып барылмақта, себеби, қағаз түриндеги ҳүжжетлердиң оригинал нусқаларын сақлап қалыўды тәмийинлеў усылларынан бири оларды қолда услап көп пайдаланыўды шеклеў болып есапланады.

Соңғы жыл­лары республикамыздағы мәмлекетлик архивлердиң жумысларын, атап айтқанда Миллий архив фонды (МАФ) ҳүжжетлериниң сақланыў шараятларын жақсылаў, архивлерди мәлимлеме технологиялары менен тәмийинлеў, МАФ қурамына тийисли болған ҳүжжетлерди архивлерге қабыллаў, олардың сақланыўын тәмийинлеў, хызметкерлердиң кәсиплик билимлерин талап дәрежесине көтериў, мәкемелерге ҳәм пуқара­ларға хабар хызметлерин көрсетиў жумысларын жақсылаў ислери нызамшылық талаплары дәрежесинде жол­ға қойылып атыр. Буның айқын дәлили ретинде Өзбекстан Республикасының «Архив иси ҳаққында»ғы Нызамы (2010-ж.) ҳәм усы Нызамды әмелге асырыў ушын қабыл етилген ҳүкимет қарарларын келтирсек болады.

2019-жылдың 20-сентбярьдеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында архив иси ҳәм ис жүргизиўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 5834-санлы Пәрманының ҳәм де Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы «Өзархив» агент­лигиниң жумысларын жетилистириў ҳаққында»ғы 4463-санлы қарарының қабыл етилиўи архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, мәмлекетлик архив­лердиң материаллық-техникалық базасын жақсылаў, архив ҳүжжетлерин жәмлеў, мәмлекетлик есапқа алыў, сақлаў ҳәм олардан пайдаланыўдың заманагөй меха­низм­лерин қоллаў кереклигинен дерек береди.

Президент қарары менен 2021-жылы Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архиви ушын қосымша сақлаўхана қурыў ҳәм зәрүр әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, 2023-жылы ҳәзирги жайласқан имаратты реконструкциялаў бағдарламаға киргизилди.

Демек, архивлер алдына жаңадан ўазыйпалар белгиленип, бул ўазыйпалардың басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы менен архив иси ҳәм ис жүргизиў тараўында жаңа өзгерислер ҳәм абзаллықлар пайда болыў имканияты жаратылады. 

М.КАИПНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Архив иси бас­қармасы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF