Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:53:44, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРИЙХЫЙ  ҲҮЖЖЕТ ҲӘМ  ЕЛИМИЗДЕ ТИЛДИҢ  ЖАҒДАЙЫ

Ана тили ­ миллеттиң руўхы. Тил ­ мәмлекеттиң символы, мүлки. Тилди сақлаў ­ миллеттиң раўажланыўы. Өзбекстан Республикасы Конс­титуциясында мәмлекетлик тилдиң бийлиги ҳуқықый жақтан беккемлеп қойылған.

Өзбек тили ғәрезсиз мәмлекеттиң Герби, Байрағы ҳәм Гимни қатарында туратуғын, нызамлы жол менен қорғалатуғын муқаддес мәмлекетлик сим­волға айланды.

Усы жыл 4-октябрь күни Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенлигиниң 30 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жәрияланған еди.

Қарарда «Дүньядағы әййемги ҳәм бай тиллердиң бири бол­ған өзбек тили хал­қымыз ушын миллий өзлик ҳәм ғәрезсиз мәмлекетшилик тымсалы, бийбаҳа руўхый  байлық, мәмлекетимиздиң  жәмийетлик-сиясий, руўхый  раўажланыўында әҳмийетли орын ийелеп киятырған уллы қәдирият болып есапланады деп айрықша атап өтилди. Бул тарийхый ҳүжжетте өткен жыллар даўамында ана тилине беккем ҳуқықый тийкар жаратылып ҳәм жоқары бийликке ийе болғанлығы, ҳәзирги күнде өзбек тили турмысымыздың барлық тараўларында ­ мәмлекетлик ҳәм жәми­йетлик басқарыў, мәмлекетлер аралық мүнәсибетлер, илим-техника, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында белсене қолланылмақта, халықаралық минберлерден жаңлап атыр­ғанлығы атап өтилди.

«Өзбекстан раўажланыўының бүгинги жаңа бас­қышы ­ миллий раўажланыў дәўири талабынан келип шығып, ана тилимиздиң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў бо­йынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атыр­ғанлығы, атап айтқанда, соңғы жылларда Әлишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң шөлкемлестирилгенлиги ана тилимиздиң тарийхының тамыры терең екенлигин, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадр­ларды таярлаў бойынша ислерди жаңа басқышқа көтериў атап өтилди.

Мәмлекетимизде жаңадан шөлкемлестирилип, жумыс алып барып атырған Муҳаммад Ризо Огаҳий, Исҳоқхан Ибрат, Абдулла Қадирий, Ҳамид Әлимжан ҳәм Зульфия, Ибрайым Юсупов, Еркин Ваҳидов, Абдулла Арипов, Халима Худайбердиева, Муҳаммад Юсуф атындағы дөретиўшилик мектеплеринде ана тилине бағышланған руўхый-ағартыўшылық илажлардың өткерилиўи, сондай-ақ, барлық билимлендириў мәкемелеринде тил байрамына бағышланған әдебий кешелер ҳәм де жаңа китаплардың  презентациясы әмелге асырылсын, делинген Президент қарарында.

Усы қарарда 2l-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы көркем өнер сарайларында Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенине 30 жыл толыўына арналған салтанатлы байрам илажлары өткериледи.

Усы сәнеге бағышланған байрам илажлары мәмлекеттеги барлық қала ҳәм ра­йонларда болып өтеди. Улыўма билимлендириў мектеплери оқыў­шылары арасында өзбек тили темасында жазба жумыслар таңлаўы өткериледи. Елимиздеги театр ҳәм кинотеатрларда, мәденият сарайларында уллы данышпанлар ҳаққындағы спектакльлер, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер көрсетилиўи нәзерде тутылған.

«Өзбек тилиниң раўажланыўы ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери» темасында халықаралық илимий конференция ҳәм де «Өзбек филологиясының әҳмийетли мәселелери» темасында республикалық конференция өткериледи.

Мәмлекетимиздиң сырт елдеги елшиханалары ҳәм дипломатиялық ўәкилханаларында да өзбек тилине бағышланған байрам салтанатлары болып, «Өзбек тилиниң дослары» клублары шөлкемлестириледи.

Айрықша атап өтиўимиз тийис, бул оғада әҳмийетли ҳүжжет өткен отыз жыллық тарийхы даўамында туңғыш рет Президент қарары менен жәрияланыўы, миллий тилимизге болған итибардың және де өркенлеўи жасларымыздың ана тилине болған ҳүрметиниң раўажланыўында әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

Өзлериңизге мәлим, республикамызда ғәрезсизлик жәрия­ланбастан алдын жүз берген әҳмийетли тарийхый ўақыя «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи болғанлығын айрықша атап өтиў керек.

1989-жыл 21-октябрь күни республика халқының ерк-ықрарынан келип шығып, «Мәмлекетлик тил ҳаққында» Нызам қабылланды. 1995-жыл 21-декабрьде болса, Нызам тексти қайта редакцияланды. Усы Нызам бир тәрептен өзбек тилиниң ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеп, оның жетилисиўине ҳәм раўажланыўына кең имканият жаратып берген болса, екинши тәрептен, басқа миллет ўәкиллери тиллери менен байланыста болыў дәрежесин белгиледи ҳәм кепиллестирилди. 

«Мәмлекетлик тил ҳаққында» Нызам өзбек тилиниң абырайын беккемлеў ҳәм оны ҳуқықый қорғаўға алыў менен бирге миллетлердиң өз-ара тең ҳуқықлығын тәмийинлеў принципине тийкарланғанлығы менен әҳмийетли.

Бүгинги күни елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халықлар өз-ара татыўлықта жасап келмекте. Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде оқыў 7 тилде алып барылмақта. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы өз көрсетиўлерин 12 тилде алып барады. l0нан артық тилде газета-журналлар басып шығарылмақта. Мәмлекетимизде этникалық өзине тән өзгешеликти раўажландырыўда 137 миллий мәдений орай, 34 дослық жәмийетлери табыслы ислеп келмекте.  

«Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның ең әҳмийетли тәрепи, жоқарыда атап өткенимиздей, өзбек тилиниң ҳәм Өзбекстандағы басқа миллет ўәкиллериниң тиллериниң әмелде болыў бийлиги ҳуқықый жақтан кепилленсе, екинши тәрептен, ҳәр жылы тил байрамы қарсаңында жәмийетшиликтиң итибарын тил мәселесине қаратыўға имканият жаратылады.

 

 

Қуўандық ҚАДИРОВ,

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының жаслар

менен ислесиў бойынша проректоры,

филология илимлериниң кандидаты, доцент.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF