Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:53:22, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ӨНЕРМЕНТШИЛИК ФЕСТИВАЛЫН ӨТКЕРИП БАРЫЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жылларда мәмлекетимизде ески ҳәм бай тарийхымыз, миллий өзлигимиз, қайталанбас қәдирият ҳәм дәстүрлеримиздиң тымсалы бол­ған халық әмелий көркем өнерин раўажландырыў, өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, усы бағдарда халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм усы тийкарда Өзбекстанның бул тараўдағы үлкен потенциалы ҳәм имканиятларын дүньяға көрсетиў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги ўақытта өнерментшилик көркем өнери халқымыздың күнделикли турмысынан барған сайын беккем орын ийелемекте. Мәмлекетимизде ҳәр жылы бул бағдарда жүзден аслам фестиваль ҳәм ярмаркалар, саўда көргизбелери ҳәм бас­қа да илажлардың өткерилип атырғаны да усыннан дәрек береди.

Шаҳрисабзда мақам, Термизде бақсышылық көркем өнерине бағышланған халықаралық фестивальлар, Бухара қаласында «Пилле ҳәм татымлықлар», Марғиланда «Атлас байрамы» әнжуманларын өткерип киятырғаны, оларда дүньяның көплеген мәмлекетлеринен мәденият ҳәм көркем өнер үлгилери, бул бағдарда өзиниң илимий жумыслары, әмелий жумысы менен танылған илимпазлар ҳәм қәнигелердиң қатнасып атырғаны дыққатқа ылайық болып табылады.

Быйыл 10-15-сентябрь күнлери Қоқанд қаласында ЮНЕСКОның қәўендерлигинде биринши Халық­аралық өнерментшилик фестивалы өткерилгени, Жәҳән өнерментлер шөлкеми тәрепинен бул қалаға «Жәҳән өнерментлер қаласы» статусы берилгени өзбек халық әмелий көркем өнериниң халықаралық көлемдеги жоқары абырайға ийе болды.

Жәҳән халық әмелий көркем өнерин, оның ажыралмас бөлеги болған өзбек миллий өнерментшилигин қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған мине усындай ийгиликли жумыслар усы бийбаҳа байлықты келешек әўладларға толық жеткериў, бул жолдағы ис-ҳәрекет ҳәм имканиятларымызды бирлестириўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтиў керек.

Мине усы факторлардың барлығын итибарға алып ҳәм мәмлекетимизде халық әмелий көркем өнерин раўажландырыў, оның миллий қәдириятларымыздың даўамлылығын қәстерлеп-сақлаў, оларды кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы орны және әҳмийетин буннан былай да арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы, Мәденият министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Көркем өнер академиясы ҳәм Ферғана ўәлая­ты ҳәкимлигиниң ҳәр еки жылда бир мәрте сентябрь айында Қоқанд қаласында Халықаралық өнерментшилик фестивалын (ке­йинги орынларда — фестиваль) ҳәм фестиваль шеңберинде «Өнерментшилик ҳәм халық әмелий көркем өнерин раўажландырыў перспективалары» темасындағы илимий-әмелий конференцияны (кейинги орынларда — Илимий-әмелий конференция) өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Төмендегилер:

а) фестивальдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Өзбекстанның миллий өнермент­шилик дәстүрлерин даўам еттириў, өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бай мәдений мийрасты дүнья жәмийетшилиги арасында үгит-нәсиятлаў ҳәм сол арқалы жәҳәндеги түрли миллий мәденият ҳәм қәдириятларды жақынластырыў;

миллий өнерментшилик ҳәм халық әмелий көркем өнер тараўының халықаралық абырай-итибарын беккемлеў, «Қоқанд — Жәҳән өнерментшилик қаласы» брендин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм мәмлекетимиздиң туристлик потенциалын арт­тырыў;

жер жүзилик халық әмелий көркем өнерин қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў, усы бийбаҳа байлықты келешек әўладқа толық жеткериў ҳәм бул жолдағы ис-ҳәрекет ҳәм имканиятларды бирлестириў;

жасларды ҳәр тәреплеме бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў, олардың заманагөй билимлер менен бирге, халық әмелий көркем өнериниң теориялық ҳәм әмелий тәреплерин пуқта ийелеўи ушын кеңнен имканиятлар жаратыў;

б) илимий-әмелий конферен­цияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

өнерментшилик тараўындағы маш­қалаларды сырт ел илимпазлары, эксперт ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында додалаў ҳәм бул бағдарда теориялық ҳәм әмелий тәжирийбе алмасыў;

өнерментшилик бағдарында  пайдаланылмай атырған имканият ҳәм ресурсларды анықлап, тараўды раўажландырыў перспективаларын белгилеў;

өнерментшилик тараўында мәдений ҳәм тарийхый жақтан терең излениўлер алып барыў, илимий-әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў және әмелге асырылып атырған изертлеўлердиң нәтийжелерин ғалаба ен жайдырыў.

  1. Фестиваль ҳәм илимий-әмелий конференция өткерилетуғын жылдың январь айында Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы, Мәденият министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Көркем өнер академиясы ҳәм Ферғана ўәлая­ты ҳәкимлигиниң усыныслары тийкарында усы илажларды өткериўге байланыслы болған шөлкемлестириў илажларын нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилетуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте:

а) фестиваль ҳәм илимий-әмелий конференцияны өткериўге байланыслы илажларға мүнәсип таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша мәнзилли «жол картасын» ти­йисли жыл февраль айында ислеп шығып, әмелге асырыў системасын енгизсин;

б) фестивальға талантлы өнерментлер ҳәм қәбилетли жасларды тартыў мақсетинде «Мен Қоқандқа бараман» сүрени астында еки бас­қыштан ибарат төмендеги көргизбе ҳәм таңлаўларды шөлкемлестирсин:

биринши басқыш — район (қала)лар бойынша фестиваль ҳәм илимий-әмелий конференция өткерилетуғын жылдың апрель айында;

екинши басқыш — Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бойынша фестиваль ҳәм илимий-әмелий конференция өткерилетуғын жылдың июнь айын­да.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадио­компаниясы:

Саўда-санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте фестиваль ҳәм илимий-әмелий конференция өткерилетуғын жылдың февраль айында усы илажлардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў бойынша илажларды ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаўды;

тастыйықланған илажлар тийкарында фестиваль ҳәм илимий-әмелий конференцияны өткериўге таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша әмелге асырылып атыр­ған жумысларды жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында турақлы сәўлелендирип барыўды тәмийинлесин.

  1. Төмендеги басшы ҳәм жуўапкерлерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов — фестиваль ҳәм илимий-әмелий конференцияны шөлкемлестириў ҳәм өткериў бо­йынша нәзерде тутылған ўазыйпалардың өз ўақтында және сапалы орынланыўын тәмийинлеў;

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы (А.Икрамов), Мәденият министрлиги (Б.Сайфуллаев), Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (А.Аккулов) — илажлардың бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм оларды үш ай алдын туристлик шөлкемлерге усыныў ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы ҳәм социаллық тармақларға жайластырыў;

Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги (Ш.Ғаниев) — Қоқанд қаласында кең көлемдеги абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў, фестиваль ҳәм илимий-әмелий конференция өткерилетуғын майдан менен аймақларды талап дәрежесинде таярлаўды тәмийинлеў;

Өзбекстан Республикасы Ту­ризм­ди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (А.Аккулов), Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги (Ш.Ғаниев) — фестиваль ҳәм илимий-әмелий конференция қатнасыўшылары ҳәм мийманлар ушын мийманханалардан орын ажыратыў илажларын көриў;

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги (Б.Сайфуллаев), Саўда-санаат палатасы (А.Икрамов) — илажлардың салтанатлы ашылыў мәресимин шөлкемлестириўшилик ҳәм көркемлик жақтан ҳәр тәреплеме пуқта таярлаў ушын жоқары профессионал шеберлик ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарист ҳәм режиссёрлар, уста өнерментлер, сахна художниклери, талантлы жас көркем өнер шеберлерин кеңнен тартыўды тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. «Өзбеккино» миллий агентлиги Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте фес­тивальды үгит-нәсиятлайтуғын қысқа ҳәм толық метражлы ҳүжжетли фильмлерди ислеп шықсын ҳәм олардың көрсетилиўин шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қурылыс министрлиги, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги Марғилан ҳәм Қоқанд қалаларын 2020-2022-жылларда комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша бағдарламада 2021-жылда фестивальды жоқары дәрежеде өткериўге байланыслы болған барлық зәрүр инфраструктуралық объектлерди, соның ишинде, заманагөй мийманхананың қурылысын есапқа алсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы өнерментшилик тараўын буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы ҳуқықый базаны беккемлеў мақсетинде, үш ай мүддетте тәжирийбели өнерментлерди тартқан ҳалда, сырт ел тәжирийбесин үйренип, Өзбекстан Республикасының «Өнерментшилик жумысы ҳаққында»ғы нызамын қабыл етиў бойынша анық усыныслар ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ари­повқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Гулямовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 3-октябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF