Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:34:51, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАХТА — МАҢЛАЙ ТЕРИМИЗДИҢ ЖЕМИСИ

Айбек «Дийқанабад»лы атайы дийқан, көп жыл пахташылық бригадасын басқарған Айтбай Өтеўлиевтиң орнын басқан генжетай баласы. Әжағасы Теңелбай (марҳум) 2004-жылы уйытқы болып, әкесиниң аты қойылған фермер хожалығына басшылық етеди.

Мәмлекетлик буйыртпаға кирген пахта, бийдайдан ҳәр жылы мол өним жетистирип, сый-ҳүрметке бөленбекте. Быйылғы жылы 29 гектар жерине бабын билетуғын «С-4727» сортын егип, жобалы тапсырмасын районда бириншилер қатары орынлап шығыў менен шекленбей, «40 центнерши»лер қатарынан орын алмақшы.

­ Аўызбиршилик пенен ағайин-туў­ған, өзли-өзлеримиз хожалығымызды уршықтай үйирип атырмыз, - дейди Айбек кеўилли түрде.

­ Дийқаншылық пенен шарўашылық ­ егиз тараў. Аўылда жасап, мал сақлаған соң қора-қопсымыздан ҳәр жылы 100 тоннаға жуўық дәрис шығарып намбар таярланады. Егинниң талап етиўине қарай азықландырғанымыз себепли жерлеримиз қунарлы. Ис-қуралларымыз сазлап, егистен баслап тәрбия, жыйын-терим мапазларында  сырттан техника ҳәм адам күшлерин алмастан барлығын өзлеримиз атқарамыз. Пахтаның ҳәр үш жылдан жоңышқа, бийдай, салы менен алмаслап егилиўи жолға қойылды. Әсиресе, салы менен алмасласақ суўға қанық ҳәм азықлық затлар менен тойынған жерлерге еккен боламыз. Жерге апрель айында шигит сеўип, толық нәл алынғаннан соң агротехникалық тәрбияға кирисемиз.

Пахта ­ маңлай теримиздиң жемиси болғанлықтан, бар өнимди соңғы мысқалларына шекем жыйнап алыўда, терилген пахтаны қабыллаў пунктлерине тасып жеткериўде механизаторлардан Қ.Өтеўлиев, А.Төремуратов, шәпик қоллы теримшилерден У.Жолдасов, М.Әженова, Я.Төреева, Б.Ешмуратовлардың көрсеткиши l00 килограммнан зыят.

Жыйын-терим жумыслары менен бир қатарда жер бетине толық көгерип шыққан бийдайымызды суўғарыў ҳәм азықландырыў жумыслары избе-из орынланбақта.

Келеси жыллары балық сақлаў ушын ҳәўиз қаздырып, жер шараятымыз жүдә қолай келетуғын пал ҳәрресин сақлаўды жобаластырып отырмыз...

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF