Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:56:49, 07.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЛДЫНҒЫ ФЕРМЕРГЕ «КОБАЛЬТ»

Халық хожалығының барлық тараўларында бириншилер қатарында болыўға әдетленген әмиўдәрьялылар аўыл хожалығында да жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.

Мәмлекетке пилле ҳәм ғәлле тапсырыў режелерин артығы менен орынлаған район фермерлери усы күнлерде және шекти ийелеў алдында тур. Район пахтакешлериниң жыл даўамында ислеген пидайы мийнетлериниң нәтийжесинде мол зүрәәт жетистирилди. Жыйын-терим жумысларының шөлкемлескенлик пенен алып барылыўы нәтийжесинде район фермерлери елимиздиң бәлент «ақ алтын» қырманына өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосып, усы күнге шекем режедеги 32 мың 250 тонна пахтаның 28 мың тоннадан асламын жыйнап-терип алып, контрактация шәртнамасын 90 проценттен асырды.

Бүгин районның қайсы атызына бармаң, қызғын мийнет процесиниң гүўасы боласыз. Район бойынша фермер хожалықларының 7 мың 700 ге жақын бөлип алып ислеўшилери ҳәм 13 мың 900 ге жақын басламашы, ықтыярлы теримшилердиң күш-ғайраты менен бәлент пахта қырманлары қәд көтермекте.

Мине усындай алдынғы фермерлерди ҳәм теримшилерди хошаметлеў мақсетинде дерлик ҳәр күни илажлар, ушырасыўлар ҳәм концерт бағдарламалары шөлкемлестирилмекте. 6-октябрь күни усындай илаж шөлкемлестирилип, оған районның «Толқын», «Күйик көпир» аўыллары ҳәм «Намуна» мәҳәллесинде жыйын-терим жумысларына қатнасып атыр­ған фермерлер, алдынғы теримшилер мирәт етилди. Илажға район ҳәкими Султанбай Йўлдашев қатнасып, пахта жыйын-теримине қатнасып атырған теримшилер менен көмекшилерге миннетдаршылық билдирди. Алдынғы теримшилер қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Аймақта ең жоқары көрсеткишке ерискен «Сәрдар суўшы» фермер хожалығының баслығы Орынбай Матякубовқа болса район ҳәкимлиги тәрепинен «Кобальт» автомашинасы саўға етилди.

Бундай хошаметлер ҳәм терим пулларының өз ўақтында берип барылыўы жыйын-терим жумысларының күн сайын қызып, ис өниминиң артыўына себеп болмақта.

Ғ.ЕШНИЯЗОВ,

Әмиўдәрья районы.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF