Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:41:19, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МИЛЛИЙ ТИКЛАНИШ» ПАРТИЯСЫ БОЛАЖАҚ САЙЛАЎЛАРДА МҮНӘСИП ҚАТНАСАДЫ

Усы жыл 13-октябрь күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң алдында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларға таярлық шеңберинде «Бирмиз. Қолды қолға беремиз!» сүрени астында ғалабалық үгит-нәсият илажы болып өтти.

Партияның сайлаўалды бағдарламасын ҳәм мақсетлерин кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаўға бағышланған илажда пар­тияның  Орайлық Кеңеси, Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң басшылары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, партия белсендилери, студент-жаслар, көркем өнер ғайраткерлери, белгили спортшылар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң баслығы  Алишер Қадиров ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, «Жаңа Өзбекстан, жаңа сайлаў» сүрени астында өтетуғын быйылғы сайлаў ең дәслеп халқымыздың мәмлекетлик ҳәкимият уйым­лары хызметинде өзлериниң ўәкиллери арқалы  қатнасыў ушын Конституциямызда белгиленген ҳуқықларын әмелге асырыўында әҳмийетли демократиялық процесс болып табылады. Усы көзқарастан қарағанда «Миллий тикланиш» демократиялық пар­тия­сының тийкарғы мақсетлеринен бири  парламентти ҳақыйқый мәнисиндеги «халық үйи»не айландырыў болып табылады. «Инсан өзгерсе — жәмийет өзгереди» принципи  тийкарында халықтың социаллық-экономикалық машқалаларын үйрениў ҳәм оларды сапластырыў, билимлендириў менен тәрбия сапасының байланыслығын  тәмийинлеўге итибар қаратыў, миллий қәдириятларды халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўды өзиниң тийкарғы мақсети сыпатында белгилеген партия  парламентте ең көп депутатлық орынға ийе болыўды режелестирмекте.

«Бирмиз. Қолды қолға беремиз!» сүрени астындағы ғалабалық үгит-нәсият илажының И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң алдында өтип атырғаны тосыннан емес. «Саҳрадағы Лувр» атамасы менен жәҳәнге белгили бул музейди тамаша етиўге ҳәр жылы көплеп туристлер келеди. Сонлықтанда елимизде туризмди раўажландырыўды өзиниң баслы ўазыйпаларынан бири деп есаплайтуғын партия ушын бул символикалық мәниге ийе.

Партияның «Жаслар қанаты» белсендилери арнаўлы үскенеленген автобусларда кәрхана ҳәм мәкемелерде, жәмийетлик орынларда болып, үгит-нәсият илажларын алып барды. Ушырасыўларда сайлаў елимизде биринши мәрте халық­аралық стандартлар тийкарында қабыл етилген Сайлаў кодекси, усы тийкардағы Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаўлар ҳаққында»ғы Нызамы бойынша өткерилетуғынлығы, бунда ҳәр бир пуқараның өзиниң ерк-ықрарын билдириўи ушын толық кепиллик берилгенлиги атап өтилди. Орынларда сайлаў нызамшылығына байланыслы буклетлер тарқатылды ҳәм жас сүўретшилерлердиң сиясий мапазға бағышлан­ған мийнетлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди. Партия қатарына жаңадан қабыл етилгенлерге ағзалық гүўалықлары тапсырылды.

— Быйыл жаңаша тәризде өткерилиўи күтилип отырған сайлаўларға пар­тиямыз айрықша таярлық көрип атыр,-дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Жолдасбай Әбдижамилов. — Мақсетимиз бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды атқарыўда күшлерди бир­лес­тириў ҳәм сайлаўларда мүнәсип қатнасыў болып табылады...

Илаж республикамыз көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды. 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF