Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:25:27, 08.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТОЙЛАРДЫ  АСПАЙ — САСПАЙ  ӨТКЕРЕЙИК

ОЛ, ШЕНСИЗ ДӘБДЕБЕ ҲӘМ ДАҢҚПАРАЗЛЫҚТЫ КӨТЕРМЕЙДИ

Той — өмир жарасығы. Турмысымызда болатуғын бахытлы, қуўанышлы мәўритлеримизди айрықша белгилеп, узақ жыллар еслеп жүретуғын кеўил хошлығымыз.

Ол, туўысқанлар арасындағы татыўлықты, дослар арасындағы сыйласықты, тамыр-таныс, қоңсы-қоба арасындағы аўызбиршиликти беккемлейтуғын, перзентлеримиздиң камалға келип, шаңарақ болған күнлерин көриўдей мақсет-  мурадымыз.

Дана халқымыз той бериўдиң, мереке-лазымның өмиримиздеги орнын жоқары баҳалап, оларды заманға қарай жаңалаў менен жетилистирип киятыр. Той-мерекелердиң усындай әҳмийетин, зәрүрлигин халқымыздың уллы ша­йыры Ибрайым Юсупов былайынша дәл айтып кеткен еди:

Дослар келди гүўлеп мен қуўанғанда,

Тост айтып, шадлы саз шалды да кетти.

Қуўанышымды берсем алмады сонда,

Ҳәммеси өзиме қалды да кетти.

 

Қайғы таўы қақ желкеден басқанда,

Дослар келди «муңайма, - деп ҳаслында».

Арзан деңгенени аяқласқандай,

Қайғымды бөлисип алды да кетти.

Бул өмирде қуўанышыңа шын кеўилден қосыла қуўанатуғын, қайғыдан жүрегиңе шөккен аўыр тасты жибитип, жеңиллететуғын адамлардың болғаны не деген бахыт! Тойға жайнап-жаснап келип, дийдар көрисиўлери, шадықуррамлықта ойын-заўыққа түсиўлери, бул — өмиримиз безеклери-ғой.

Азат, еркин мәмлекет қурып, халқының басы бос, жағасы пүтин болып, тыныш-татыўлықта жасап атырған елдеги той-мерекениң пайызы өз алдына. Бүгинги күни оларды салт-дәстүрлеримиздиң миллий қәдириятларына малындырып ҳәм оны заманагөйлик пенен қарыстырыў ушын жоқары технологияның ең соңғы жетискенликлеринен арқайын пайдаланыў арқалы, халқымыздың түрли қатлам ўәкиллериниң де ҳәўесин келтирип, кеўлинен шығатуғындай етип өткерип атырмыз. Қәлесек, кейинги перзентлеримиз ушын естелик боларлықтай етип, электрон «тас баспаларға» жайғастырып, кино-концерт бағдарламасына айландырамыз.

Булардың бәри де дурыс, бирақ, соңғы ўақытлары той-мереке, лазымларды өткериў бойынша халқымыз арасында, әсиресе, тойларды өткериўдиң түрлери ҳәм шөлкемлестирилиўи бойынша бир қанша келиспеўшилик, наразылықлар пайда болды. Бир қатар ўатанласларымыз заманымыздың жақсылығы, еркинлиги, мәмлекетимиз жаратып берген шараятлар арқалы тапқан байлығын халыққа бажырайтып көрсетиў мақсетинде тойларды өрескил көп шығынлар менен ҳәммени ҳайран қалдырып, өз туўысқанлары, дослары ҳәм қоңсы-қобаларынан жеке артықмашлығын көрсетиў ушын, әдеп-икрамлылықтың ҳеш бир нормасына сыймайтуғын етип өткерип баслады. Бул, дәслебинде ҳәўес етерликтей көрингени менен изин-ала жарыспаққа, дәбдебепазлықтан даңқпаразлыққа айланып, басқаларды бассыныў, өзин жәмийеттен жоқары тутып, бөлеклениў, көпшиликтиң намысына тийиў ҳәм кемситиўлерге алып келмекте. Олар, тойларына түрли жақтан, қос-қослап артистлер шақырыў, олардың үстилерине буўат-буўат пул, соңғы ўақытта АҚШ долларларын шашыў, адамлар мәс ҳалында ортаға шығып, бул пулларды басқылаў, шет-шебирден келип оларды талампай етиў, таласыў, қыран-пышақ болыў, жеңил минезли қосықшыларымыз ҳәм басқалар буны нағыз жигитшилик, жоқары мәденияттың, мәртликтиң белгиси санап, ендиги баратуғын тойларына гонарар баҳасын көтерип, ақша шашалмаған, сондай етип той бермегенлерди кемситип, үстилеринен күлиў усаған жарамсыз әдетлер ғаўлап тарқала баслады. Қатар-қурбыларының усылайынша өтип атырған тойларын көрген айырым ул-қызларымыз өз ата-аналарының алдына талаплар қойып, жаман нәрсениң туқымы көп болады дегендей, бундай турпайы қылықлар жуғып, тез ен жайып атыр. Жас көкиреклер өзлерин қорланған, қатарынан төмен санап, шаңарақта жәнжел ҳәм оннан да жаман нәрселер жүз берип атырғанлары да бар.

Сондай,  өрескил шенсиз тойларда келиншекти әкелетуғын «Лимузин» машинаның изинде 20, 25 я ақ, яки қара, бәри бирдей реңдеги «Каптива», «Маливу» жеңил машиналары бир эшёлон болып көшелерди байлап таслайды, ишлерине қарасаң адам жоқ, боп-бос, тек маба, даңқпаразлық ушын дизилисип жүреди. Ҳәр бириниң бир саатқа алатуғын хызмет ҳақы анаў-мынаў адамның бир айлығы, оны жигирма беске көбейтсең жүрегиң суўлайды. Бундай тойларда булардан басқа да, биз еле көрмеген, билмеген, сырт еллердеги магнатлардың ақылға уғрас келмейтуғын, бизиң миллий менталитетимизге пүткиллей жат, жасы үлкен, жасы киши, ер ҳәм ҳаял, ҳәтте тәрбиялы, әдеп-икрамлы жаслар да уялып, төмен қарайтуғын, турпайы үрп-әдетлерди енгизип атыр. Еле келин болып түсетуғын үйине барып, есигин атлап көрмеген қәйин атасы менен ортада қол усласып ойнаў қусаған, ҳәзир бәрин дизип айтқан менен көпшилик исенбейтуғын, халқымызға пүткиллей жат, миллион-миллион артықмаш шығынлар кететуғын, дәстүр дегенге жақынласпайтуғын қылықлар исленеди. Буларды — байлығын көрсетип ҳәммени лал қалдырыў, басқаларды бассыныў, даңқын шығарып, халықтан артық адам болып көриниў ушын ислейди.

Халықтың арасында алаўызлық, жарыспаққа айланып, айрықша байлар, жарлылар, төменшиклер деген қатламды пайда етип, елде бирликти, тыныш-татыў өмирди бузыўға әкелетуғын бундай тойлар ҳаққында, бир жылға шамаласты, адамлар өз наразылықларын, орынларда жәми­йетшилик өз пикирлерин билдирип киятыр, бирақ, бул аўҳал азғана тоқтағаны менен қайтадан ҳәўиж алып кетти. Буған реал баҳа берген ҳүкимет, елимиз басшылары араласыўға мәжбүр болды.

2019-жылдың  14-сентябри күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы менен Сенатының қоспа қарары шықты.  Қарарда тойларды тәртипли, ҳәрқандай ғәрезли нийет пенен дәбдебеге, даңқпаразлыққа берилмей, артықмаш шығынларсыз, тойдағы ойын-заўықты да орны менен, шени менен өткериўге мәсләҳәт ҳәм көрсетпе берип, тәртипке шақыратуғын жәмәәтлик кеңеслери дүзиледи. Той бериўши өзиниң жақсы нийети ҳаққында мәкан кеңес басшыларына хабарлап, олар өз гезегинде сол жердеги участкалық милиция инспекторын, той өтип болғанша тынышлықты сақлаўға көз-қулақ болыўға миннетлеп, мерекениң аман-есен тарқаўына ғамқорлық қылады.

Халықтың денсаўлығын сақлаўға айрықша итибар қаратылған. Той өтетуғын ресторан, жәмийетлик асханалардың усындай мереке өткериўге лицензиясы, оның аспазлары қәнигели, гигиена талапларына жуўап беретуғын адамлар болыўы, ал, тойға хызмет ететуғын жеңил машина ийелериниң де жуўапкершилиги күшейтилип, олар да лицензиялы, адамлардың қәўипсизлигин сақлаў бойынша жуўапкершиликти мойнына алған айдаўшылар болыўы керек. Ондай машиналар саны, ресторанларда тойлардың түнги саат 23 ке дейин өтиўлери белгиленип, ҳәрқандай мереке ҳәм оған байланыслы хызметлер жақын әтираптағы пуқараларымыздың тынышлығын бузбаўы усаған, көп ғана адамгершиликли мәселелер белгиленген. Бир сөз бенен айтқанда, булардың барлығы халқымыздың миллий дәстүрлерин, әдеп-икрамлылық нормаларын сақлаў арқалы елдеги тыныш-татыў өмирди турақлы сақлаў, адамлардың өз-ара сыйласығы, мәденияты, әсирлер бойы сыналған миллий үрп-әдетлериниң сап ҳалында сақланыўы ушын исленип атырған илажлар. Той-мәресимлердиң усылайынша жоқары адамгершиликке сай өтиўи ушын орынлардағы «Нураный», «Мәҳәлле», ҳаял-қызлар комитетлери, жаслар аўқамы ҳәм «Оила» илимий-әмелий шөлкемлериниң алдына халық пенен сөйлесиў, оларға үгит-нәсият ҳәм кеңеслер бериў менен бирге, унамсыз ўақыяларды сапластырып, социаллық теңлик ҳәм әдилликти сақлаў тапсырылған. Қабыл етилген қоспа қарарда ҳәмме нәрсе халықтың мәпи, тыныш-татыўлығын сақлаў, дәстүрлеримизди мәдениятлы, инсаныйлық пазыйлетлерге бай етиўге қаратылған.

Той ҳәм мәресимлерди өткериўди услайынша жаңалап, байытып барайық.

 

Шарап УСНАТДИНОВ,

«Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлими Кеңеси баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF