Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:53:55, 08.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ «МӘМЛЕКЕТЛИК ТИЛ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ НЫЗАМЫ ҚАБЫЛ ЕТИЛГЕНИНИҢ ОТЫЗ ЖЫЛЛЫҒЫН КЕҢНЕН БЕЛГИЛЕЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Дүньядағы ески ҳәм бай тиллердиң бири болған өзбек тили хал­қымыз ушын миллий өзлик ҳәм ғәрезсиз мәмлекетшилик тымсалы, бийбаҳа руўхый байлық, мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий, руўхый раўажланыўында әҳмийетли орын ийелеп киятырған уллы қәдирият болып есапланады.

2019-жыл 21-октябрь күни Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенине отыз жыл толады. Бул тарийхый ҳүжжетке бола өткен жыллар даўамында ана тилимиз беккем ҳуқықый тийкар ҳәм жоқары статусқа ийе болды. Ҳәзирги күнде өзбек тили турмысымыздың барлық салаларында — мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, мәмлекетлераралық қатнасықлар, илим, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында жедел қолланылмақта, халықаралық минберлерден емин-еркин жаңламақта.

Өзбекстан раўажланыўының бүгинги жаңа басқышы — миллий раўажланыў дәўири талапларынан келип шығып, ана тилимиздиң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кейинги жылларда Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң шөл­кемлестирилгени ана тилимиздиң тарийхый тамырларын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў және қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа көтерди.

Аймақларда белгили ойшыл ҳәм жазыўшыларымыздың атлары менен аталған дөретиўшилик мектеплериниң қурылыўы бул жолдағы және бир әҳмийетли қәдем болды.

Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң руўхый тийкарларын беккемлеў, халқымыз, бәринен бурын жас әўладты миллий қәдириятларымыз­ға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўда өзбек тилиниң әҳмийети барған сайын артып атыр­ғанын есапқа алып ҳәм Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенлигиниң отыз жыллығын мүнәсип түрде белгилеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң усы жылдың октябрь айында Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығын мәмлекетимизде кеңнен белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
  2. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы 1-қосымшаға;

Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығы мүнәсибети менен өткерилетуғын ғалабалық руўхый-ағартыўшылық илажлардың бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп аталады) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Шөлкемлестириў комитети (А.Арипов):

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм жуўапкер министрликлер ҳәм уйым­лар менен биргеликте Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың пуқта таярлық көриў тийкарында, жоқары дәрежеде өткерилиўин тәмийинлесин;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласындағы барлық қала ҳәм районларда байрам илажларын шөлкемлестирсин;

улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында өзбек тили темасында шығармалар таңлаўын өткерсин;

мәмлекетимиздеги театрлар ҳәм кинотеатрларда, мәденият сарайларында уллы ойшылларымыз ҳаққындағы спектакльлер, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлердиң көрсетилиўин шөлкемлестирсин;

«Өзбек тилиниң раўажланыўы ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция ҳәм «Өзбек филологиясының әҳмийетли мәселелери» темасында республикалық конференциясын өткерсин;

өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшы, уллы ойшыл шайырымыз Әлийшер Наўайыға Ташкент қаласындағы Миллий бағда, сондай-ақ, ўәлаят ҳәм қалаларда орнатылған ҳәйкеллерге гүл қойыў мәресимин шөлкемлестирсин;

мәмлекетимиздиң сырт елдеги елшиханалары ҳәм дипломатиялық ўәкилханаларында өзбек тилине бағышланған байрам илажларын өткерсин ҳәм «Өзбек тилиниң дослары» клубларын дүзсин;

мәмлекетимизде жаңадан шөлкемлестирилип, жумыс алып барып атырған Муҳаммад Ризо Огаҳий, Исҳоқхон Ибрат, Абдулла Қадирий, Ҳамид Әлимжан ҳәм Зулфия, Ибрайым Юсупов, Эркин Вохидов, Абдулла Арипов, Халима Худайбердиева, Муҳаммад Юсуф атындағы дөретиўшилик мектеплеринде ана-тилине бағышланған руўхый-ағартыўшылық илажларды өткерсин;

аймақларда тил байрамына бағышланған әдебий-ағартыўшылық кешелер ҳәм жаңа китаплардың презентациясын әмелге асырсын;

21-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы көркем өнер сарайларында Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажларын шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығын белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериўге байланыслы қәрежетлер Қарақалпақстан Республикасының республикалық бюджети, ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлери дәраматларының арттырып орынланған бөлегинен, сондай-ақ, қәўендерлик қайырқомлықларының есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң отыз жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  3. Усы Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ари­повқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының баслығы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 4-октябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF