Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:48:09, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚӘЎИПСИЗЛИК ҚАҒЫЙДАЛАРЫН САҚЛАЙЫҚ

Ҳүрметли пуқаралар! Үйиңизде жанып турған газ ҳәм электр әсбап-үскенелерин қараўсыз қалдырмаң. Насаз газ ҳәм электр әсбап-үскенелеринен пайдаланбаң.

Ысытыў печи ҳәм ошаққа от жағыў ушын бензин, керосин, солярка ҳәм басқа да тез жаныўшы затлардан пайдаланбаң. Газ горелкасы ҳәм ысытыў печьлериниң үстинде кийим кептирмең. Газ ошағына резина шланга жалғамаң. Ысытыў печиниң морыларын имараттың ағаш бөлиминен 1м2 ден кем болмаған узақлықта орнатың. Ысытыў печьлерин қатты қыздырып жибермең, олардың жанына мебель ҳәм басқа да тез жанатуғын буйымларды қоймаң. Стандарт емес ҳәм жасалма сақлағышлардан ҳәм де ўақтынша өткерилген электр сымлардан пайдаланбаң. Электр сымларының үзилген ҳәм истен шығарылған бөлекшелерин тез сазлаң яки алмас­тырың. Еки ҳәм оннан артық электр әсбапларын бир ўақыттың өзинде ислетпең. Жас балаларға ысытыў печи, газ горелкасы ҳәм ошақларын жағыўды буйырмаң. Олардың шырпы ҳәм өрт пенен ойнаўына жол қоймаң. Қазанда қыздырылып атырған майды қараўсыз қалдырмаң. Орында жатып темеки шекпең.

Жайдың басында яки шертеклерде сабан ҳәм басқа да тез жаныўшы затларды сақламаң. Үйден шығыўдан алдын газ ҳәм электр үскенелериниң өширилгенин тексерип көриң. Турақ жай алдындағы өрт өшириў автомобильлериниң өтиў жолларын жасалма тос­қынлықлар қойыў ҳәм өзбасымшалық пенен қосымша имаратларды қурыў қадаған етиледи. Жасалма насосларды газге пайдаланбаң. Өрт пайда болғанда тезлик пенен «101» телефон номери арқалы өрт қәўипсизлигине хабар бериң.

Ҳүрметли пуқаралар! Сизлерди турақ жайларыңыздағы электр ток сымларын ҳәм шығындыларды жағып қараўсыз қалдырмаўға ҳәм гүз-қыс мәўсиминде ыссылық қазанларыныздың морыларын ўақтында тазалап турыўыңызды ескертемиз.

Жоқарыдағы өрт қәўипсизлиги қағыйдаларының талапларына әмел етиўиңизди ҳәм ҳәмийше ядта тутыўыңызды сораймыз.

Қ.СЕЙТНАЗАРОВ,

Нөкис қалалық ӨҚБ инспекторы, лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF