Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:25:26, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨРНЕКЛИ  АЛЫМҒА  АРНАЛДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде белгили илимпаз, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, профессор Аманбай Отаровтың 80 жыллық юбилей кешеси болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қорының баслығы Ш.Уснатдинов шығып сөйлеп, юбилярды қутлықлап, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ардақлы нураный» көкирек нышанын тапсырды. Сондай-ақ, кешеде А.Отаровты заманлас жора-жолдаслары, жақынлары, университет жәмәәти ҳәм шәкиртлери қутлықлап, алымның илим, билимлендириў тараўында еткен үлкен мийнетлерин атап өтти.

Аманбай Отаров 1939-жылы ҳәзирги Қанлыкөл районының «Киндик өзек» дийқан-фермер хожалығы аймағында туўылған. Ол орта мектепти табыслы тамамлағаннан соң, 1958-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының Физика-математика факультетине оқыўға кирип, оны 1963-жылы табыслы тамамлайды. Буннан соң, 1964-1965-жыллары усы институттың «Улыўма математика» кафедрасында оқытыўшы болып жумыс иследи. Ол 1966-1968-жыллары Киев университети Кибернетика факультетиниң «Есаплаў математикасы» кафедрасында илимий-изертлеўши болды. 1968-1971-жыллары сол жерде аспирантурада оқыды. Аспирантураны тамамлағаннан соң, ӨзРИА Қарақалпақстан филиалының тәбийғый илимлер Комплексли институтында киши илимий хызметкер лаўазымында иследи. 1974-жылы 8-январь күни Киев университети Кибернетика факультетиниң қәнигелестирилген илимий кеңесиниң мәжилисинде 01.01.07 — «Есаплаў математикасы» қәнигелиги бойынша  кандидатлық диссертациясын жақлап, математика илиминиң бул тараўы бойынша Қарақалпақстанда биринши илим кандидаты болды.

А.Отаров 1974-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының «Улыўма математика» кафедрасында дәслеп аға оқытыўшы, соңынан доцент лаўазымларында жумыс иследи. Оның басламасы менен 1976-жылы Нөкис мәмлекетлик университетинде «Есаплаў математикасы» кафедрасы шөлкемлестирилди. Ол 1976-1987, 1992-2000-жыллары усы кафедраның баслығы лаўазымында жемисли мийнет етти.

Илимпазға 1983-жылы доцент илимий атағы, ал, 1992-жылы «Есаплаў математикасы» кафедрасы  профессоры илимий атағы берилди. Ол 1989-1995-жыллары университеттиң илимий ислери бойынша проректоры, ал, 1995-1997-жыллары университеттиң экономика ҳәм математика факультетлериниң деканы лаўазымларында жумыс иследи.

Профессор А.Отаров университеттиң илимий ислери бойынша проректоры лаўазымында жумыс ислеген дәўиринде илимий-изертлеў жумысларының тез пәт пенен раўажланыўына, олардың көлеминиң кеңейиўине ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды көплеп таярлаў жумысларына салмақлы үлес қосты. Оның басламасы менен университетте 1992-жылы Қарақалпақ филологиясы бойынша кандидатлық диссертация, ал, 1993-жылы докторлық диссертация жақлайтуғын қәнигелестирилген илимий кеңеслер ашылды. Бул Қарақалпақстан илиминиң тарийхында ең ири ўақыялардың бири болды.

А.Отаров­ — өзиниң есаплаў математикасы тараўындағы көп санлы фундаменталь илимий мийнетлери менен илимий жәмийетшиликте аты белгили илимпаз. Ол 200 ден аслам илимий мақалалардың, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған сабақлықлар ҳәм оқыў әдебиятларының авторы.

Ол улыўма билим беретуғын мектеплерге ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған «Информатика ҳәм есаплаў техникасының тийкарлары», «Информатиканың ҳәм есаплаў техникасының тийкарларын үйрениў» ҳәм басқа да оқыў қуралларын рус ҳәм өзбек тиллеринен қарақалпақ тилине аўдарып, Қарақалпақстанда халық билимлендириў системасының да раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосты.

Профессор устаздың көп жыллық жемисли илимий-педагогикалық мийнетлери есапқа алынып, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бир неше ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Ал, 1993-жылы оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы берилди.

Аманбай аға өмирлик жолдасы Гүлсара Ахметова менен бирге 3 ул ҳәм 3 қызды тәрбиялап, камалға келтирди. Олар турмыстан өз орынларын таўып, өз алдына шаңарақ көтерип, халық хожалығының түрли тараўларында хызмет етип келмекте. Қызы Жамила әке жолын қуўып, Өзбекстан Миллий университетинде аспирантураны питкерип, физика-математика илимлериниң кандидаты илимий дәрежесине ийе болды. Ол ҳәзир университеттиң «Дифференциаллық теңлемелер» кафедрасында доцент лаўазымында табыслы жумыс ислеп атыр.

А.Отаров ҳәзирги ўақытта университеттиң «Әмелий математика» кафедрасында профессор лаўазымында жумыс ислеп, бай тәжирийбеге ҳәм фундаменталь билимге ийе болған зәбердес устаздың ҳәм алымның өмир жолы, жумыс тәжирийбеси, оның ис усылындағы ҳадаллық ҳәм пәклик, талапшаңлық ҳәм кишипейиллик пазыйлетлери бүгинги күни жасларға үлги болып киятыр.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТТЕ: кешеден көринис.

Б.ИБРАГИМОВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF