Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:40:51, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАБАРДЫ ЖӘРИЯЛАЎДЫҢ БЕЛГИЛЕНГЕН ТӘРТИБИ БУЗЫЛЫЎЫНЫҢ АҚЫБЕТЛЕРИ

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Хожалық суды Пленумының 2015-жыл 27-ноябрьде «Акционерлик ҳәм басқа хожалық жәмийетлери тәрепинен олар ҳаққында»ғы хабарды жәриялаўдың белгиленген тәртиби бузыл­ған ҳалда әмелге асырылған (қабыл етилген) питимлерди (қарарларды) ҳақыйқый емес деп табыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Пленум қарарында акционерлик ҳәм басқа хожалық жәмийетлери ­ қымбатлы қағазлар эмитентлериниң қарарлары, питимлери бойынша тартысып атыр­ғанда судлар тәрепинен хабарды жәриялаўға байланыслы талапларды нәзерде тутыўшы нызам ҳүжжетлери нормаларының қолланылыўы ҳаққында түсиник берилген.

Акционерлик ҳәм басқа хожалық жәмийетлери тәрепинен хабарды жәриялаўдың белгиленген тәртибиниң бузылғанлығы жәмийеттиң лаўазымлы шахсын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болып қалмастан, ҳәтте, ол нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайларда улыўма мәжилис қарары ҳәм яки болмаса жәмийет тәрепинен дүзилген питимди ҳақыйқый емес деп табыў сыяқлы ақыбетлерди де келтирип шығарыўы мүмкин.

Бундай жағдайда питим Пуқаралық кодексиниң 122-статьясына тийкар қәтелесиў нәтийжесинде дүзилгенлиги себепли ҳақыйқый емес деп табылады.

«Қымбат баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 44-статьясының сегизинши бөлимине тийкар егер эмитенттиң қымбат баҳалы қағазлары фонд биржасының листингине киргизилген болса, усы статьяда нәзерде тутылған хабарды миннетли түрде жәриялаў фонд биржасының рәсмий веб-сайтында әмелге асырылады.

Фонд биржасының листингине қымбат баҳалы қағазлары киргизилген эмитент пенен дүзилген питим фонд биржасының рәсмий веб-сайтында жайластырылған хабардың исенимсизлиги тийкарында ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Бул тийкар менен тек эмитенттиң қымбат баҳалы қағазлары алды-саттысы менен байланыслы питимлеры ҳақый­қый емес деп табылыўы мүмкин ҳәм бундай талапты тек усы питимниң тәрепи билдириўге ҳақылы.

«Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы 86-статья­сының биринши бөлимине тийкар аффилленген шахс жәмийет пенен питим дүзиўде ­ аффилленген екенлиги ҳаққында дүзилиўи күтилип атырған питим ҳаққындағы мағлыўматларды, соның менен бирге, питимде қатнасып атырған шахслар, питим предмети ҳаққындағы мағлыўматларды, тийисли шәртнаманың әҳмийетли шәртлерин анық көрсеткен ҳалда жазба билдириў жибериў арқалы жәмийетти хабардар етиўи шәрт.

Аффилленген шахс аффилленгенлиги ҳаққында жәмийетти хабардар етпеўи жәмийет тәрепинен атап өтилген Нызамда мәпдар болған питимлерди дүзиўге қойылған талапларға әмел етилмеўине алып келеди, бул болса бундай питимди ҳақыйқый емес деп табыў ушын тийкар болады.

«Жуўапкершилиги шекленген ҳәм де қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 43-статьясының биринши бөлимине көре дүзилиўинен жәмийет бақлаў кеңесиниң ағзасы, жәмийеттиң жеке басшылық тийкарындағы атқарыўшы уйымы ўазыйпасын әмелге асырыўшы шахс­лар, жәмийеттиң коллегиал атқарыўшы уйымы ағзасы мәпдар болған яки өз аффилленген шахслары менен биргеликте жәмийет қатнасыўшылары улыўма даўыслар санының жигирма ҳәм оннан артық процентине ийе болған жәмийет қатнасыўшысының мәпдарлығы болған питимлер жәмийет қатнасыўшылары улыўма мәжилисиниң разылығысыз жәмийет тәрепинен дүзилиўи мүмкин емес.

Дүзилиўинен мәпдарлық болған ҳәм атап өтилген Нызамның 43-статьясында нәзерде тутылған талаплар бузылған жағдайда дүзилген питим жәмийет яки оның қатнасыўшысының даўасы бо­йынша суд тәрепинен ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин.

Жуўмақлап айтқанда, усы категориядағы ислерди көриўде Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси, «Акционерлик жәмийетлер ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында», «Бухгалтерия есабы ҳаққында», «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында», «Қымбат баҳалы қағазлар базары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 2-июльдеги 176-санлы қарары менен тастыйықланған «Акционерлик жәмийетлердиң корпоратив веб-сайтларына қойылатуғын талаплар ҳаққында»ғы Реже, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2012-жыл 31-июльде 2383-саны менен дизимге алынған «Қымбат баҳалы қағазлар базарында хабар усыныў ҳәм жәриялаў қағыйдалары» ҳәм де усы Пленум талапларына әмел етиў ислерди өз ўақтында, дурыс ҳәм әдил шешиўге хызмет етеди.

 

С.НИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық суды судьясы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF