Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:54:12, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БМШ РАЎАЖЛАНЫЎ БАҒДАРЛАМАСЫ ТУРАҚЛЫ ЎӘКИЛИНИҢ РЕСПУБЛИКАМЫЗҒА САПАРЫ

Усы жыл 26-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска басшылығындағы топар еки күнлик сапар менен республика­мызға келди.

Топар ағзаларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қабыллаў мәресими болды.

  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманларды елимизге сапары менен қутлықлап, Өзбекстандағы БМШтың Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен Арал апатшылығының ақыбетинен жәбир көрген халықтың жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында көрсетилип атыр­ған жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде, Арал апатшылығы сәўлелендирилген картаны көрсеткен ҳалда, жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын және бир мәрте Арал апатшылығына қаратты. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының шөлкем­лес­тирилиўи халқымыз тәрепинен айрықша қанааатланыўшылық пенен күтип алынды.

Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм келешектеги бирге ислесиў бағдарындағы режелерге тоқтап өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ. Сариев қатнасты.

***

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан ҳүкимети, БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм ЮНЕСКОның «Турақлы аўыл аймақларының  раўажланыўын қоллап-қуўатлаў арқалы Аралбойы регионында инсан қәўипсизлигиниң әҳмийетли машқалаларын шешиў» бирликтеги  жойбардың басланыўына бағышланған мәресим болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳабибуллаев, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска тийкарынан халықтың турмыс шараятын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, аўыл халқын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, экотуризмди раўажландырыўға бағдарланған жойбардың мақсет және ўазыйпаларына тоқтап өтти. Бул Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды тәрепинен қаржыландырылып атырған биринши жойбар болып, оның улыўма баҳасы 1 миллиард 463,9 мың АҚШ долларын қурайды.

— Аралбойы регионына жәрдем көрсетиў мәселеси БМШРБ ушын айрықша әҳмийетке ийе болып, экологиялық апатшылық ақыбетлерин сапластырыўға үлесимизди қосыўды даўам еттиремиз,-дейди турақлы ўәкил Матильда Димовска. — Бул бағдардағы бирге ислесиўге жаңаша қатнас Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аралбойы аймағында экологиялық инновациялар  ҳәм технологиялар зонасын жаратыў басламасына тийкарланады. Сонлықтанда, биз регионда турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын инновациялық шешимлерди әмелге асырыў бойынша жәҳән тәжирийбесин усынамыз. 

Жойбар шеңберинде Тахтакөпир районы «Бөршитаў» аўыл пуқаралар жыйынының «Таза қоныс» аўылындағы суўды душшыландырыўшы шақапшада ири оңлаў жумыслары алып барылып, «Белтаў» аўылына ҳәм  «Мүлк» аўыл пуқаралар жыйынына суў тармағы тартылады.  Нәтийжеде усы аймақлардағы 2231 адам таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди. Сондай-ақ, 70 жаңа жумыс орнын жаратыў, тоғай хожалығы ҳәм өндирислик кооператив жумысларын жетилистириў нәзерде тутылған. Районда киши бизнес ҳәм экотуризмди раўажландырыў арқалы көпшилик шаңарақларға дәрамат алыў имканияты жаратылады.

Фондтың жумысында қатнасыўшы  шөлкемлер тәрепинен  улыўма баҳасы 4,23 миллион АҚШ долларына тең болған бес жойбар усынылған еди. Өзбекстан ҳүкимети, БМШ мәкемелери, донорлар-Европа Аўқамының  Өзбекстандағы делегациясы, Японияның елшиханасы, жергиликли МКШ ўәкиллеринен ибарат Басқарыў кеңеси тәрепинен жойбар усыныслары үйренип шығыл­ғаннан кейин улыўма баҳасы 3,085  миллион АҚШ долларына тең еки жойбар тастыйықланды.

***

Илаж шеңберинде Бейимлесиў қоры ҳәм Өзбекстан ҳүкиметиниң «Өзбекстанның қурғақшылық ра­йонларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының ықлымға шыдамлылығын тәмийинлеў» жойбары тийкарында шөлкемлестирилген жайлаўларды раўажландырыў бойынша өндирислик кооперативлерге аўыл хожалығы техникаларын тапсырыў салтанаты болды. Атап айтқанда, Тахтакөпир районындағы «Жаңадәрья жайлаўы», Бозатаў ра­йонындағы «Еркиндәрья жайлаўы» ҳәм «Порлытаў жайлаўы» өндирислик кооперативлерине жаңа техникалар тапсырылды.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Бейимлесиў қорының қаржыландырыўындағы бул жойбардың мақсети, республикамыздағы қурғақшылыққа ең көп дуўшар болатуғын аймақларда ықлым өзгерисине шыдамлы дийқаншылық ҳәм шарўашылық хожалықларын жаратыўдан ибарат. Жойбардың жәрдеми менен республикамызда 10 жайлаў кооперативи шөлкемлестирилди. Олардағы шарўа малларының саны бүгинги күнге 2201 басқа көбейди. Өткен жылы Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетине 2, жаңадан шөлкем­лестирилген жайлаў кооперативлерине 6 заманагөй техника, от-шөп жыйнаўшы үскене, суў насосы берилген еди. Әлбетте, бул бағдардағы бирге ислесиў даўам ететуғынлығы атап өтилди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили басшылығындағы делегация Тахта­көпир ҳәм Мойнақ районларында болып, әмелге асырылып атырған жойбарлар менен жақыннан таныс­ты ҳәм алдағы ўазыйпалар белгиленди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агент­лигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF