Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:47:19, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТӨЛЕМ ТӨЛЕЎ СИСТЕМАСЫНДА ЖАҢА МЕХАНИЗМ

Бүгинги күнге келип өндирис ҳәм халықтың тутыныў талаплары жоқарылаған сайын экология ҳәм қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, турмыслық шығындыларды жыйнаў, сортлаў, оларды қайта ислеў дүнья көлеминдеги әҳми­йетли мәселелердиң бири болып қалмақта.

2018-жыл 22-ноябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў ушын төлемлерди төлеў системасын түп-тийкарынан жетилис­тириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди. Пәрманда белгиленгениндей, 2019-жылдың 1-январь сәнесинен баслап қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм оны алып шығып кетиў хызметин көрсетиў ушын пуқаралар тәрепинен төленетуғын мәж­бүрий төлемлердиң толық ҳәм өз ўақтында жыйналыўын тәмийинлеў Мәж­бүрий орынлаў бюросына жүкленди.

Ҳәзирги ўақытта дүньяның барлық мәмлекетлериндеги қатты турмыслық шығындылар жан басына есаплағанда артып бармақта ҳәм бул экологиялық турақлылыққа өзиниң унамсыз тәсирин көрсетпекте. Жыйнал­ған турмыслық шығындылар болса қоршаған орталықты патаслаўшы тийкарғы дереклердиң бирине айланып атыр. Сонлықтан, бул пәрманда қатты турмыслық шығындылардың белгиленген орынларға жыйналыўы, алып шығып кетилиўи ҳәм оны қайта ислеў системасын жолға қойыў нәзерде тутылған.

Буннан былай қатты турмыслық шығындылар ушын мәжбүрий төлемлер энергия ресурсларға бол­ған талап сыяқлы пуқаралар тәрепинен ҳәр айдың 10-сәнесинен кешиктирмей әмелге асырылыўы шәрт.

Юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер болса төлемлерди тиккелей хызмет көрсетиўши шөлкемлерге 100 процент алдыннан ҳақы төлеў тийкарында әмелге асырады. Соның менен бирге, Мәжбүрий орынлаў бюросы қарыздарлықты айлық ис хақысынан услап қалыў, ҳәр айда мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққында ис бериўшиге талапнама бериў ҳуқықына ийе болады.

Пәрман менен әмелиятқа енгизилген және бир жаңалық, Мәмлекетлик экология комитетиниң аймақлық бөлимлери жанында юридикалық тәреп дүзбеген ҳалда санита­риялық тазалаў хызметлери шөлкемлестирилди. Оның ўазыйпасына тоқтап өтетуғын болсақ, орайдан аймақтағы ҳәр бир қала яки районға бир хызметкер бекитилди. Ол өз гезегинде ҳәкимликлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен бирге ислесиў, сондай-ақ, мүрәжатлар менен ислесиўге жуўапкер екенлиги белгиленди.

Соны атап өтиў керек, Президентимиздиң бул пәрманы менен экономикамыздың және бир тармағының тәртипке салыныўына қаратылған жаңа механизм жолға қойылды. Яғный, енди қарыздарлықты жыллар даўамында билмегенликке алып төлемеўдиң алды алынады. Төлемниң өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўы болса хызмет көрсетиў шөлкемлери арасында бәсекиликти күшейтеди.

Жуўмақ орнында айтатуғын болсақ, қоршаған орталықтың тазалығы ҳәм тәбийғый ресурсларымыздың қәўипсизлиги халықтың экологиялық мәде­ниятының артыўына ҳәм турмыслық шығындылар ушын төлемлерди өз ўақтында әмелге асырыўына байланыслы.

 

Айнаш УРАЗБАЕВА,

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қанлыкөл ра­йонлық бөлиминиң

мәмлекетлик орынлаўшысы, 3-дәрежели юрист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF