Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:25:10, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХЫЗМЕТКЕРЛЕРГЕ ТАПСЫРМА БЕРИЎ ҲӘМ ОНЫҢ  ӘТИЙЖЕЛИЛИГИНЕ ЕРИСИЎ ЖОЛЛАРЫ

Хызметкерлерге тапсырма бериў ҳәм оның орынланыўына ерисиў басшы менен хызметкер арасында бир-бирине болған исенимге де байланыслы болады.

Мәселен, басшы хызметкерге тапсырма берип атырғанда оның өз ўазийпасына бол­ған жуўапкершилигине, сондай-ақ, берилип атырған тапсырманы орынлай алатуғынына исенимли болыўы тийис.

Сондай-ақ, тапсырма алып атырған хызметкер де бул тапсырманың сөзсиз орынланыўы тийислигин сезиниўи, бул ушын басшыда хызметкерди мәзи бәнтлеп қойыўға тапсырма берип атырмағанлығына исениўи тийис.

Исенимниң және бир жағдайы, ол хызметкерге исенсе бола ма, ол жоқ жерден дәлил  таўып, исти шала қылып, ямаса үзилиске түсирип алмай ма! Бул жүдә әҳмийетли нәрсе. Ондай хызметкерге екинши мәрте исеним билдирмей, оған ис буйырмай, жалқаўлыққа таслап қойыўға болмайды.

Усы жерде рустың атақлы педагоги А.С.Макаренконың «Педагогикалық поэма» шығармасындағы бир мысалды келтирип өтпекшимен.

Балалар үйинде бир урлықшы бала бар еди. Оған қанша бақырып кейиген менен урлық ислегенин қоймас, керисинше, биринен соң екиншисин даўам ете берди.

Макаренко бир күни оған қолына чек берип, банктен ақша алып келиўди буйырады. Сонша ақшаны алып қайтыўды исенип өзине тапсырғанға балада қандай да бир ҳадаллық сезим пайда болады. Ол ақшаның бир тийинин сепситпестен әкелип тапсырады.

Арадан бираз ўақыт өтип, устаз оны және де банктен пул алып қайтыўға жумсайды. Бала бул ретте де бир тийинға қылаплық етпейди.

Үшинши мәрте жумсап атырғанда:

— Устаз, мени неге бүйтип қыйнай бересиз, мен енди уры емеспен! - деп жылап жибереди.

Әлбетте, жас бала менен үлкен хызметкерди салыстырып болмайды. Лекин, инсан психологиясы бәри бир де өзине болған исенимди аяқ асты етиўге бармайды. Исенимди ақламаған, ҳәр дайым жалатайлық ететуғын хызметкерге усындай жүдә бир әҳмийетли жумыс тапсырып, оның нәтийжесин күтип отырсаң, әлбетте, ол сизди сөзге қалдырмаўға ҳәрекет етеди.

Сондай-ақ, берилген тапсырманың мүлтиксиз орынланыўын тәмийинлеўде қатаң талапшаңлық та керек. Сондай хызметкерлер болыўы мүмкин, ол сениң әпиўайы түсиндириўиңди, ямаса жүзине салып уялтыўыңды баҳалап билмейди. Әпиўайы бақырыс, кейислерден жуўмақ шығармайды. Бундай хызметкерлерге ҳәкимшилик шара көриўге туўра келеди. Егер биринши қолланған шара оған тәсир етпесе, екинши мәрте оннан қаталырақ шара көриледи. Бундайда тийисли тәртипте тапсырманы орынлай алмағаны ушын жазба түсиник алып, керек болса жергиликли кәсиплик аўқамы шөлкеминиң мәжилисине салып, қулласы, өзиниң айыпкер екенлигин дәлиллеп шара қолланыў керек.

Улыўма айтқанда, хызметкерлер менен ислесиў, оларға тапсырма бериў жоллары ҳәм оның орынланыўына ерисиў технологиясы қатып қалған қағыйда менен дәлилленбейди. Ол турмыста ҳәр қыйлы жағдайда өтиўи мүмкин. Сонлықтан, басшы ҳәр қандай жағдайдан унамлы түрде шыға алатуғын қәбилетке ийе болыўы тийис.

 

Жақсылық Нызанов,

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик

басқарыў акаде­миясы тыңлаўшысы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF