Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:42:41, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ САЛЫҚ СИЯСАТЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзбекстан Республикасының Салық сиясатын жетилистириў концепциясы шеңберинде салық жүгин азайтыў ҳәм исбилерменлик субъектлерин салыққа тартыўдағы сәйкес келмеўшиликлерди қысқартыў бойынша илажлар әмелге асырылды.

Тутыныў базарының турақлылығын тәмийинлеў, жергиликли ислеп шығарыўшылардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын шараятлар жаратыў, сондай-ақ, қосымша қун салығының үзликсиз «шынжыр»ын қәлиплестириў мақсетинде:

  1. 2019-жыл 1-октябрьден баслап қосымша қун салығының ставкасы 20 проценттен 15 процентке шекем төменлетилсин.
  2. Мәмлекетлик салық хызмети уйым­лары тәрепинен салық төлеўшилердиң коммерциялық банклердеги есап-бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыўдың әмелдеги тәртиби бийкар етилсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте сырт мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесинен келип шығып, Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң жаңа редак­циясы жойбарында мәмлекетлик салық уйымлары тәрепинен салық төлеўшиниң коммерциялық банклердеги есап бетлери бойынша операцияларды «риск-анализ» нәтийжелери ҳәм алдын алыў илажларын көриў тийкарында 30 күннен артық болмаған мүддетте тоқтатып турыў тәртибиниң белгилениўин нәзерде тутсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети Өзбекстан Республикасының 2020-жылғы Мәмлекетлик бюджети жойбарын таярлаўдаF

мәмлекетлик кәрханалар, устав қоры (устав капиталы)нда мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан көплеў болған юридикалық шахслар, сондай-ақ, устав қоры (устав капиталы)ның 50 проценти және оннан көплеў бөлеги мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан көплеў болған юридикалық шахсларға тийисли бол­ған юридикалық шахслар ҳәм олардың структуралық дүзилиси ушын бирден-бир социаллық төлем ставкасының 25 проценттен 12 процентке шекем төменлетилиўин;

дивиденд түриндеги төленетуғын дәраматларға салық ставкасын сақлап қалған ҳалда, юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы ставкасының 15 процент муғдарында белгилениўин;

қосымша қун салығын есаплаў ҳәм төлеўдиң әпиўайыластырылған тәртиби бийкар етилиўин нәзерде тутсын.

  1. Бурын Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының есабынан төленген бирден-бир салық төлеминиң суммасы 2019-жыл 1-октябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы бюджетине, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджетлерине өткерилетуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Қаржы минис­трлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы Пәрманның мазмун-мәнисин, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағында кеңнен түсиндирилиўин шөлкемлестирсин.
  3. 2019-жыл 1-октябрьден баслап Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары — қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 26-сентябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF