Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:03:13, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АҚ АЛТЫН» АҢСАТЛЫҚТА ЖЕТИСТИРИЛМЕЙДИ

Түски шайдың мезгили жетсе де, атызда бой тасаламай, бас көтерместен пахта терип атырған Еллик­қала ра­йонындағы «Қылшынақ равнақи» фермер хожалығында ис қызғын еди.

Бес күнлик ялғаншы дүнья, таўсылмайтуғын үй жумысларын бир шетке жыйнас­тырған аўыл тур­ғынлары беллерине фартук байлап, тайда туяқ қалмай атызға шығыпты. Буның да өзине тән мәниси бар. Қуяш төбеде жарқырап, ашық-жарықта пахта тергенге не жетсин. Азанғы пайытлардағы пахта атызда қыймылдағанның денсаўлыққа пайдасы өз алдына.

Фермер хожалығы баслығы Рустем Уринов: ­ Түски шай ўақты болды. Өлшетиўге келиң, түстен кейинги мезгилде бар-ғо, демегенинде теримшилер елеберин тәрезиге жоламас еди. Дурыс-тә, терип тап­сыр­ған пахтасына алған пулын шаңарағы қазнасына түсирип, нобай пайда көргеннен соң пурсатты босқа жиберсин бе? Екинши терим болса да, Гүлбәҳәр Қурбанбаева қызы менен бес күнде бир ярым тоннадан асырып пахта терип, көпшиликти ҳайран қалдырды. Шәпик қоллы теримшилер, Д.Нурымбетова, З.Султанова, М.Назаровалар да алдынғы теримшини өкшелеп қуўып, оннан қалыспайын деп изинен қалмай киятыр.

Атыздағы байлықтың тийкары бәҳәрде 53 гектар майданға шигитти ерте араластырғанында. Нәл көгергеннен кейинги изли-изинен берилген тәрбия бүгинлиги  өз нәтийжесин бермей қалмады. Садағаң кетейин, басына болғандай ғорек салыпты. Енди, тек сепситпей терип алсаң болды, төккен маңлай терди де, төгин, жанар майға жумсалған қаржыны да еселеп қайтарады. Ҳаўа райы да дийқанға қарас­қаны, дийқанның жылы екенлигин дәлиллейди.

­ Ҳағынан келгенде, быйыл пахтаның жылы болды. Мине, соңғы үш күннен берли пахталарымыз қуяштан керекли ыссылығын алып шағырайып ашылып атыр. Дәслепки теримде аўылымыздан 100 ден аслам теримши атызға шығып шеп болмады. Аты екинши терим демесең, еле нобай пул алған теримшилер аз емес. Зүрәәт аңсатлықта қолға киргизилмейди. Сонлықтан да, оны сепситпей жыйнап алыў ҳәрдайым ядымызда, - деген фермер Рустем Уриновтың гәпине толық қосылдық.

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

Елликқала районы.

СҮЎРЕТТЕ: фермер Р.Уринов атыз басында.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF