Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:33:54, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ХЫЗМЕТ ТҮРИ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын буннан былай да комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 2019-жыл 15-февральдағы қарары тийкарында 2019-жыл 14-август күнги Министрлер Кабинетиниң «Жер асты суўларына қудықларды қазыў ушын рухсатнама бериў бо­йынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2019-жыл 1-сентябрьден баслап юридикалық шахслар жер асты суўларына қудықларды қазыўға рухсатнама алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етиўи белгилеп қойылды. Бунда арза бериўши рухсатнама алыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди ямаса мәмлекетлик хызметлерден электрон түрде пайдаланыў ушын бирден-бир интерактив  мәмлекетлик хызметлер порталынан дизимнен өтеди. Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:

- жер асты суўларына қудықларды қазыў ушын буйыртпа бериўши менен арза бериўши ортасында дүзилген шәртнамасы ямаса келисимниң нусқасы;

- гидрогеологиялық жуўмақ;

- мәмлекетлик экологиялық экс­пертизасының унамлы жуўмағы;

- жер асты суўларына қудықларды қазыў ушын жойбар ҳүжжетлери;

- арза бериўшиниң техникалық имканиятлары ҳаққында мағлыўмат, бар болған үскенелердиң техникалық паспортларының нусқалары ямаса зәрүрли техника ҳәм үскенелерди ижараға алыў бойынша шәртнамасы нусқасы;

- арза бериўши тийисли қәнигениң (гидрогеолог) дипломы нусқасы.

Арзаға зәрүрли мағлыўматлар рәсмийлестирилип киргизилгеннен кейин арза бериўши оны өзиниң электрон санлы имзасы менен тастыйықлайды.

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ушын базалық есаплаў муғдарының 30 проценти муғдарында жыйым өндириледи.

Арза Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен Мәмлекетлик геология комитетине жиберилгеннен кейин 2 жумыс күни даўамында жер асты суўларына қудықларды қазыўдың мақсетке муўапықлығы үйренилип шығылады ҳәм гидрогеология кәрханаларына электрон түрде жибериледи.

Гидрогеология кәрханалары 3 жумыс күни даўамында таңланған жер майданы ҳәм усыныс етилген қудық конструкциясын үйренип шығады ҳәм үйрениў нәтийжесин тийисли жуўмақлар тийкарында таярлап, Мәмлекетлик геология комитетине электрон түрде жибереди.

Мәмлекетлик геология комитети гидрогеология кәрханалары тәрепинен таярланған мағлыўмат тийкарында бир жумыс күни даўамында рухсатнама бериў ямаса бериўди бийкар етиў бойынша жуўмақ таярлап,  14 код қойылған рухсатнаманы рәсмийлестиреди ҳәм оны өзиниң электрон санлы имзасы менен тастыйықлап, Мәмлекетлик хызметлер орайына жибереди.

 

Зайырбай ДЖУМАБАЕВ,

Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF