Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:34:15, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ МЕКТЕПТЕН ТЫС БИЛИМЛЕНДИРИЎДИҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН АРТТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Физикалық жақтан саламат, руўхый жетик, еркин  пикирлейтуғын, терең билим ҳәм заманагөй дүньятанымға ийе Ўатанымыздың тәғдири ҳәм келешеги ушын жуўапкершиликти өз мойнына алатуғын бәркамал жас әўладты тәрбиялаў ҳәм камалға келтириў ушын мәмлекетимизде кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, жаслардың тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратыўға қаратылған комплексли илажларды өз ишине алған бес басламаны әмелиятқа енгизиў, республикамызда жедел пәтлер менен әмелге асырылып атырған жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да тараўлардағы реформалар өсип киятырған әўладтың талантын және де раўажландырыў, жоқары қәнигели кадрларды таярлаў, елимиздиң раўажланыў жолында олардың белсене қатнасын тәмийинлеўди бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгилемекте.

Халық билимлендириў системасындағы мектептен тыс билимлендириўдиң нәтйижелилигин буннан былай да арттырыў, оқыўшы-жасларда жоқары руўхый пазыйлетлерди жетилистириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, кәсип-өнерге бағдарлаў арқалы бийғәрез турмыс­қа таярлаў, интеллектуал бәркамал әўладты тәрбиялаў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-сентябрьдеги «Халық билимлендириў системасына басқарыўдың жаңа принциплерин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3931-санлы қарарына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлериниң:

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң қарамағындағы техникалық дөретиўшилик, көркем дөретиўшилик, үлкетаныў ҳәм экология бойынша «Бәркамал әўлад» республикалық балалар орайлары негизинде Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектебин;

«Бәркамал әўлад» районлық (қалалық) балалар орайлары, Қарақалпақстан Республикасы ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық «Бәркамал әўлад» балалар орайлары негизинде «Бәркамал әўлад» балалар мектеплерин;

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм ўәлаятлар Халық билимлендириў басқармасы жанындағы мәлимлеме-ресурс орайлары негизинде «Балалар китапханаларын»;

2020-2023-жылларда Бухара, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында системалы түрде балалар туризмин раўажландырыў мақсетинде «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери жанында 100-200 орынға ийе «Балалар туристлик базаларын» шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. «Балалар китапханалары» улыўма билимлендириў мәкемелериниң китапханаларына әмелий ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў, оқыўшылардың миллий ҳәм жәҳән балалар көркем әдебиятларының дүрдана шығармаларына болған талабын анықлаў, оларда китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыўға қаратылған үгит-нәсият жумысларын әмелге асырыў, мәдений-ағартыўшылық илажларды («Жас китапқумар», «Китапқумар мектеп», «Ең жақсы китапханашы» ҳәм басқалар) шөлкемлестириўге жәрдемлесетуғыны;

«Балалар туристлик базалары» «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң «жас турист», «жас экскурсовод», «жас үлкетаныўшы» дөгереги ағзалары ушын елимиздиң тарийхы, ески ҳәм муқаддес зыярат етиў орынлары, миллий үрп-әдетлеримиз бенен жақыннан таныстырыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм қәстерлеп сақлаў, балалар арасында экология ҳәм саяхат етиў мәдениятын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң мектептен тыс билимлендириўди раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

жас әўладты руўхый жақтан бәркамал етип тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўди тәмийинлеў, онда олардың көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў ҳәм қызларды жәмийетлик белсенди турмысқа таярлаўды шөл­кемлестириў;

заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен қолланыў арқалы балаларды индивидуал раўажландырыўға қаратылған бағдарламалар ҳәм методикалық материалларды турақлы жетилистирип барыў;

робототехника, мехотроника, инженерлик ҳәм компьютер программалық тәмийнаты бағдарларындағы дөгереклерди турақлы раўажландырып барыў;

балалар ҳәм билимлендириў туризм­лерин раўажландырыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў;

оқыўшы жаслардың дөретиўшилик жумысларын ғалаба ен жайдырыў, соның ишинде, жәҳән базарына миллий дәстүрлеримиз тийкарында «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң дөгерек ағзалары тәрепинен жаратылған өнимлерди алып шығыў мақсетинде «ART Shop» электрон дүканларын шөлкемлестириў ҳәм сатыўды жолға қойыў;

мектептен тыс билимлендириў мәкемелерине оқыўшыларды қамтып алыўды арттырыў, оқыўшылардың қызығыўшылығына қарап дөгереклерди шөлкемлестириў ҳәм турақлы жумыс алып барыўды тәмийинлеў;

балаларда кәсипти ийелеў бойынша дәслепки билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, тармақ дөгереклериниң жумысын методикалық тәми­йинлеў, китапқумарлық мәдениятты арттырыў ушын мектептен тыс билимлендириў мәкемелериниң жумысын заманагөй билимлендириў бағдарламалары арқалы жетилистириў;

жетекши шөлкемлер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте «Бәркамал әўлад» балалар мектеплеринде робототехника ҳәм техникалық дөретиўшилик бағдарларында пайдаланатуғын затлардың дизимин қәлиплестириў ҳәм жаңалап барыў;

балалардың техникалық дөретиўшилигин раўажландырыў ушын сырт мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбелери тийкарында «Бәркамал әўлад» балалар мектеплеринде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында «Балалар технопарки» жойбарларын шөлкемлестириў;

«Бәркамал әўлад» балалар мектеплери ҳәм «Балалар китапханалары»ның халықаралық ҳәм республикалық таңлаўларының жеңимпазларын мүнәсип хошаметлеў механизмлерин жолға қойыў;

системада илимий ҳәм әмелий тәжирийбе алмасыў жумысларын алып барыў мақсетинде сырт  мәмлекетлерде хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў ҳәм мақсетли хызмет сапарларын шөлкемлестириў;

балалар арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў, көшпели китапханалардың жумысын жолға қойыў, балалар ҳәм мектеп китапханаларын көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў системасын жетилистириў;

мектептен тыс билимлендириў мәкемелериниң бос турған имарат ҳәм жер майданларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында мақсетли жойбарларды әмелге асырыў.

  1. Төмендегилер:

2019-2021-жылларда халық билимлендириў системасындағы мектептен тыс билимлендириў мәкемелериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда — «Жол картасы») 1-қосымшаға муўапық;

2020-2024-жылларда жаңадан қурылатуғын, реконструкцияланатуғын ҳәм ири оңланатуғын «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң тийкарғы параметрлери  2-қосымшаға муўапық;

2020-2023-жылларда  жаңадан қурылатуғын, реконструкцияланатуғын ҳәм ири оңланатуғын «Балалар китапханалары»ның тийкарғы параметрлери 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. «Бәркамал әўлад» балалар мектеплеринде 2020/2021-оқыў жылынан баслап «STEAM — тәлим» (Science — тәбийғый пәнлер, Technology — технологиялар, Engineering — инженерлик, ART — көркем өнер, Mathematics — математика) бағдарламасы енгизилетуғыны;

эксперимент тәризинде ҳәр бир ра­йонда бир улыўма орта билим бериў мектеплеринде мәкемениң материаллық-техникалық базасынан келип шығып ҳәм оқыўшылардың қызығыўшылығына қарап «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң тармақ дөгереклери  шөлкемлестирилетуғыны;

усы қарардың 4-бәнтинде көрсетилген «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери ҳәм «Балалар китапханаларын» қурыў, реконструкциялаў, ири оңлаў, сондай-ақ, усы объектлерди үскенелеў жумыслары Өзбекстан Республикасының Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде нәзерде тутылатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет  қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;

2020-жыл 1-январьдан баслап «Бәркамал әўлад» балалар мектеплерин арнаўлы әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў жумыслары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлери «Билимлендириў»  тараўы ушын ажыратылған қаржылар шеңберинде ҳәм «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң бюджеттен тыс­қары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

200 оқыўшыға мөлшерленген «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери, 100-200 орынға ийе «Балалар туристлик базалары», 100 оқыўшыға мөлшерленген «Балалар китапханаларын» жаңадан қурыў жумыслары белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Қурылыс минис­трлиги менен келисилген жеке тәртипте тастыйық­ланған жойбар­ларға қатаң әмел етилген ҳалда әмелге асырылатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте қурылыс-монтажлаў жумысларын орынлаўда қала қурылысының норма ҳәм қағыйдаларына әмел етиўи үстинен қадағалаў орнатылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сырт­қы саўда министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги:

Өзбекстан Республикасының инвестициялық бағдарлама шеңберинде нәзерде тутылатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет  қаржылары есабынан қурылыс мәнзилли бағдарламаны қәлиплестириўде «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери, «Балалар туристлик базалары», «Балалар китапханалары»ның анық саны ҳәм дизимин көрсеткен ҳалда, олардың жаңаларын қурыў, реконструкциялаў, ири оңлаў, зәрүр затлар ҳәм инвентарьлар менен үскенелеў ушын зәрүр болған қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин;

2020-жылы  Өзбекстан Республикасының  Инвестициялық бағдарлама шеңберинде нәзерде тутылатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети  қаржылары есабынан мәнзилли бағдарламаларды қәлиплестириўде Республикалық  «Бәркамал әўлад» балалар мектеби  жайласқан имарат ҳәм объектлерди реконструкциялаў арқалы 200 орынға ийе  «Балалар турист­лик базасы»ның қурылысы ҳәм зәрүр затлар және инвентарьлар менен үскенелеў бойынша тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине муўапық зәрүр болған капитал қойылма лимитлериниң ажыратылыўын нәзерде тутсын.

  1. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2019-2024-жылларда Халық билимлендириў системасындағы мектептен тысқары билимлендириў системасын раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

«Бәркамал әўлад» балалар мектеплерин 2024-жылға шекем  50 процент жоқары мағлыўматлы қәнигелер менен толтырыў  (жәми дөгерек басшыларының санына салыстырғанда);

оқыўшыларды «Бәркамал әўлад» балалар мектеплерине қамтып алыў дәрежесин 10,5 процентке жеткериў  (улыўма билим бериў мектеплериндеги оқыўшылардың санына салыстырғанда);

«Бәркамал әўлад» балалар мектеплеринде 2024-жылға шекем мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында  робототехника ҳәм инженерлик дөгереклериниң үлесин 10 процентке жеткериў (жәми дөгереклердиң санына салыстырғанда);

«Балалар китапханалары» ҳәм мектеп китапханалары ушын миллий және жәҳән әдебияты дүрданаларына киретуғын шығармалардың аудиокитап формасын жаратыў;

барлық «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери, «Балалар китапханалары» ҳәм мектеп китапханаларын  кең полосалы Интернет тармағына жал­ғаў.

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги:

еки ай мүддетте «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери ҳәм «Балалар китапханалары» ҳаққындағы үлги режелер ҳәм олардың структураларын белгиленген тәртипте ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қурылыс министрлиги ҳәм «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте «Бәркамал әўлад» балалар мектеби ҳәм «Балалар китапханалары»н үлги тийкарында үскенелеў нормасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

2020-жыл 1-январьдан баслап «Бәркамал әўлад» балалар мектеплеринде робототехника, мехатроника, инженерлик, программалаў ҳәм шет тиллерин үйрениў дөгереклерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында шөлкемлестириў илажларын көрсин;

2020-жыл 1-сентябрьге шекем сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектеби мысалында «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң имаратларына (соның ишинде көринисине) ҳәм олардың оқыў-методикалық және билим бериў процесине болған талапларды өз ишине алған концепцияны ислеп шықсын ҳәм енгизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў системасындағы мектептен тыс билимлендириў мәкемелери хызметкерлери ҳәм дөгерек басшыларын тийисли қәнигелик бағдарында маманлығын арттырыў системасын енгизиў мақсетинде 2020-жыл 1-январьдан баслап А.Авлоний атындағы Халық билимлендириў системасының басшы ҳәм қәниге хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў институтында Мектептен тыс билимлендириў системасының хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў кафедрасы (кейинги орынларда — Кафедра) шөлкемлестирилсин.

Заманагөй билимлендириў технологиялары тийкарында, соның ишинде, аралықтан билимлендириў технологияларын қолланған ҳалда қәнигелестирилген дөгереклердиң бағдарлары бойынша халық билимлендириў системасындағы мектептен тыс билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыўдың ҳәм қайта таярлаўдың әмелдеги нормаларына муўапық қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў Кафедраның тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленсин.

  1. Кафедраның жумысын қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджеттен халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арт­тырыўға бағдарланатуғын қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны;

Кафедра Ташкент қаласы, Юнусобод районы, Аҳмад Дониш көшеси, 72-А үй мәнзилине бийпул жайластырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларын 2020-жыл 1-январьдан:

директор ҳәм директор орынбасарлары ушын 1,55 есеге;

дөгерек басшысы ушын 1,5 есеге арттырыў;

инструктор-методистлер ҳәм методистлердиң мийнетине ҳақы төлеў тәртибин базалық тариф ставкаларынан келип шығып әмелге асырыў және оларды базалық тариф ставкаларының муғдарлары дөгерек басшылары базалық тариф ставкаларының муғдарына теңлестириў  ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

«Бәркамал әўлад» балалар мектеплери хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларын арттырыўға байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң параметрлеринде нәзерде тутсын;

улыўма орта билим бериў мектеплеринде оқыўшылардың қызығыўшылығына қарап «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң тармақ дөгереклерин шөлкемлестириў ушын зәрүр қаржылардың  дәреги бойынша усыныс киргизсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери:

«Бәркамал әўлад» балалар мектеплери, «Балалар туристлик базалары» ҳәм «Балалар китапханаларын» жаңадан қурыў ушын майданларды таңлаўда тастыйықланған норма ҳәм параметрлерге муўапық, қағыйда тәризинде, район ҳәм қалалардың орайында, турақ жай массивлеринде жайластырылыўын есапқа алсын;

2020-2022-жылларда балалар арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў мақсетинде көшпели китапханалардың жумысын жолға қойыў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Ташкент қала ҳәкимлиги, Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте балалардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм олар ушын шараятлар жаратыў бойынша шерик инвесторлар ҳәм исбилерменлерди тартқан ҳалда билим бериў лабораториясы, робот дүньясы ҳәм ҳәр қыйлы дөретиўшилик бағдарларды қамтып алған «Kids makon» бизнес жойбарын әмелге асырыў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, «Өнермент» ассоциациясы робототехника ҳәм техникалық дөретиўшилик, көркем дөретиўшилик және экология ҳәм туризм бағдарлары бойынша «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң кәсиплик бағдарларына байланыслы жумысын оқыў-методикалық жақтан қоллап-қуўатлаўда әмелий жәрдем көрсетсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги, Экономика ҳәм санаат минис­трлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери ҳәм «Балалар китапханалары»н раўажландырыў, материаллық-техникалық базасын жақсылаў, соның ишинде, затлар сатып алыў жеңиллетилген шәртлер тийкарындағы сырт ел кредитлери ҳәм грантларын тартыў бағдарындағы жумысларды жеделлестирсин.
  4. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа — усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Ш.Х.Шерматовқа — халық билимлендириў системасындағы мектептен тыс билимлендириўди раўажландырыў бойынша ўазыйпаларды толық түрде әмелге асырыў, Кафедра жумысын нәтийжели жолға қойыў, тараўға заманагөй билимлендириў технологияларын енгизиў, соның ишинде, жаңа дөгереклерди шөлкемлестириў, «Бәркамал әўлад» балалар мектеплери ҳәм «Балалар китапханаларын» қурыў, реконструкциялаў, ири оңлаў, усы мектеплерди үскенелеў жумысларының өз мүддетинде әмелге асырылыўын тәмийинлеў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын кеңнен енгизиў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң Ташкент қаласы, Учтепа районы, Саккокий көшеси 3 а-жай мәнзилинде жайласқан имарат ҳәм объектлер тийисли аймағы менен биргеликте Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар мектебин жайластырыў ушын Халық билимлендириў министрлигине оператив түрде басқарыў ҳуқықы тийкарында бийғәрез өткерип берилсин.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларының кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-сентябрьдеги ПҚ-3953-санлы қарары менен тастыйықланған Мәмлектелик буйыртпашылар тәрепинен тиккелей шәртнамалар бойынша сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер)дың дизими төмендеги мазмундағы 301-бәнт пенен толтырылсын:

«301. Халық билимлендириў системасындағы улыўма орта ҳәм мектептен тыс билимлендириў мәкемелери ушын оқыўшылардың инженерлик, робототехника, мехатроника ҳәм программалық тәмийнат бағдарлары бо­йынша оқыў шынығыўларында пайдаланыў ҳәм инновациялық қолланбаларды әмелге асырыў бойынша республикада ислеп шығарылмайтуғын, сырт елде алып келинетуғын шийки зат ҳәм үскенелер».

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Әдиллик министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 30-сентябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF