Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:19:09, 08.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

Өз хабаршымыз Ө.ӨТЕЎЛИЕВ.

Қанлыкөл районынан хабарлайды.

МИЙНЕТЛЕРИНЕ ЫЛАЙЫҚ СЫЙЛЫ САЎҒА

Қанлыкөл районындағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, 41 жыл қатардағы электрик болып ислеген Дәўлетбай Бийсенбаевтың шаңарақ ағзалары қара мийнетлери менен күн көретуғыны ҳаққында жақсы сөзлер еситесең.

Өмирлик жолдасы Жийенгүл Ещанова оғыры мийнеткеш, тырысқақ, ул-қызларына нанын ҳадаллап жегизгендеги жақсы тәрбиясына бола аўызбиршиликли жасап, татыў турмыс кеширмекте. Үлги алғандай және бир тәрепи үш келинин үйине түскеннен соң жоқары оқыў орынларына оқытып, етеги толы ақлықларын қабақ шытпай бағыпты...

Онысыз да ҳәр жылы өз қәлеўи менен жақын дөгеректеги жәрдемге шақыратуғын фермерлердиң  жыйын-теримине қалыўсыз қатнасып жүргендеги жаңалықты дәслеп телевизордан еситип, ертеңине «қалпақлы радио» ар­қалы көшеме-көше жүрип хабарлағанда «10 күнде ең көп пахта терген шаңарақ — таңлаўы өткерилетуғынын биледи». Таңлаў үш аймақта болып, биринши басқышындағы жеңимпазға жеңил автомашина, қалғанларына қымбат баҳалы саўғалар берилери көзде тутылған. Теримге ылғаллы пәт ендириў ушын ислеп шығылған ҳүкиметлик илажды қоллап-қуўатлаў мақсетинде ул-қыз, келинлери менен ойласық қурады. «Машын алыў ушын пахта теремиз деген уят, бас байлығымыз саналған пахта жерде ағып жатса қалай ҳүжданымыз шыдайды. Терген пахтамыздың пулын ҳәр күни кеште үйлеримизге алып қайт­сақ, қосымша ақ май, басқа да саўғалар берсе артығы неге керек. Солайда болса, арқайынласпайық, бар күш-ғайратымызды салғанымыз мақул» деген ортақ бир шешимге келиседи. Өзлеринен басқа таңлаўға мәкан пуқаралар жыйынларынан Парахат Муратбеков ҳәм Шийрин Өтемуратовалардың да қосылғанларын биледи. Арнаўлы дүзилген комиссия ағзалары олар­ға биринши гезекте қолайлы теңдей шараятлар жаратып берген. Мол зүрәәтли Омар Садықовтың «Омар гарантагро» ҳәм З.Ещанов «Зүлфия қазаяқлы» фермер хожалықларынан еле адам изи түспеген атызлары дараў-ара ажыратылады. Азанғы саат 5 те арнаўлы машинада атызға апарып, кешки саат тоғызларда үйлерине әкелген. Белгиленген мүддет ишинде жарыс-таңлаўына еки келин, бир баласы менен қатнасыўшы Жийенгүл Ещанова ҳәптениң алтыншы ҳәм қала күнлери үйиндеги қоллары бос, ҳүкиметтиң жумысында ислейтуғын еки келини, еки баласын жәрдемге шақырады. Усылайынша шаңарақ ағзаларының күши менен 10 тонна 200 кг пахта терип, ҳәр бириниң күнлик көрсеткиши 209 кг туўра келгени ушын биринши орынды ийелейди. Екинши ҳәм үшинши орынларға Парахат Муратбеков пенен Шийрин Өтемуратовалар ылайық деп табыл­ған.

— Қудай берип, быйыл пахталарымыз болық. Бир минутта ўақтымызды босқа жибермей, шаршаў дегенди билместен тергенлеримизди жыйнап, тәрезиге өлшетиўге де үлгере алмай қалғанбыз,-дейди бизлер менен сөйлесиўге де ўақтын қыймайтуғын Жийенгүл үйренген әдети бойынша тумлы-тусын қармана баслайды.

— Ата-бабаларымыз «Мийнет түби рәҳәт» деп тегинге айтпаған. Республикамыз басшысы М.Ерниязов жеңимпаз болғанымыз ушын қайта-қайта рахметин айтып, қолларымызға «Спарк» машинасының гилтин тапсырғанда төбелеримиз көкке жеткендей қуўандық. Бир қызығы, үйдегилердиң ҳеш биринде айдаўшылық гүўалығы жоқ. Енди оқып алмақшы, деп мыйығынан күлип қойды.

Жақынларға шекем бул ийгиликли иске көзлериниң астынан қарап, жалқаўлығы басым қоңсы-қоба, аға­йин-туўғанлар, таңлаўдың әдил өткенлигине шек келтирместен, сана-сезимлериндеги ески түсиник көзқарасларынан ўаз кешип, «Пахта териў бизлердиң де қолларымыздан келеди, ғой» деген ойда, екинши он күнликтеде даўам ететуғын таңлаўға қатнасыў ушын тилек билдирискенлер көп болыпты... 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF