Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:25:31, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҮЛКЕН ЖУЎАПКЕРШИЛИК ПЕНЕН

Қорғаў хызметиниң ең баслы ўазыйпасы ­ бул мәмлекетимиздиң байлықлары, пуқараларымыздың меншик мал-мүлклерин қорғаў болып есапланады.

Мәкеме, кәрхана, шөлкем ҳәм пуқаралардың үйлери менен дүзилген шәртнама тийкарында қорғалып атырған объект­лерде ҳәм пуқаралардың турақ жайларында жүз бериўи мүмкин болған урлықлардың ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, олардың қорғалыў жағда­йын күшейтиў бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасының l-айрықша батальоны тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Улыўма Қорғаў басқармасының l-айрықша батальоны хызметкерлери тәрепинен қор­ғалып атыр­ған объектлер ҳәм пуқаралардың үйлеринен усы күнге шекем объектлерге орнатылған техникалық қорғаў сигнализация үскенелери жәрдеминде ҳеш қандай урлыққа жол қо­йылмады. Бул жумысларды талап дәрежесинде шөлкемлестириў ушын хызметкерлеримиздиң сана-сезими, олардың кәсиплик маманлығын арт­тырып барыў менен бир қатарда қорғаўда турған объектлер ҳәм пуқаралардың үйлериниң техникалық беккемлигин ҳәзирги заманагөй қорғаў үскенелери менен тәмийинлеў жумыслары алдымызға қойылып, басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.

Биз ушын қорғалып турған объектлерде жүз бериўи мүмкин болған урлықлардың алдын алыў, қорғаўдың сапасын арттырыў, оларға заманагөй қорғаў сигнализация үскенелерин орнатыў, исенимли қорғаў дәрежесин көтериў бойынша қосымша имканиятларды излестириўге, бизге мүлкин қорғаў ушын тапсырған пуқаралар, кәрхана ҳәм мәкемелердиң исенимин ақлаў ушын бар күш ҳәм үскенелерден сапалы пайдаланыўға түртки болмақта.

Қорғаў басқармасының 1-айрықша батальоны тәрепинен мәмлекетлик ҳәм пуқаралардың турақ жайларындағы жеке меншик мүлклерин қорғаў техникалық қорғаў пульт­лери жәрдеминде әмелге асырылмақта.

Пуқаралар жеке меншик үйлери ҳәм көп қабатлы жайлардағы ханаларына техникалық қорғаў пунктлериниң электрон қорғаў үскенелерин орнатып, үйлеринде орнатыл­ған телефон линиялары арқалы қорғаўға тапсырса, жайының қараўсыз қалмағанлығына толық исенип, дем алысларға ҳәм бас­қа да жумысларына арқайын кетиў мүмкиншиликлерине ийе болатуғынын атап өткимиз келеди.

А.ЖАМАЛОВ,

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы

Қорғаў басқармасының 1-айрықша батальоны 3-отряд командири, аға лейтенант. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF