Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:01:43, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫ ЎАТАНСҮЙИЎШИЛИК РУЎХЫНДА ТӘРБИЯЛАЎДА ЖӘМЛЕСТИРГЕН  ИЛАЖ

Көпшиликке мәлим, усы жыл 19-мартта өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы социаллық, руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыў бо­йынша бес әҳмийетли басламаны алға қойған еди.

Бул ийгиликли басламаларды халық, әсиресе, жаслар арасында үгит-нәсиятлаў бо­йынша республикамызда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен усы жылдың 9-12-октябрь сәнелеринде республикамыздың барлық қала ҳәм районларында «Бес баслама ­ бес имканият» сүрени тийкарында жаслар фестивалын өткериў белгиленген еди. Өткен сәршемби күни усы фестивальдың дәслепки илажы Беруний районында шөлкемлестирилди. Оған Өзбекстан Жаслар аўқамы республикалық ҳәм районлық Кеңеслериниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қат­насты.

Дәслеп мийманларды район жаслары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери салтанатлы түрде күтип алды. Соңынан фестиваль шеңберинде өткерилетуғын илажларға старт берилип, жаслар марафоны менен басланып кетти.

Фестивальда  «Ўатан ­ мениң нәзеримде» сүўретлеў таңлаўы, спорттың көркем гимнастика ҳәм жүзиў түрлеринен жарыслар, сондай-ақ, «Мәлимлеме технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыў», «Исбилермен ҳаял», «Исбилерменлик сырлары», «Ўатан босағадан басланады» «Сиз сүйген қаҳраманлар», «Шаңарақ психологиясы» атамаларында семинар-тренинг ҳәм шеберлик сабақлары өткерилди.

Илаж шеңберинде Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Айшолпан Оразымбетова ра­йондағы 59 ҳәм 65-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде ушырасыў өткерип, оқыўшы-жаслар менен әдебият тараўына кирип келиўиндеги дәслепки қәдемлери, устазлары ҳәм жетискенликлери ҳаққында ортақласты. Буннан басқа, фестивальда жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған «Элпарвар» көркем фильми жыйналғанлар нәзерине усынылды. Қуўанарлысы, «Мен жумысқа орналастым» жойбары шеңберинде усы күнниң өзинде он бес ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленип, оларға мийнет дәптершелери тапсырылды.

Сондай-ақ, «Ҳәким ҳәм жаслар» жойбарында район ҳәкими Атабек Сапарбаев Жаслар орайында оқыўшы жаслар менен сәўбетлесип, Президентимиз алға қойған бес әҳмийетли басламаның жаслар турмысындағы орны ҳаққында айрықша тоқтап өтти. Бул жерде «Жас китап­қумар» таңлаўының ра­йонлық басқышында жеңимпаз болғанлар соңғы маркадағы планшет пенен сыйлықланды.

Илаж соңында фестиваль шеңберинде өткерилген бир қатар спорт жарыслары ҳәм таңлаўларда өз белсендилигин көрсеткен жасларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм  саўғалар тапсырыды.

Сол күнниң өзинде Елликқала, Төрткүл ҳәм Әмиўдәрья районларында да байрам илажлары шөлкемлестирилип, фестиваль Елликқала районының мәденият сарайында көркем өнер шеберлери тәрепинен таяр­ланған гала-концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Беруний районы.

 СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

 

Республикамыздың ең бир тәбияты гөззал, халқы миймандос болған Бозатаў районында ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық кеңеси ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Бес баслама — бес имканият» атамасындағы жаслар фестивалы район орайында салтанатлы жағдайда болып өтти.

Ерте азанда спорттың жуўырыў түринен марафон менен басланған фестиваль, «Ҳәким ҳәм жаслар» жойбары менен қыз­ғын даўам етти. Онда район ҳәкими М.Қайпанов шығып сөйлеп, республикамыз ҳәм район турмысында жүз берип атырған соңғы жаңалықлар ҳәм өзгерислер ҳаққында жыйналғанларға кең түрде айтып берди. Ра­йонның барлық аймақларынан басланғыш шөлкем жетекшилери ҳәм белсенди жаслар қатнас­қан ашық пикирлесиўде, олар өзлерин ойландырып жүрген мәселелер бойынша район ҳәкимине саўаллар берип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Сондай-ақ, фестиваль даўамында район жаслары Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Шахзада Базарбаева, аўыр атлетика бойынша Азия чемпионаты жеңимпазы Шахмардан Кемаловлар менен ушырасып, олар өзлериниң жетискенликлери ҳаққында аўыл жасларына айтып берип, өзлериниң  бул  бойынша баҳалы мәсләҳәтлерин берди.  Соның менен жаслар  «Ўатан мениң нәзеримде» атамасындағы жас қәлемкешлер таңлаўында, қызларды исбилерменликке тартыў мақсетинде өткерилген «Исбилерменлик сырлары» атлы шеберлик сабақлары, жас китапқумарлар арасында өткерилген «Мен оқыған китап» таңлаўында өзлериниң айрықша қәбилетлерин көрсетти.

Сол күни кешқурын ра­йонның орайлық спорт майданшасында усы жаслар фес­тивалының жуўмақларына бағышланған илаж болып өтип, онда район ҳәкими М.Қайпанов, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы дене тәрбия ҳәм спорт министри Ғ.Бай­ниязов, мәденият министри Қ.Тур­диев фестиваль даўамында өз белсендиликлерин көрсеткен ҳәм жеңимпазлықты қолға киргизген жасларға диплом ҳәм баҳалы естелик саўғаларын тапсырды.

Соң  белгили көркем өнер хызметкерлер тәрепинен таярланған гала концерт қойып берилди.

Усы атамадағы фестиваль Шымбай, Қараөзек, Кегейли ҳәм Тахтакөпир районларында да бөлып өтти.

 

Бозатаў районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF