Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:28:12, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАНСУРДЫҢ ШЕГИ 40 ЦЕНТНЕР

Ҳәзирги күнлери республикамыздың барлық аўыл-аймақларында гүзги жыйын-терим жумыслары қызғын алып барылып, алдынғы фермер хожалықлары мәмлекетке пахта тапсырыў шәртнамасын артығы менен орынлап шықпақта.

Усындай хожалықлар қатарында Әмиўдәрья районы, «Қадамбай-Полат» фермер хожалығы ағзаларын айтып өтсек арзыйды. Ерте бәҳәрде 33 гектар майданға шигит еккен хожалық дийқанлары агротехникалық қәделерге сай жазы бойы ислеген тәрбия жумысларының нәтийжесинде ел қырманына режедеги 73 тонна орнына 78 тонна пахта тапсырыўға еристи.

­ Республика ҳүкиметиниң фермерлерди қоллап-қуўатлаўы бойынша ислеп атырған ғамқорлығының нәтийжесинде жыйын-теримди ҳеш бир қыйыншылықсыз орынлап шығыўға еристик. Бунда ижарашыларымыз бенен бирге аўылымызда жумыссыз бос отырған пуқаралардың қосқан үлеси күтә жоқары болды. Буның ушын оларға шексиз миннетдаршылық билдирип, алдағы ўақытлары орташа зүрәәтлиликти 40 процентке жеткериўге ҳәрекет етемиз, - дейди тәжирийбели фермер Мансур Тажимов.

Әйне күнлери хожалықта пахта жыйын-терими менен бирге егилген гүзлик бийдайдың тәрбия жумыслары да талапқа сай алып барылмақта.

Ә.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF