Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:19:16, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖИГЕРЛИ  ЖАС  ИС  БАСЫНДА

Қайыр-сақаўатлы алтын гүздиң гөззал тәбиятын тил менен тәрийплеп жеткере алмайсаң. Сарғыш түсли, алтын жапырақлы тораңғыллық, гүмис жапырақлар арасында қыраў жеген, қып-қызыл жийделик машшаўласып көринеди.

Бир-бирине тутасып кеткен пахтазарлықта терим пәти қызғын. Ийнине нышлы белин салған дийқанлар желпилдесе өскен бийдайларын суўғарыўдың талабында шел жағалап  жүр.

­ Пахтаны жақсы көргеним, ғореклер төмендеги шақаларындағыларынан баслап избе-из ашылар екен. Ерте бәҳәрде шигит еккен 41 гектар жеримизден шәртнама жобасындағы 21 цент­нерден 82,5 тонналық қырманды районымызда бириншилер қатары жараттық. Бар өним сепситпей жыйнап алынса және де 15-20 тонналық өним бар, - дейди дийқаншылыққа өткен жылдан баслап араласып атырған «Қудайберген-Фарангиз» фермер хожалығының баслығы Алымбай Ещанов.

­ Барлығы адамның ықласы менен табанлы мийнетине байланыслы. Пахташылықта бахтымды сынап көриў ушын өткен жылы егис айланысынан шығып баратырған 240 гектар жерди тендерден утып алдым. Пахта менен бийдайдан ҳәр жылы мол зүрәәт жетистирип киятырған Кәмил Юсуповты устаз тутып, өз тәжирийбелерин бөлисип барғаны жақсы нәтийже бермекте. Биринши гезекте киши машина-трактор паркимизди керекли механизм, әсбап-үскенелер менен толықтырып барыўға күш салынды. Мәселен, жыйын-терим мапазы алдынан терилген пахтаны қабыллаў пунктине иркинишсиз тасып жеткеретуғын 4 трактор тиркемесин алдық. Қыста да қарап жатпастан, атызларға дақылдың дәрманы болған жергиликли төгин шығарыўдағы мүшкилимиз жеңиллесетуғын болды. Аз суў талап ететуғын мол зүрәәтли «Султан» сортын таңлап, шигит егисин апрель айында байыттық. Бир тегис, толық нәл алыўдан  агротехникалық тәрбиясына айрықша итибар берилди. Жумыс көлеми адам қолы, техника жәрдеминде атқарылмақта. Бүгинги күнде  жерлерди егиске таярлаўдан баслап тәрбия, жы­йын-терим мапазында белсендилик көрсетип атырған механизатор, хожалық ағзаларынан Акбар ҳәм Айбек Атажановлар, ҳәр бири күнине 60-70 килограмм пахта терип жүрген шәпик қоллы теримшилеримизден Д.Ешназаров, В.Қаюпов, Қ.Қабулов, Ш.Айтмуратова, Б.Әўезмуратовалар басқаларға өрнек болмақта.

Сондай-ақ, азық-аўқатлық, от-жемлик егинлерден де дийдимиздегидей өним алдық. 21 гектар жердеги гүзлик бийдайдың тәрбиясына кирисилди, - деген ис басындағы жигерли жас Алымбай Ешановтың талпыныслары қуўандырды.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF