Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:09:51, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАНДАҒЫ БРИТАНИЯ КЕҢЕСИНИҢ ЎӘКИЛЛЕРИ ҚМУда

Усы жылдың 23-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстандағы Британия Кеңесиниң ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Дәслеп мийманлар ҚМУ ректоры А.Реймовтың қабыллаўында болып, өз ара бирге ислесиўди еле де раўажландырыў бойынша келисип алынды.

Ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәмлекетимизде жоқарғы билимлендириў системасын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атыр­ған түпкиликли реформаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде дүньяның раўажланған мәмлекетлериниң 48 жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм 6 сырт ел билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесип келмекте.

Олардың бири Уллыбританияның Өзбекстандағы Кеңеси есапланып, бул шөлкем мәмлекетимизде 1996-жылдан баслап жумыс алып бармақта. Бүгинги күни дүньяның 100 ден аслам мәмлекетлеринде өзлериниң ўәкилханаларына ийе есапланады.  

Илажда Өзбекстандағы Британия Кеңесиниң директоры Рэйчел Айланд, директор орынбасары Дж. Гулямова, Кеңестиң маркетинг бойынша менеджери У.Нуржанова, Әжинияз атындағы НМПИ ректоры Б.Утемуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илажға қатнасқан барлық жоқары оқыў орынларының инглис тили пәни оқытыўшыларына Кеңес ҳаққында кең түрде түсиниклер берип өтти.

Солардың қатарында Қарақалпақ мәмлекетлик университети де Британия Кеңеси тәрепинен Өзбекстан ҳәм Уллыбритания қатнасықларын беккемлеў, инглис тилин үйретиў, оқытыўшы кадрлардың билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм ҳәр қыйлы таңлаўларда белсене қатнасып келмекте.

Буған мысал етип, ҳәр жылы шөлкем тәрепинен өткерилетуғын «BIG IDEA CHALLENGE» («БИГ АЙДИЯ ЧЕЛЛЕНДЖ») таңлаўына университетимиздиң зийрек студент жаслары қатнасып, киши исбилерменликти раўажландырыў, ҳәр қыйлы дөретиўшилик идеяларын әмелге асырыў бойынша Британиялы тәжирийбели қәнигелердиң шеберлик сабақларынан тәжирийбе арттырып келмекте.

Сондай-ақ, Британия Кеңеси басламасы менен университетимизде филология ҳәм филологиялық емес факультетлердиң профессор-оқытыўшылары ушын «Кәсиплик раўажланыў орайы» шөлкемлестирилип, ол университет оқытыўшыларының инглис тилиндеги билимлерин беккемлеўде өз нәтийжесин берип келмекте. Бул орай Британия Кеңеси тәрепинен зәрүр оқыў ҳәм методикалық қураллар, 96 атамадағы оқыў әдебиятлары менен тәмийинленген. Орайда ҳәзирги күнде университет профессор-оқытыўшыларының шет еллерде тәжирийбе арттырыў ҳәм стажировка өтеўи ушын олардың инглис тилиндеги билимлерин беккемлеўде арнаўлы курслар шөлкемлестирилмекте.

Әлбетте, бундай ушырасыўлар Британияның Өзбекстандағы Кеңеси ҳәм университет ортасындағы өз-ара бирге ислесиўди және де раўажландырыўда жаңа басқышқа алып шығыўына исенемиз.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Б.ИБРАГИМОВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF