Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:49:17, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САПАЛЫ  БИЛИМ БЕРИЎ — ДӘЎИР  ТАЛАБЫ

Елимиздеги бәрше имканиятлар халқымыздың пәраўанлығы, келешегимиз бол­ған жаслардың тыянақлы билим алыўы, кәмил инсан сыпатында қәлиплесиўи ушын қаратылған.

Жасларымыздың руўхый жетиклигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәзирги педагогикалық технологиядан пайдаланып сабақлар өтиў оқыўшылардың дөретиўшилик ойларын, билим ҳәм көнликпелерин раўажландырады. Экологиялық тәрбия, ана тәбиятты сүйиў ҳәм оның инамларын көздиң қарашығындай сақлаў өсип киятырған жаслар қәлбинде шаңарақта, балалар бақшасында ҳәм мектепте тәлим-тәрбия бериў процесинде қәлиплесип барады. Туўылған жерге муҳаббат, ана тәбиятқа сүйиўшилик сезимлерин, тәбиятымыздың ҳайўанат ҳәм өсимликлер дүньясына қатнасын беккемлейди.

Усындай ибратлы жумысларды әмелге асырыў мақсетинде жақында Нөкис қалалық l2-санлы улыўма билим бериў мектебинде «География-экономика пән айлығы»ның қалалық жуўмақлаўшы фестивалы болып өтти. Бунда қаламыздың улыўма билим бериў мектеплеринен география-экономика пәни муғаллимлери қатнасты.

Пән айлықтың жуўмақлаўшы фестивалына Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлими методисти Маржан Ержанова, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети инспекторлары Альберт Қалбаев ҳәм Мийиргүл Досымбетовалар қатнасты ҳәм өз пикирлерин билдирди.

l2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң география пәни муғаллими Т.Сатбаевтың 9-класс оқыўшылары арасында «Дүнья халқы ҳәм оның динамикасы» атамасында ҳәзирги педагогикалық технологиядан пайдаланып сабақ өтиў усылы пән айлығына қатнасыўшылар арасында үлкен қызығыўшылық оятты. Буннан басқа да 4l-санлы ҳәм 2-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң муғаллимлери Т.Оспанов ҳәм Г.Мырзамуратовалардың сабақ бериў усылы ҳәм тәжирийбелерин үйрениў, қалалық мектеплер арасында ен жайдырыў алға мақсет етип қойылды. 

Илаж соңында кең түрде пикир алысыўлар, сәўбетлесиўлер, класстан тыс жумыслар шөлкемлестирилип, оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды ҳәм мектеп оқыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

Бахтыгүл БЕКПОЛАТОВА,

Нөкис қалалық 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң география пәни муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF