Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:07:33, 08.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ЖИГИРМА СЕГИЗИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

 Усы жыл 8-октябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы болып өтти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, минис­трликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў  уйымларының басшылары  ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Атап өтилгениндей, усы жылдың декабрь айында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм ра­йонлық Кеңеслерине сайлаўлар болып өтеди. Елимиздиң сиясий турмысында үлкен әҳмийетке ийе бол­ған сайлаў нызамшылығы тәртиплестирилип, Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси, усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.

Қабыл етилген Кодекс ҳәм Нызам бойынша пуқаралардың сайлаў ҳуқықларына байланыслы бир қатар өзгерислер киргизилди. Атап айтқанда, сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин жүргизиў системасы  енгизилип, еркинен айырыў орынларында сақланып атырған аўыр ҳәм жүдә аўыр  түрдеги жынаятларды ислемеген шахслар сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болды. Сайлаў комиссиялары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын  көрип шығыў тәртиби енгизилди. Әсиресе, участкалық сайлаў комиссиялары жайлас­қан имаратларда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының байрақлары менен герблерин орнатыў Нызам менен белгиленди.

Бәршемизге мәлим, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен 20-сентябрь күни сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланды.  Бүгинги күнге қала ҳәм ра­йонларымызда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 8, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 65, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 425 сайлаў округи дүзилмекте. Сондай-ақ, сайлаў комиссияларының ағзалары ушын олардың сайлаў нызамшылығы бойынша билимлерин жетилистириў және ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде орынларда семинар-тренинг­лер өткерилмекте.

Бүгинги күнге усы илажларға қатнасып атырған 45 оқытыўшы-тренердиң ис ҳақылары ушын жергиликли бюджеттен 270 миллион сум қаржы ажыратылды. Соның менен қатар белгиленген кесте тийкарында 23-октябрьге шекем қала ҳәм районларда сайлаў участкаларын дүзиў белгиленген.

Бүгинги күнге 622 орында сайлаў өткериў бойынша дәслепки дислокациялар ислеп шығылмақта. Усы тийкарда 538 улыўма билим бериў мектебинде, 49 кәсип-өнер колледжи менен академиялық лицейде, 3 пуқаралар жыйынының имаратында, 4 денсаўлықты сақлаў мәкемесинде, 7 жоқары оқыў орнында, 25 басқа кәрхана ҳәм шөлкемлерде өткериў күтилмекте. Сонлықтан да, сайлаў өткерилетуғын орынларды абаданластырыў, жылытыў системалары менен тәмийинлеў, жолларды оңлаў сыяқлы жумыслар көрип шығылып, анықлан­ған кемшиликлерди тез күнлер ишинде сапластырыў нәзерде тутылды.

Сессияда республикамыз аймағында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына сайлаў өткериўши округлик сайлаў комиссияларының қурамы бойынша усыныс бериў мәселеси көрип шығылды. Олий Мажлис Нызамшылық  палатасына депутатлар сайлаў бо­йынша 8 сайлаў округи шөлкемлестирилмекте. Бул сайлаў округлери Нөкис қаласында, Төрткүл, Әмиўдәрья, Хожели, Шымбай, Қоңырат, Елликқала ҳәм Нөкис районларында дүзилмекте. Ҳәр бир округлик сайлаў комиссиясы 11 ағза қурамында дүзилмекте. Илажда округлик сайлаў комиссияларының баслықлары, баслықтың орынбасарлары,  хаткерлери ҳәм ағзалары таныстырылды ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин күн тәртибинде  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-декабрьдеги «Жергиликли ҳәкимият уйымларының финанслық еркинлигин  арттырыў, жергиликли бюджетлерге түсимлердиң  толықлығын тәмийинлеў бойынша салық ҳәм финанс уйымларының жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўы туўралы мәселе көрип шығылды.

Усы Пәрманның 2-бәнтинде  Министрлер Кеңеси Баслығының  экономика ҳәм инвестиция мәселелери бойынша орынбасарларының, финанс министри ҳәм салық басқармасы баслығының есабатларын тыңлаў белгиленген. Сондай-ақ, тийисли тараў басшыларының есабатларын жергиликли  Кеңес сессияларында тыңлап барыў көрсетип өтилген. Бирақ, айырым халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен бул мәселеге жетерли итибар қаратылмай киятырғанлығы сынға алынды.  Соның менен бирге, бюджет түсимлерин орынлаў, исбилерменликти раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын алып келиў бойынша да кемшиликлерге жол қойылмақта.

Соны да айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң басшылығында исбилерменликти раўажландырыў бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде, бюджет дәраматларын арттырыў ушын исбилерменлик  субъектлерин өткен жылға салыс­тырғанда еки есеге арттырыў бойынша тапсырма берилген еди. Деген менен бул реже қала ҳәм айырым районларымызда орынланбай келмекте. Сондай-ақ, 19 процент исбилерменлик субъектиниң  ҳәрекетсиз турыўына жол қойылмақта. Сырт ел инвестицияларын туўрыдан-туўры тартыў бойынша  январь-сентябрь айларына белгиленген реже 108 процентке орынлан­ған бир пайытта, қала ҳәм айырым районларымызда бул көрсеткиш төмен болып қалмақта.

Аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў, бюджет дәраматлары базасын арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў туўралы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов баянат жасады.  Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық  басқармасының баслығы Қ.Халмуратов, Финанс министри М.Содиқов шығып сөйледи. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судының баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының талапларына муўапық Камал Махсетбаевич Тарихов Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судының баслығы етип тайынланды ҳәм ти­йисли қарар қабыл етилди.

Республика Пуқаралық ислери бойынша судының баслығы Камал Тарихов шығып сөйлеп, халық ўәкиллери тәрепинен билдирилип атырған исеними ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм бундай жуўапкерли ўазыйпаны атқарыўда өзиниң күш-жигерин, билимин ҳәм тәжирийбесин жумсайтуғынын атап өтти. 

Сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген ти­йисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF