Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:50:40, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БОЗАТАЎЛЫ АНАЛАР ҲҮРМЕТКЕ БӨЛЕНДИ

«15-октябрь ­ Халықаралық аўыл ҳаял-қызлары күни» быйылғы жылы республикамызда биринши мәрте белгиленип атыр. Усы байрам мүнәсибети менен республикамыздың барлық орынларында болғаны сыяқлы «Шаңарағымыздың уйытқысы» атлы салтанатлы илаж Бозатаў районында да көтериңки руўхта белгилеп өтилди.

Аўыл хожалығы өнимлери ҳәм қолы гүл шебер қызларымыз тәрепинен таярланған үй буйымлары көргизбеси ҳәм спорттың волейбол түри бо­йынша өткерилген жарыс пенен басланған илаж райондағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде даўам етти. Онда район ҳәкими М.Қайпанов, район ҳәкиминиң орынбасары, районлық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы И.Палбекова, Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң депутаты П.Юсупов, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шарўа Р.Тәжимуратова, Г.Жуманиязовалар шығып сөйледи ҳәм  жыйналғанларды бул байрам менен қызғын қутлықлап, жумысларында табыслар тиледи. Буннан соң район ҳәкимлиги тәрепинен халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли мийнет ислеген бир қатар нураныйлар, тараў пидайылары Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Илаж соңында районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Ә.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF