Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:37:36, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАЗАҚСТАН  ДЕЛЕГАЦИЯСЫ РЕСПУБЛИКАМЫЗДА

Өзбекстанға Қазақстан Республикасы «Қубла» Регионал сәркардалығы сәркардасы, генерал-майор Қайдар Қарақулов басшылығындағы әскерий делегация рәсмий сапар менен келди.

Жақында Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ора­йында Өзбекстан Қорғаныў министрлиги Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы, полковник Дилшад Чариев Қазақстан әскерий делегациясын қабыл етти. Ушырасыў даўамында қорғаныў тараўында өзбек-қазақ бирге ислесиўиниң перспективалары додаланып, әскерий бағдарда өз-ара мәпдар бирге ислесиўди беккемлеў бойынша пикирлер алмасылды.

Полковник Дилшад Чариев мийманларды әскерий округтиң функция ҳәм ўазыйпалары менен таныстырып, оларға Қорғаныў министрлиги ушын әскерий қәнигелерди таярлаў системасы ҳәм де округ әскерий хызметкерлериниң республикалық ҳәм халық­аралық әскерий жарыслардағы жетискенликлери ҳаққында айтып берди. Сәўбет даўамында Өзбекстан тәрепинен Қазақстан әскерий хызметкерлери менен алдағы ўақытлары биргеликтеги әскерий машқыларды өткериў, әскерий өнер қәнигелери менен тренинглер ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў бойынша усыныслар берилди.

Рәсмий жыйналыстан кейин мийманлар Нөкис ҳәм Үргениш гарнизонларындағы әскерий бөлим ҳәм мәкемелер менен жақыннан танысты. Сапар даўамында әскерий хызметкерлердиң мини-полигонындағы әмелий шынығыўлар, хызмет атларын миниўди үйрениў бойынша машқылар көрсетилди. «Қубла» Регионал сәркардалығы сәркардасы тәрепинен ҳасылдар атларға жоқары баҳа берилди. Әскерий бөлимлердиң инфраструктурасы ҳәм де оқыў-материаллық база Қазақстан әскерий делегациясында тәсир қалдырды.

И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик музейи ҳәм Хийўадағы бийтәкирар ески қорған ­ Ийшанқала бойлап саяхат қазақстанлы кәсиплеслерде үлкен қызығыўшылық оятты.

Арқа-Батыс

әскерий округи баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF