Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:21:14, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКОЛОГИЯЛЫҚ МАШҚАЛАЛАР БИРГЕЛИКТЕ ШЕШИЛМЕКТЕ

Усы жыл 25-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Аралбойы-экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» атамасындағы халықаралық конференция болып өтти.

Конференцияға Аралды қутқарыў халықаралық фондының турақлы раўажланыў бойынша мәмлекетлер аралық комиссиясының ағзалары,  Орайлық Азия­ның ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлердиң және  шөлкемлердиң ўәкиллери, қәнигелери, экспертлери, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, илимпазлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Конференцияны Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы спикериниң орынбасары Борий Алиханов алып барды.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары Ачилбай Раматов Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң халықаралық конференция қатнасыўшыларына жоллаған мүрәжатын оқып еситтирди.

— Биз бул бағдардағы Аралбойы регионынын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айландырыўды усыныс етемиз. Сизиң итибарыңызға биз тәрептен ислеп шығыл­ған регионды экологиялық инновация ҳәм технологиялар, «жасыл экономика» принциплери тийкарында турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған Концепция жойбары, және Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблея­сының Аралбойы регионын «Экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы» деп жәриялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюциясы ҳәм Халықаралық Аралды қутқарыў фонды саммитинде алға қойылған басламаларды әмелге асырыў бойынша таярланған Орайлық Азия суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў регионлараралық бағдарламасы усынылады. Концепцияда өз сәўлелениўин табатуғын сизлердиң пикир-усынысларыңыз биз ушын әҳмийетли.

Әлбетте, халықаралық конференция нәтийжелери Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша «жасыл экономика», энергия ҳәм суўдың үнемлениўин енгизиў, аймақлардың алдағы ўақытлары шорланыўын ҳәм экологиялық миграцияның алдын алыў, регионға сырт ел инвестицияларын тартыў бағдарларында халықаралық бирге ислесиўди және де беккемлеў ушын нәтийжели платформа бола алады.

Президентимиздиң мүрәжатын конференция қатнасыўшылары көтериңки руўхта қабыл етти.

Конференция қатнасыўшыларына Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң бас хаткери Антониу Гуттериштиң видеомүрәжаты қойып берилди.

Бас хаткер өз мүрәжатында, мен Мойнақты ҳәм бүгинги Арал теңизин өз көзим менен көргенимде, бул машқалаға қуры қарап турмаў кереклигин түсиндим. Бул жердеги экологиялық машқаланы шешиўде пүткил дүнья жүзи халықлары бир күш болып бирлесиўи керек, деген пикирге келдим. Бүгинги конференция Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин сапластырыў ҳәм Аралбойы халқының жасаў жағдайларын жақсылаў ушын хызмет етеди, деп үмит етемен.

Конференцияның ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязов, БМШтың Орайлық Азия бойынша Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили Наталья Герман, БМШ Бас хаткериниң жәрдемшиси Абдулайе Дьейе, Европа Аўқамының Орайлық Азиядағы арнаўлы ўәкили Питер Буриан  шығып сөйлеп, турақлы раўажланыў бойынша мәмлекетлер аралық комиссиясының ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жәрдеминде шөлкемлестирилип атырған халықаралық конференцияның жумысларында табыслар тиледи.

Арал апатшылығының аўыр ақыбетлерин сапластырыў бағдарында халық­аралық шөлкемлер менен биргеликте соңғы жылларда әмелге асырылған кең көлемли жумыслар айрықша атап өтилип, оның нәтийжелерине жоқары баҳа берилди.

— Мениң Қарақалпақстанға екинши мәрте келиўим,-дейди Европа Аўқамының Орайлық Азиядағы арнаўлы ўәкили Питер Бу­риан. — Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев Арал теңизи аймағында жасаўшы халықтың турмыс шараятларын буннан былай да жақсылаў, теңиздиң қурыўы менен жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясында дүнья еллериниң итибарын Арал машқаласына қаратып, Аралбойы аймақлары ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының шөлкемлестирилиўине ерискен еди. Европа Аўқамы да усы басламаларды қоллап-қуўатлап, жақында усы  фондқа 5 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы өткерди.

Биз буның менен тоқтап қалмаймыз. Усы бағдарда бирге ислесиў бойынша режелеримиз бар. Себеби, Өзбекстан тәрепинен Арал теңизи қурыўының ақыбетлерин сапластырыў бойынша қысқа ўақыт ишинде көплеген жумыслар исленип атыр. Кеше Арал теңизине барып көргенимизде оның ултанында жасыл зоналарды пайда етиў мақсетинде егилген сексеўиллерди көрип қуўанышқа бөлендик.

Конференцияда усы көрилген барлық мәселелер өз шешимин таўып, унамлы келисимлер дүзиледи, деп исенемен...

Конференцияның пленарлық мәжилисинде, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Қучқаров, Түркменстан аўыл хожалығы ҳәм қоршаған орталықты қорғаў министри  М.Байрамдурдыев,  Беларусь Республикасының тәбийғый ресурсларды ҳәм қоршаған орталықты қорғаў министри А.Худык, Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев ҳәм басқа да қәнигелер бая­нат жасады.

Арал апатшылығы ақыбетлерин биргеликте сапластырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында биргеликте әмелге асырылған кең көлемли жумыслар туўралы мағлыўматлар берилип, усындай экологиялық апатшылықлар бойынша халық­аралық тәжирийбелерден келип шығып, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, бы­йылғы жылы Турақлы раўажланыў бо­йынша мәмлекетлер аралық комиссиясының дүзилгенине 25 жыл толмақта.

Бүгинги күни Арал машқаласы Орайлық Азия мәмлекетлериниң емес, ал, дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын тартқан ҳәм шешилиўи кешиктирип болмайтуғын әҳмийетли мәселеге айланбақта. Себеби, бүгинги күнде бурынғы 1960-жыллары толып-тасып турған Арал теңизиниң 10 процент бөлеги ғана қалды.

Дурыс, ҳәзирги ўақытта Арал теңизин бурынғы қәлпине келтирип қайта тиклеў мүмкиншилиги жоқ. Бирақ, регионда жасайтуғын халықтың денсаўлығын беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жеделлестирилиўи, аймақтың экономикалық ҳәм социаллық жақтан раўажландырылыўы, экотуризм ҳәм басқа да тараўлардың  раўажландырылыўы, жаңа инновациялық ҳәм технологиялық жойбарлардың әмелге асырылыўы, климаттың турақласыўы сыяқлы илажлар әмелге асырылса, экологиялық машқалаларды бираз болса да жеңиллеткен боламыз.

Бунда усы региондағы барлық мәмлекетлер, халық­аралық шөлкемлердиң бирге ислесиўи оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Соң конференция қатнасыўшылары, БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясы менен тасты­йықланған «Аралбойы — экологиялық иннова­циялар ҳәм технологиялар аймағы» атамасындағы жойбардың усы атамадағы жойбар Конвенциясын додалаў мақсетинде тараўларға бөлинип, мәжилислер өткерди.

Мәжилислерде қәнигелер тәрепинен экологиялық таза технологияларды енгизиў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў бо­йынша шараятлар жаратыў, «жасыл» экономика принциплерине тийкарланып, энергияны ҳәм суўды үнемлеўши, экологиялық жақтан таза технологияларды комплексли түрде енгизиў, азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеў, экологиялық туризм­ди раўажландырыў, экологиялық миграция ҳәм шөлистанлықтың көбейиўиниң алдын алыў мәселелери додаланды. Усы бағдарда ислеп шығылған жойбарлар таныстырылып, пикир-усыныслар билдирилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Мәжилислер соңында бирге ислесиў бойынша келисимлер дүзилип, символлық лента кесилди.

Халықаралық конференция көрилген мәселелер бойынша тийисли шешим қабыл етти.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF