Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:23:16, 08.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МӘМЛЕКЕТЛИК  ТИЛ  ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ НЫЗАМНЫҢ  ӘМЕЛДЕГИ  КӨРИНИСИ

Миллеттиң тийкарғы белгиси оның ана тили, сол себепли тилин жоғалтқан миллет өзлигин жоғалтқан есапланады. Тилдиң раўажланыўы жәмийеттиң раўажланыўы менен байланыслы болып, тил мәмлекет тәрепинен ҳуқықый қорғалғанда ғана ҳақыйқый орнына ерисиўи мүмкин. Кейинги жылларда социаллық тараўда алып барылып атырған реформалар, тийкарынан мәмлекетлик тил мәселесине итибардың күшейтилиўи халқымыздың кеўлиндеги әрманлардың иске асыўы болып есапланады.

2019-жыл 4-октябрьде «Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенлигиниң отыз жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында» Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының қабыл етилиўи пикиримиздиң ай­қын дәлили.

Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи тилдиң раўажланыўының ҳуқы­қый қорғалыўын тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болды. Республикамызда ғәрезсизлик жәрияланбастан алдын болған ең әҳмийетли тарийхый ўақыя, гүмансыз, бул ­ «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи еди.

1989-жыл 21-октябрь күни республикамыз халқының өтиниш-тилеклерине бола, «Мәмлекетлик тил ҳаққында» Нызам қабыл етилди. 1995-жыл 21-декабрьде болса, Нызам жаңа редакцияда жәрияланды. Бул Нызам бир тәрептен өзбек тилиниң ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеп, оның жетилисиўине ҳәм раўажланыўына кең имканият жаратып берген болса, екинши тәрептен, басқа миллет ўәкиллериниң тиллери менен байланыста болыў дәрежесин белгиледи ҳәм буған кепиллик берилди. 

Тийкарынан, Нызамның 3-статьясында: «Тилдиң Қарақалпақстан Республикасында әмел етилиўине байланыслы мәселелер, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының нызам ҳүжжетлери менен белгиленеди.

Пуқаралар миллетлер аралық байланыс тилин өз қәлеўлерине бола таңлаў ҳуқықына ийе» деп белгиленген.

Нызам барлық миллетлер ҳәм олардың тиллериниң тең ҳуқықлылығына тийкарланады. Қайсы бир миллет ўәкиллери тығыз жасайтуғын аймақта усы миллет тилиниң ҳәм мәмлекетлик тил менен тең ҳуқықта қолланыўда болыўы усы Нызам менен кепилленген.

«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам өзбек тилиниң орнын, абырайын беккемлеў ҳәм оны ҳуқықый қорғаў менен бирге миллетлердиң өз-ара тең ҳуқықлылығын тәмийинлеўге тийкарланғанлығы менен әҳмийетли. Нызамның соңғы 24-статьясында мәмлекетлик тилге ҳәм бас­қа тиллерге пуқаралардың мүнәсибети мәселесине айрықша итибар қаратылыпF «Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик тилге яки басқа тиллерге менсинбей яки қысыўмет пенен қараў қадаған етиледи. Пуқаралардың өз-ара қарым-қатнас, тәлим-тәрбия алыў тилин еркин таңлаў ҳуқықы әмелге асырылыўына тос­қынлық етиўши шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкер болады» деп көрсетилген.

Усы Нызамның биринши әҳмийетли тәрепи, атап өткенимиздей, өзбек тилиниң ҳәм Өзбекстандағы бас­қа миллет ўәкиллери тиллериниң әмелде болыў бийлигин ҳуқықый жақтан қорғаса, екинши тәрептен ҳәр жылы тил байрамы қарсаңында жәмийетшилик итибарын тил мәселелерине қаратыўға имкан жаратады.

Бәршеге мәлим, пуқаралар арасында тийкарғы қарым-қатнаста айырым түсинбеўшилик, натуўры аңлаў жағдайлары ушырайды. Өзбекстандағы тил жағдайын үйренип, буның бир қанша себеплерин көрсетиў мүмкин.

Бул өзбек тилиниң көп  диалектли екенлиги ҳәм аймақлық жаргонлардың лексика, грамматикалық жақтан ҳәм байланыс түрине бола кескин парқланыўы, стандарт әдебий тилдиң жәмийет зәрүрлигинен артта қалып атырғанлығы, оның жәмийет зәрүрлигине сәйкеслигин тәмийинлеўши ҳәм қадағалаўшы системаның жоқлығы; өзбек тилин үйрениў системасының аўызеки яки жазба түрдеги көнликпелерин пайда етиўге емес,  грамматикалық тәлим концепциясына тийкарланғанлығы; тил үйрениўде тәлим системасы емес, сыртқы әтирап тәсириниң күшлилиги; телевидение, радио, социаллық тармақлардың тилге мүнәсибетиниң қадағаланбаўы. Өзбек тилиниң мәмлекетлик тили сыпатындағы орнын нызам асты ҳүжжетлери менен ҳуқықый қорғалмағанлығын себеп етиўге болады.

Бул машқалалардың шешимин табыўда тилге жаңаша көзқарас талап етиледи. Буған байланыслы кең көлемли илимий излениўлер алып барыў, мәмлекетлик грантлар жәриялаў ҳәм олардың нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў арқалы иске асырыў мүмкин. Бүгинги жаслар тилимиздиң гөззаллығын, мәдениятын, тил байлығын жәмийет талапларынан келип шығып раўажландырып, келешек әўлад ўәкиллерине жеткизеди, деп беккем исенемиз.

 

Ф.БАБАЖАНОВ,

ҚМУ, Өзбек филоло­гиясы факультети деканы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF