Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:39:48, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ САЙЛАЎ КОМИССИЯСЫНДА

Усы жыл 10-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Илажды республика Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров басқарып барды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериў бойынша округлик сайлаў комиссияларын дүзиў ҳаққындағы мәселе қаралды. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша республика Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары С.Қудайбергенов баянат жасады.

Қарақалпақстан Республикасы «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының 14 ҳәм 21-статьяларына муўапық, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң усынысларын қарап шығып, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы республика Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериў бо­йынша округлик  сайлаў комиссияларын дүзип, қурамларын тастыйықлаў ҳаққында қарар қабылланды.

***

Усы жыл 14-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы       Е.Джуманазаров ашты ҳәм алып барды. 

Мәжилисте сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикалық уйымлары тәрепинен сайлаўға қатнасыў ҳуқықын алыў ушын Орайлық сайлаў комиссиясына усынылған ҳүжжетлерин тексериўдиң жуўмақлары ҳаққындағы комиссия хаткери — экспертлик комиссияның баслығы Д.Абибуллаевтың баянаты тыңланды.

Бул бойынша билдирилген пикир-усыныслардан кейин сия­сий партиялардың Қарақалпақстан Республикалық уйымларының ҳәр бирине сайлаўда қатнасыў ҳуқықы берилди.

Яғный, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикалық уйымына, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Қарақалпақстан  Республикалық уйымына, Исбилерменлер ҳәрекети — Өзбекстан Либерал-демо­кратиялық партиясының Қарақалпақстан Республикалық  уйым­ына, Өзбекстан экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкемине, Өзбекстан Халық демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикалық уйымына 2019-жыл 22-декабрь күни өткерилетуғын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаўға қатнасыўға  рухсат  бериў бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Мәжилисте сайлаўды өткериўге байланыслы басқа да мәселелер көрип шығылды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў

комиссиясы жанындағы баспасөз орайы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF