Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:15:02, 22.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫ ­ БАСЛЫ ИТИБАРДА

Балалардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў және олардың бәркамал әўлад болып жетилисиўин тәмийинлеў бағдарындағы жумыстың институ­ционаллық ҳәм ҳуқықый тийкарларын түпкиликли жетилис­тириў зәрүрлиги барған сайын артып баратырғанлығын есапқа алып, усы жыл 22-апрельде Президентимиздиң «Бала ҳуқықлары кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бул қарарда балалардың мәмлекетлик уйымларға тиккелей мүрәжатларын толық көрип шығыў кепилликке алынатуғыны ҳәм бала толық қарым-қатнас жасаў уқыбына ийе емеслиги себеплери менен бул түрдеги мүрәжатларды көрмей қалдырыўға жол қойылмайтуғыны белгилеп қойылмақта.

Сондай-ақ, он сегиз жасқа толмағанларға алимент төлеў ҳаққында ата-ана арасында келисим болмағанда ямаса алимент ықтыярлы түрде төленбегенде ҳәм ата-анасынан биреўи де алимент өндириў ҳаққында судқа мүрәжат етпеген жағдайларда 14 жасқа толған бала өзиниң тәмийнаты ушын бир ўақыттың өзинде ата-ананың екеўинен нызамда белгиленген муғдарда алимент өндириў ҳаққында даўа қозғаўға ҳақылы екенлиги атап өтилген. Қарарда бул талаплар мәмлекетимизде бала ҳуқықларын толық тәмийинлеў менен бирге суд уйым­лары алдына да қосымша жуўапкершилик жүклейтуғынлығы анық.

Және де атап өтиў орынлы, қарарда балаларды қорғаў мақсетинде судларға арза менен мүрәжат еткен даўагер мәмлекетлик бажы ҳәм басқа да төлемлерди төлеўден азат етилетуғынлығы елимизде бала ҳуқықларын қорғаўға қаратылған айрықша итибардың айқын көриниси болмақта. Шаңарақта баланың мәплерине тийисли ҳәр қандай мәселе шешилип атырғанда, сондай-ақ, ҳәр қандай суд додалаўына ямаса ҳәкимшилик додалаў ўақтында бала өз пикирин билдириўге ҳақылы екенлиги, онда қарар қабыл етиўге ўәкилликли уйымлар (шахслар) баланың мәпине ти­йисли мәселени шешиўде ақылға уғрас ҳәм еркин пикирлеў қәбилетине ийе баланың пикирин, оның жасына қарамастан әҳмийетли фактор сыпатында көрип шығыўы және баланың ең тийкарғы мәплерин нәзерде тутатуғын қарар қабыл етилиўи шәрт екенлиги де белгиленбекте.

Қарарда өз сәўлелениўин тап­қан жаңалықлар қатарында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (Омбудсман) орынбасары ­ Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил лаўазымы енгизилиўи, 2019-жыл 1-сентябрьден Өзбекстан Республикасында ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын неке жасын он сегиз жас етип белгилениўи де елимизде жасаўшы ҳеш бир инсанды бийпарқ қалдырмайды.

Жуўмақластырып айтқанда, бул қарар тийкарында мәмлекетимизде бала ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша және бир әҳмийетли ҳуқықый тийкар жаратылды.

 

 

С.ПИРНАЗАРОВА,

Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлими баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF