Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:02:20, 06.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АНА  СҮТИ — НӘРЕСТЕ ДЕНСАЎЛЫҒЫНЫҢ  ГИРЕЎИ

Нәрестени ана сүти менен бағыў ­ бул оның организминиң дурыс раўажланыўының ҳәм саламатлығының тийкары болып табылады.

1991-жылы ЮНИСЕФ ҳәм Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ВОЗ) менен биргеликте «Балаға мийримли қатнас» жойбарын ислеп шықты. Оған муўапық, баланы көкирек сүти менен емизиў бойынша 11 қәдемди әмелиятқа енгизиў нәзерде тутылған. Олардың ишине көкирек сүти менен емизиў бойынша бир қатар әмелий, шөлкемлестириўшилик, түсиндириў илажлары киргизилди.

Ана сүтиниң абзаллықларына келетуғын болсақ, булар оғада үлкен әҳмийетке ийе. Ең бириншиден, ана сүти нәрес­те ушын толық тойымлы азық болып, соның менен бирге, тез сиңимли ҳәм жеңил аўқат болып есапланады. Көкирек сүтин турақлы қабыллаў нәрестени иш өтиў, аллергиялық кеселликлерден қорғаўға жәрдем береди. Ана сүтинде нәрес­тениң дурыс өсип раўажланыўы ушын керекли бир қатар минераллар, азықлық затлар бар. Ана сүтин емип өскен баланың эмоционаллық ҳәм психикалық саламатлығы беккем болады, оның келешекте интеллектуаллық дәрежеси жоқары болыўына унамлы тәсир етеди.

Көкирек сүти менен емизиў ананың денсаўлығына да пайдалы. Баланы емизиў оның туўыўдан кейин өз күшин тез қайта тиклеўге жәрдем береди. Турақлы түрде емизиў көкирек рак кеселлигиниң алдын алады. Ең қызықлысы, көкиректен емизиў ананың өз нәрестеси менен эмоционаллық байланысының орнаўына жақсы жол қояды. Бундай байланыс ертеңги күни баланың жас өспиримлик кризис дәўиринде унамлы роль ойнаўы сөзсиз.

Көкиректен емизиўдиң ҳәтте жәмийетке де белгили бир дәрежеде пайдасы бар, себеби, еметуғын балаларға медициналық шығынлар аз сарпланады, яғный, жасалма түрде азықландырылатуғын балаларға қарағанда олар аз кеселленеди. Шаңарақ өз қәрежетлерин ҳәрқыйлы шийшелерге ҳәм сорғышларға жумсамайды ҳ.т.б.

ВОЗдың мағлыўматларына қарағанда, егер де көкирек сүти менен емизиў ғалабалық тәризде ен жайғанда, ҳәр жылы 820 000 ға шамалас нәрестелердиң өмирин сақлап қалыў мүмкиншилиги жаратылар еди. Ҳәзирги ўақытта жасы алты айға шекемги нәрестелердиң тек 40 проценти ғана көкирек сүти менен азықланады.

«Көкирек сүти баланың руўхын толтырады» деген гәп бар. Ертеңги келешегимиз болған ул-қызларымызды мәнаўий ҳәм физикалық жақтан жетик тәрбиялаўды нәрестелик ўақыттан баслаў дыққатқа ылайық. Бунда, әлбетте, көкирек сүти менен емизиў шешиўши орынды тутады. Буны аналар ҳасла умытпаўы тийис.

С.ЕРЕЖЕПОВА,

жоқары категориялы шыпакер-неонатолог.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF