Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:33:26, 05.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ДАТА ЖУРНАЛИСТИКА»: ЖАҢА УСЫЛЛАР, ЖАҢА ИЗЛЕНИСЛЕР

Нөкис қаласында 10-12-октябрь күнлери ЮНЕСКОның Ташкенттеги ўәкилханасының шөлкемлестириўинде Уллыбританияның Ташкент қаласындағы елшиханасы ҳәм Заманагөй журналистиканы раўажландырыў орайы менен биргеликте «Дата журналистика (Санлы мағлыўматларға тийкарланған журналистика)» атамасында республикамыз ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын 3 күнлик тренинг болып өтти.

Онда ЮНЕСКОның Ташкент ўәкилханасының тренери Эмиль Фахреев ҳәм менторы Хотам Абдураимовлар қатнасыўшыларға тренинг күн тәртибине киргизилген темалар бойынша көргизбели қураллар арқалы әмелий шынығыўлар менен сабақ өтти.

Тренингтиң биринши күнинде журналистика тараўына жаңадан енгизилген «Дата журналистика» термининиң мәниси, медиа өзлестириў ҳәм хабарды жеткериўдиң жаңа усыллары,  компьютердеги Excels бағдарламасында ислеўди үйрениў, тийкарғы көнликпелер, яғный, таблицалар дүзиў, фильтрлер ҳәм кейслер менен ислеў, мағлыўматлар дереклери, оларды қай жерден излеў кереклигиниң заманагөй усыллары жөнинде түсиниклер берилди. Ал, екинши күнинде болса, Гипотеза (шамалаў)ны қәлип­лестириў, мағлыўматлар менен ислеў басқышлары, жеке дата-сет дүзиў, сайлап алыў сыяқлы билимлер берилди.

Тренингтиң  үшинши күни визуализация, мағлыўматларды визиуализация етиўдиң қағыйдалары, бағдарламалары қатнасыўшыларға үйретилди.

Тренинг интерактив усылда өтти. Қатнасыўшылар топар­ларға бөлинип, әмелий шынығыўлар менен билимлерин жетилистирди, топланған тәжирийбелер менен өз-ара пикир алысты.

Усының менен тренинг өз жумысын жуўмақлады.

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF