Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:06:40, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШЫҒЫНДЫЛАР БҮГИНГИ ҲӘМ ЕРТЕҢГИ КҮНИМИЗДИҢ ГЛОБАЛ МАШҚАЛАСЫ

Бүгин экология тараўында көп сөз болмақта. Экологиялық мәденият, пуқаралардың экологиялық санасын арттырыў бойынша үгит-нәсият жумыслары өз нәтийжесин көрсетип атыр ма?

Оқыў орынларында жасларға өткерилип атырған сабақлар, шаңарақтағы тәрбия, перзентлеримизди қоршаған орталыққа итибарлы болыў менен биргеликте инсанға тийисли пазыйлетлер, тәбиятты қорғаў, оны патасландырмаўға үйретип атыр ма!

Азанғы ўақытта қолында шығынды тола целлофан қалта көтерип алған ата баланың арқасынан баратырып, үйлердиң арқасынан ағып турған каналға жақынласқанда ата баласына бир қарап алды да, қолындағы шығындыны суўға таслап жиберди. Усы ўақыттың өзинде 7-8 жастағы бала ҳәм атасының қылған исин қайталады. «Ҳаў, уялмайсыз ба, шығындыларды суўға таслаўға! Еки адым жерде шығындыхана турыпты ғо» дегенимше қалдым. Ол болса баласын қолына услап алға қарап кетип қалды. Буған не дейсиз!

Тилекке қарсы, усындай жағдайларға ҳәр биримиз ҳәр күни гүўа боламыз. Күн ысып баслағанынан, суў бойларына адамлардың келиўи, жас ҳәм жасыүлкенлер суўға түсип, жаслар, балалар шомылатуғын каналдың асты шығындыға толы екенлигин көрип, айырым ўақытлары ашынып кетесең.

Пуқаралар шомылатуғын каналдың суўы түрли жуқпалы кеселликлердиң ошағы екенлигине гүман жоқ. Әлбетте, шығындылар машқаласы тек Өзбекстанда емес, бул пүткил дүньялық мәселе. Урбанизация процесинде қалалар үлке­йип, адам саны өсип баратырған ҳәм олардың талапларын қанаатландырыў ушын миллионлап түрли затлар ислеп шығарылып атырған бир ўақытта шығындыларды қайта ислеў ҳәм олардың утилизациясы ең үлкен экологиялық машқалалардың бири есапланады.

Шығындылар қурамында ҳәр қыйлы шийше қалдықлары, қағаз қалдықлары, полиэтилен өнимлери, текс­тиль, азық-аўқат ҳәм де түрли қалдықлардан ибарат болады. Олардың ишинде көплеп қәўипли шығындылар бар болып, истен шыққан ҳәр түрдеги батарейка, люминицент лампалар ишиндеги сынап элементлерин мысал етсек болады.

Шығындылардың көбе­йиўиниң және бир түри ­ пуқаралардың күнделикли пайдаланып атырған затларының пайдаланыў мүддетиниң қысқа екенлиги, бир мәртелик қағаз ҳәм пластик ыдыслар, кийимлер ҳәм бас­қа да затлар мысалында көриўимизге болады.

Шығындыларды қайта ислеп, екилемши өним ислеп шығарыў бүгинги күнде заман талабына айланбақта. Қәнигелердиң пикиринше, турмыслық шығындылар пүткил дүньяда арзан шийки зат есапланады. Раўаж­ланған мәмлекетлер тәжирийбеси шығындылардың 85 процентин қайта ислеў мүмкин екенлигин көрсетпекте. Айырым мәмлекетлерде шығындыларды түрлерине қарап жыйнаў системасы жолға қойылған. Нәтийжеде қағаз, пластик, шийше ҳәм өсимлик қалдықлары қайта ислеўге жибериледи. Бул экологиялық жағдайға өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди. Шығындыларды қайта ислеў энергия ҳәм шийки затларды сезилерли дәрежеде тежейди. Бул ҳаққында еле де кеңирек тоқтаўымыз тийис.

 

У.МЫРЗАНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған

орталықты қорғаў комитети хызметкери. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF