Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:28:47, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«САҲРАДАҒЫ ЛУВР»: ЖЕТИСКЕНЛИК ҲӘМ ЎАЗЫЙПАЛАР

Усы жыл 8-октябрь күни И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде соңғы жылларда әмелге асырылған өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке жеткериў, ғалаба хабар қураллары менен тығыз байланыс орнатыў мақсетинде  баспасөз әнжуманы болып өтти.

Музей директоры Гүлбәҳәр Изентаеваның атап өткениндей, елимиздиң тарийхын ҳәм өтмишин келешек әўладқа жеткериўде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды халқымызға ҳәм мийманларға жақыннан таныстырыўда жәмәәт тәрепинен айтарлықтай жумыслар алып барылмақта.

Дүнья экспертлери менен қәнигелериниң баҳалаўынша, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң коллекциясы Орайлық Азиядағы  ең жақсы көркем өнер топламларынан бири болып табылады. Сонлықтан да ол «Саҳрадағы Лувр» аты менен кеңнен белгили.

Музей өзиниң 100 мыңға шамалас бийбаҳа экспонатлары менен пүткил дүньядағы мәденият, көркем өнер тараўы ықласбентлерин өзине тартып келмекте.

Бул жерде соңғы жылларда көп ғана унамлы өзгерислер жүз бермекте. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен жыл сайын өткерилип киятырған «Жылдың ең жақсы музейи», «Жылдың ең жақсы көргизбеси», «Жылдың ең жақсы экскурсоводы», «Жылдың ең жақсы музей жанкүйери» ҳәм басқа да таңлаўларда жеңимпаз болып келмекте. Музей ҳаққында  «Сокровища Нукуса», «Саҳрадағы Лувр», «И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи», «Әсирлер аса мәңги илҳам», «Қарақалпақ нағыслаў өнери» атамаларында китап және каталоглар баспадан шықты.

Быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында музейге 81 мәмлекеттен 11774 турист келген болса, қаржы түсими 108 процентке орынланды. Өткен дәўирде 13 музейде ҳәм 7 көшпели көргизбе шөл­кемлестирилди. Музейге келиўшилерге қолайлылықлар жаратыў ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў мақсетинде усы жылдың июль айынан баслап музейде билетлер операциясының бирден-бир электрон системасы иске қосылды. Бул система билетлерди сатыў, есапқа алыў ҳәм тексериўге бағдарланған. Сондай-ақ, музей экспонатлары менен өз бетинше танысыў ҳәм мағлыўмат алыў ушын аудиогидлер ҳәм фонограмма иске түсирилди. Аудиогидлер музейдиң барлық бөлимлеринде экспонатлар ҳаққында 5 тилде (өзбек, рус, инглис, немис, француз) ҳәм жақын арада қарақалпақ тилинде толық мағлыўмат береди. Сондай-ақ, Интернет тармағы арқалы музейдиң еки имаратындағы экспозиция залларын виртуал тамашалаў имканияты жаратылған. Майыплығы болған шахслардың тамаша етиўи ушын арнаўлы арбаша ажыратылып, лифт иске түсирилди.

Бундай унамлы өзгерислер әлбетте, «Саҳрадағы Лувр», «Нөкис ғәзийнеси» атамалары менен дүньяға белгили бул музейдиң атын еле де танытыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Баспасөз әнжуманы даўамында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери музей басшылығынан келешекте әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында да кең түрде мағлыўматлар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF