Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:00:30, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАСЛАНДЫЛАРДЫҢ КӨБЕЙИЎИНЕ ТИЙКАРҒЫ СЕБЕП

Бүгинги күни шығындылар машқаласы тек ғана Өзбекстанда ғана емес, ал, пүткил дүнья жүзин тәшўишке салмақта. Урбанизация процеси жеделлесип, қалалар кеңейип, халықтың саны өсип атырған пайытта ҳәм оның талабын қанаатландырыў ушын миллион түрдеги товарлар ислеп шығарылмақта.

Буларды қайта ислеў ҳәм олардың утилизациясы ең үлкен экологиялық машқалалардың бири. Статистикаға жүгинсек, дүнья жүзинде жасаўшы халықтың ҳәр бири орташа, улыўма көлемде бир жылда 300 килограмм шығынды таслайды. Олар ҳәр түрли қымбат баҳалы металлар, шийше ыдыслар, макулатура, пластик, жерге төгин болатуғын азық-аўқат өнимлериниң қалдықларынан ибарат. Олардың ишинде көплеп қәўипли шығындылардан батарейка ишиндеги сынап, флюорисцент лампалардағы фосфор-карбонатлар ҳәм турмыслық еритпелердеги зәрүрли химиялық элементлер, бояўлар, ағаш буйымларын сақлаў ушын ислетилетуғын ҳәрқыйлы химиялық қапламалар буған мысал болады.

Шығындылардың көбе­йиўине тийкарғы себеплердиң бири,    халқымыз ислететуғын буйымлардың мүддетиниң қысқалығы. Бир мәртели қағаз ҳәм пластик ыдыслар, кийимлер ҳәм бас­қа буйымлар. Шығындыларды қайта ислеў бүгинги заман талабы, әсиресе, бул машқала санааты раўажланып баратырған қалаларда оғада әҳмийетли. Үлкен қалалардың шығындысы қаланың сыртына алып тасланады. Ал, раўажланған мәмлекетлерде қайта ислетиўге жарамсыз материаллар биогаз, биоқуўатқа айландырылады. Жергиликли басқарыў ҳәм өзин-өзи тәмийинлеў Сан-Франциско университетиниң хызметкери Д.Мористиң пикирине көре, дүньяның ҳәр бир қаласы ири металл кәнине қарағанда көбирек металлға ийе.

Бүгинги күнниң мәселеси шығындыға шығарып тасланатуғын шәҳәр металын нәтийжели рәўиште қайта ислеў ҳәм қолланыўдан ибарат. Буларды қайта ислеў бирнеше есеге, электр энергиясы ҳәм суўдан пайдаланыўды кемейтеди.  Мәселен, алюминийди боксид орнына шығындыдан ажыратып алыў электр қуўатының сақланыўы ҳәм қоршаған орталықтың патасланыўын 95 процент кемейтеди. Макулатурадан қағаз алыў болса, тек ғана дарақларды кесилиўинен сақлап ғана қалмай, ал, электр қуўатының сақланыўын төрттен үш бөлекке кемейтеди. Мысалы, 1 тонна қағазды қайта ислеп шығарыўға оны ағаштан таярлаў ушын кететуғын суўдың ярымы жумсалады. Сондай-ақ, күнделикли ислетилетуғын буйымлардың мүддетин узайтыў, целлофан қалталар орнына таўардан тигилген қалталардан пайдаланыў, бир мәртелик ыдыслар қолланылыўын кемейтиў де шығындылардың көлемин кемейтиўге алып келеди.  Буннан тысқары, санаат буйымларын ислеп шығарыўға кететуғын қуўаттың қайта ислеп шығарыў нәтийжесинде кемейиўи бүгинги күни оғада әҳмийетли мәселе. Ыссыхана эффектиниң пайда болыўы ҳәм кислоталы жамғырлардың жаўыўының алдын алыўға жәрдем береди.

 

ШЫҒЫНДЫЛАР ОЗОН ҚАТЛАМЫН ЖЕМИРЕДИ

Шығындылар тиккелей озон қатламына унамсыз тәсир етиўин билесиз бе? Мәселен, биз пайдаланатуғын аэрозол ыдыслар (ҳаўа тазалаўшы, дезодорант ҳәм басқалар) қурамында стратосферада озонды жемиретуғын элементлер бар. Озон қатламының жемирилиўи адамларда рак кеселлигин келтирип шығаратуғыны мәлим. Шығындыларды қайта ислеў бүгинги күни усы машқаланың бир бөлегин болса да шешеди. Лекин, буны бир яки еки адам шеше алмайды. Бул мәселе мәмлекеттиң итибарында болыўы лазым. Жергиликли ҳәм миллий масштабта қабыл етилген қарар ең дәслеп бүгинги күни инсаниятқа тәшўиш салып атыр­ған глобал ықлым өзгерисиниң бир бөлеги болса да алыў, шығынды машқаласын шешиў, қосымша ыссылық энергиясын ислеп шығарыў имканиятын береди.

Тилекке қарсы, халықтың көпшилик бөлеги исленген шығындыдан таярланған буйымларды денсаўлыққа зыян деп биледи. Әйне усындай натуўры пикирлердиң қәлиплесиўи де шығындыны қайта ислеўге тосқынлық етеди. Бунда ҒХҚның роли күшли. Журналистлер глобаллық машқалаға айланып болған шығынды мәселесин көтериўи, оны қайта ислеў, металды қазып алыў яки қағаз таярлаўдың түри бираз арзанға түсиўи менен биргеликте ең дәслеп қоршаған орталықтың тазаланыўын, инсан саламатлығының жақсыланыўын, тәбийғый ресурслардың тежелиўин, планетамыздың өкпеси болған тоғайлар кесилиўииң алдын алыўын түсиндириўи лазым. Ең тийкарғысы, биз келешегимизди шығындылар қутысына таслап атырғанымызды умытпаўымыз тийис.

Неге шығындылар бар­ған сайын көбейип бар­мақта! Буның тийкарғы себеплериниң бири, жоқарыда атап өткенимиздей, пайдаланыў мүддети оғада қысқа буйымлардың көплеп ислеп шығарылыўы болып табылады. Буннан l00 жыл бурын дийқанлар өзлери ислеп шығарған өнимлерин қадақламай-ақ, қайта ислеўсиз дастурханға жеткерип берген. Тийкарғы шығынды органикалық характерде болып, жем таярлаў ҳәм төгин сыпатында ислетилген. Қалалардың кеңейиўи, оларда абаданлыққа умтылыў, бир мәрте ислетилетуғын буйымларға тезлик пенен өтиў, өнди­рис­тиң кеңейиўи, кең муғдарда әйне химиялық элементлерден исленген полиэтилен, пласт­масса шийшелердиң ислетилиўи усы машқаланы пайда етти. Шығынды ең әўеле раўажланған ҳәм раўажланып атырған мәмлекетлердиң машқаласы екенлиги бийкарға емес. Товарды сатыў ушын оны қадақлаў көп­шилик жағдайларда товар нырқын бирнеше есеге асырады. Сол ушын халықтың жан басына алынып атырған дәраматы үлкен әҳмийетке ийе.

Раўажланыўдан арқада қалып атырған мәмлекетлер халқының дәраматы төмен болғаны ушын сатып алынған буйымларды тежеп ислетиўге ҳәрекет етеди. Мәселен, елимиз халқы 1000 сумнан 200 сумын әйне товардың қадақланыўы ушын төлейди. Айырым товарлардың қадағы буннан да қымбат. Әлбетте, бул ҳаялларымыз ушын аўқат таярлаўда қолайлылық туўдырады ҳәм органикалық шығынды шығыў муғдарын кемейтеди. Бирақ, олардың қадағы қайта исленбейтуғын шығынды көлемин көбейтеди. Қадақланыўы ушын ислетилетуғын қағаз, оның ярымын қалған металл, пластик шийше қурайды. Бирақ, соңғы жылларда пластик жетекши орынға шықпақта. Ҳәзир тазалаў, азық-аўқат өнимлери, парфюмерия ҳәм басқа товарлардың қутылары дәстүрий қағаз ҳәм шийшеден пластикке өтпекте. Пластикти басқа материаллар менен қосылған ҳалында ислеп шығарыў оның жарамлылық мүддетин узайтады. Басқа материаллардан парқы, нур ҳәм бактериялар тәсиринде майдаланбайды. Оның жоқ болып кетиўи ушын еки жыл керек. Буннан тысқары, қадақтағы хлор бирикпелери атмосфераға шыққанда қуяш нурлары оннан хлор атомларының ажыралып шығыўына себепши болады. Хлор озон қатламын жемиретуғын химия­лық элементлердиң бири. Егер де оның атмосфераға шығып кетиў муғдары асса, жерге түсип атыр­ған ультрақызғылт нурларының көбейиўи нәтийжесинде тери ҳәм онкологиялық кеселликлери санының артыўына алып келиўи сөзсиз. Әйне пайытта биологиялық жақтан бөлекленетуғын пластик түрин ислеп шығарыў бо­йынша излениўлер алып барылмақта. Уллыбритания ҳәм Швейцарияда алып барылған излениўлер нәтийжесинде тәбийғый орталықта бөлекленетуғын пластик түри жаңадан ашылды. Бирақ, оны ислеп шығарыў қымбат болғанлығы ушын ҳәзирше товар ислеп шығарыўшыларда оған болған талап күшли емес. Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, соңғы жылларда үйде ислетилетуғын товарлардан шығып атыр­ған шығындылар ишинде адамлардың турмысына қәўиплиси 45 процентти қурайды. Тасланып атырған бундай шығындылар жер асты суўларын зәҳәрлейди, инсан саламатлығына қәўип салады. Буны есте сақлаған мақул.

 

У.МЫРЗАНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты

қорғаў комитетиниң хызметкери.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF