Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:22:59, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АҚ АЛТЫН» — АҚ ПАХТАҒА  АЙЛАНҒАНДА...

Көздиң жаўын алатуғын пахтазарлыққа барғанымызда күн арқан бо­йлы көтерилген еди. Теримшилер өзли-өзлеринен шыйрақласып, бар ықлас, күш-жигерин жумсап атыр.

Ҳешкимге сыр емес, жақын жыл­ларға шекем бас байлығымыз саналған пахтаны «ақ алтын» деп мәзи, тил ушы айтқанымыз бенен қәдир-қымбатына жетпегенимиз ашшы ҳақыйқатлық. Адамды ҳәр қашан да турмыс бийлеп, өз дегенине жүргизеди. Жаңа заманға сай сана-сезимлеримиздеги  өзгерислерди дурыс түсинейик. Бүгинги күнде аўылларда жасаўшы, пештиң қуўысы менен қуяшламада отырып қалған кемпир-ғарры, еки қолы алдыларына сыймай, бостан-босқа жумыссыз сандалып жүрген қыз-жигитлер қурыс­қан денелерин жазыўы ушын өз ықтыяры менен бақырыс-шақырыссыз, мәжбүрлеўсиз-ақ бул ийгиликли истен өзлерин шетке алғысы келмегени қуўанышлы жағдай...

2001-жылы қуралған, Венера Досманова жетекшилик ететуғын «Үркинбай» фермер хожалығы пахта, бийдайдың шәртнамалы жобасын мудамы зыятына орынлап келмекте. Быйыл ҳәм көш басында, 60 гектар жерге шигит егип, гектарынан 23,5 центнерден 145 тонна өним жетистирип, районда  бәйги сызығынан биринши өтти. 100 гектарлық бийдайынан 230 тонналық қырман қызыллап, жүги аўыр кәрўан ретинде көпке танылмақта. Табыстың тийкарғы дереги жерлери қунарлы, ис-қураллары саз. Киши трактор паркин ҳәр жылы механизм ҳәм әсбап-үскенелер менен толтырыўды өз алдыларына мақсет етип қойған. Шет еллердиң жоқары өнимдарлы комбайн, сүрим тракторларын лизингке алып, егис, тәрбия, жыйын-терим мапазларында сырттан жәрдем сорамай, қайтама қоңсы фермерлерге көмеклеседи.

­ Жеримиз үмитимизди ақлағаннан соң пахта менен бийдайдың өнимдарлығын жылдан-жылға асырып, дийқаншылықты пайдалы тараўға айландырдық, -дейди хожалықтың ис жүргизиўшиси Айтбай Нуғманов.

­ Ҳаўа райының ашық-жарық күнлеринен утымлы пайдаланып, теримниң таўын жаздырмадық. Атыздағы бар өнимди соңғы мысқалларына шекем қалдырмай жыйнап алсақ ҳасылдарлық 40 центнерден асып түседи. Жыйын-теримге белсене қатнасып атырған хожалық ағзалары, «Хорезм» АПЖ аймағының турғынлары менен жәрдем қолларын созған районлық абаданластырыў басқармасынан жәми 400ге жуўық теримшилердиң күши менен күнине 5,5-6 тоннадан зыят жоқары сортлы пахтамыз қабыллаў пунктине тасып жеткерилмекте. Бул исте механизаторлардан О.Шаўдырбаев, К.Хожабаев, Б.Жумамуратов ҳәм Ж.Әжибаевлар ўақыт пенен санаспай ылғаллы мийнет етип атыр.

Көп адамлық терим мапазын шеберлик пенен шөлкемлестирип, есап-санақ жумысларын өз ўақтында дурыс жүргизиў, атыз басларында қолайлы турмыс шараятларын жаратыўда К.Ақтилеўов, отряд баслығы С.Төребекева ҳәм Б.Айбасовлардың атларын ҳүрмет пенен тилге алғымыз келеди. Абаданластырыў басқармасының шәпик қоллы теримшилеринен А.Қалжанова, Г.Оразбаева, А.Ешниязов, А.Қалмуратовлардың күнлик терген пахтасы 80-90 килограммнан туўра келеди...

Көк жийекке батыўға мейил берген қуяш нурлары қыр дөгеректи рәң-бәрең түске бояса да ҳеш ким теримди тоқтатып, терген пахтасын өлшетиўге асығар емес. Бәринен ўақыт қымбат, ўақыт пул болатуғынын жаңа түсингендеймиз. Ис жүргизиўши Айт­бай Нуғманов болса, қоңсы атыз­ларға егилген гүзлик бийдайының жер бетине көтерип шығыўын көзден өткериўге асығар еди.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF