Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:24:19, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАХТА  ЗҮРӘӘТИН ӨРТ  ҚӘЎПИНЕН САҚЛАЙЫҚ

Ҳәзирги күнлери ҳәр жылдағыдай республикамыз аймағында пахта жыйын-терими қызғын алып барылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы Тақыятас районы бөлими хызметкерлери тәрепинен пахта жыйын-терими мәўсиминде зүрәәтти жыйнап алыўда орынларда өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратпақта.

Әсиресе, пахта қабыллаў пунктлери, кептириў ҳәм басқа бир қатар орынлар ҳәр тәреплеме таяр жағдайға келтирилип, қадағалаўды күшейтиў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, мәўсим даўамында ғалаба хабар қуралларынан пайдаланған ҳалда айырым машқалалар, кемшиликлер ҳәм әмелге асырылыўы мүмкин болған жумыслар исленип, кең көлемдеги үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, исши хызметкерлер менен ушырасыўлар ҳәм сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилип, зәрүр қолланбалар, реңли плакат, панно ҳәм еслетпелерден пайдаланып келинбекте. Бундағы баслы мақсет, жетистирилип атырған «ақ алтын» зүрәәтин өрт қәўипсизлигинен сақлаўға қаратылған. Буның ушын өрт қәўипсизлиги хызметкерлери мәўсимди нәтийжели өткериў мақсетинде күни-түни хызмет етиўге таяр.

Әлбетте, бул мапазда өрттиң алдын алыў, өрт қәўипсизлигин сақлаў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз екенлигин естен шығармай, белсене қатнасыўға итибар қаратып, сергек болайық!

С.РОЗЫМОВ, Тақыятас районы ӨҚБ

аға инспекторы, капитан.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF