Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:11:31, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СӘРКАРДА КУБОГИ УШЫН ӘСКЕРИЙ СПОРТ ЖАРЫСЛАРЫ

Жақында Арқа-Батыс әскерий округи жаўынгерлери сәркардасы басламасы менен Нөкис қаласындағы 10 мектептиң жоқары класс оқыўшылары арасында округ жаўынгерлери сәркардасының кубогы ушын «Жас патриотлар» әскерий спорт эстафетасы өткерилди.

Өзбекстан Президентиниң бес әҳми­йетли басламасының орынланыўына бағышланған бул жарыс жасларды Ўатан- сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, спортқа қызығыўшылығын арттырыў ҳәм турмыс­қа таярлаў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Жарысты округ жаўынгерлери сәркардасы, полковник Д.Чориев ашып берди ҳәм беллесиў қатнасыўшыларын қутлықлады. Сәркарда өз сөзинде «Биз сизлердиң спорт бағдарында, атап айтқанда, әскерий эстафеталарда қатнасыў ушын қолымыздан келген барлық шараятларды жаратамыз» деп атап өтти. Сондай-ақ, ол өз сөзинде келешекте усы әскерий спорт эстафетасын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының бәрше аймақларының жаслары ортасында ҳәр жылы өткериўге ўәде берди.

Нөкис гарнизоны аймағында жайлас­қан мини полигонда қызғын тартысларға бай бол­ған эстафета жасларының жәмәәт болып ҳәрекет етиўин көрсетип берди. Ҳәр бир жәмәәттен үш қыз ҳәм үш ер балалар қатнасқан тартыслар даўамында қатнасыўшылардың жеңиске болған исеними ақырғы минутларға дейин сезилип турды. Жарыстың бәрше шәртлерин орынлаўда техникалық қәўипсизлик қағыйдаларын сақлаўды тәмийинлеў мақсетинде әскерий хызметкерлер қадағалаўды әмелге асырды.

Жарыс жуўмағы нәтийжелерине көре, Арқа-Батыс әскерий округи жаўынгерлери сәркардасы кубогы ушын беллесиўде Нөкис қаласы 19-санлы улыўма билим бериў мектеби жеңимпаз болды. Екинши орын 36-санлы мектеп оқыўшыларына, ал, үшинши орын 17-санлы мектеп оқыўшыларына несип етти.

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орынларды ийелеген жәмәәтлер естелик кубогы ҳәм саў­ғалар, Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

АРҚА-БАТЫС ӘСКЕРИЙ ОКРУГИНИҢ БАСПАСӨЗ ХЫЗМЕТИ.

СҮЎРЕТТЕ: жарыс жеңимпазлары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF