Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:27:19, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘЛИМЛЕМЕ ХЫЗМЕТЛЕРИНИҢ ЖУМЫСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Бүгинги күнде мәлимлеме коммуникация технологияларының жедел пәтлер менен раўажланыўында мәмлекетлик басқарыў уйымлары системасында баспасөз хызметлерине зәрүрлик сезиледи.

Өткен дәўир аралығында республикамызда мәлимлеме хызметлери  айырым шөлкемлерде ғана хызмет көрсеткен болса, ҳәзирги ўақытта бул жумыслар системалы түрде жолға қойылмақта. Бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириўде мәмлекетимизде бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2006-жыл 22-сентябрьде қабыл етилген «Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйым­ларының жәмийетшилик пенен байланысларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2018-жыл 15-февральдағы «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ҳәм хожалық бас­қарыў уйымларының мәлимлеме хызметлери жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары, сондай-ақ, «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы мәлимлеме хызметлери жумысын шөлкемлестириў ҳәм олардың ўазыйпаларын атқарыўда ҳуқықый механизм сыпатында хызмет етпекте.

Соны айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң усы жыл 27-июнь сәнесинде «Қалаба хабар қуралларының бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм де мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызметлериниң жумысын раўажландырыў бойынша қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеп республикамызда баспасөз хызметлери жумысын жолға қойыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң усы жыл 5-августтағы 556-санлы Президиум қарары, сондай-ақ, Министрлер Кеңесиниң 13-августтағы 271-272-санлы қарарлары тийкарында Минис­трлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлериниң мәлимлеме хызметлери шөлкемлестирилди.   

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Жәмийет ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымларының баспасөз хызмети» атамасында баспасөз конференциясы шөл­кемлестирилди.

Оған қала ҳәм район ҳәкимлиги, министрлик ҳәм ведомос­тволардың баспасөз хызметлери, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қат­насты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баспасөз хаткери Ч.Елмуратов басқарып барды.

 Онда «Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстана» газеталарының Бас редакторы К.Реймов, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының директоры Б.Ельманов, Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасының мәлимлеме хызметлери жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў секторының баслығы Б.Ережеповлар сөзге шығып, Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген қарарының әҳмийети, жәмийетшилик пенен байланысларды беккемлеўде мәлимлеме хызметлериниң ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўдеги  ўазыйпалар ҳаққында айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлерининиң мәлимлеме хызметине сайлан­ған қәнигелер таныстырылды.

Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.

 

А.ЮСУПОВ.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF