Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:47:40, 27.07.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЛДЫН АЛҒ­АН АБЗАЛ

Өртке итибарсызлықтың ақыбети бахытсыз ҳәдийселерге алып келетуғынлығы бизиң бәршемизге де ашық-айдын белгили. Деген менен, усы қәўип-қәтерли есапланған жағдайларға бийпәрўа қараған пуқаралардың турақ жайларында ҳәм мал қораларында бир­қанша өртлер жүз берип атыр.

Өртлердиң келип шығыў себеплери көпшилик жағдайларда оған итибарсызлық пенен қараў, жас өспирим балалардың шырпы менен ойнаўы, газ ҳәм электр үскенелерин жағып, қараўсыз қалдырып кетиўи нәтийжесинде пайда болмақта. Усылардың алдын алыў мақсетинде өрт қәўипсизлиги бөлимшесиниң хызметкерлери тәрепинен мәкан пуқаралар жыйынларында, мектеп ҳәм бала бақшаларда, өзин-өзи басқарыў уйымларында пуқаралар менен ушырасыўлар өткерилип, өртлердиң пайда болыў себеплери ҳаққында кең түрде түсиник жумыслары алып барылмақта. Соған қарамастан өртлердиң пайда болыў фактлери ушырасып атырғаны өкинишли жағдай. Айы­рым пуқаралар әтираптың тазалығына қарайман деп шөп қалдықларын, ҳәр қыйлы патаслықларды турақ жай, мал қора, кишкене атызының қасында өртейди, соңынан оны толық өширип, көмип таслаўға әҳми­йет бермеўинен көпшилик жағдайда өрт келип шығады.

Өртти өширгеннен көре оның алдын алыў абзал екенлиги бәршемизге де белгили. Соның ушын да, ҳәр бир пуқара өз үйлеринде төмендеги өрттен сақланыў қәделерин булжытпай орынласа, өз үйлеримизди тилсиз жаў деп аталған өрт бәлесинен сақлаған болар едикF

­ балаларды шырпы менен ойнатпаў ҳәм олардың сыртынан қулпырып, қараўсыз қалдырмаў;

­ газ үскенелерин резина шлангалар менен жалғамастан қағыйдаға сай пайдаланыў;

­ үй дөгерегин тез жанғыш материаллар ҳәм ҳәр түрли тасланды шөплерден тазалап қойыў;

­ өртке итибарсызлық пенен қарамаў.

Өз үйлериңизде өртти болдырмаў ҳәм бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыўда жоқарыда көрсетип өтилген өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын турақлы түрде орынлап барсаңыз қәўипсизлик, әлбетте, сақланады. Барлық ўақытта өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына итибарлы болайық!

А.УТЕПОВ,

«Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ ҚК ҳәм оның қурамындағы объектлерин өрттен қорғаў бойынша өрт қәўипсизлиги бөлими өрт қадағалаў ҳәм профилактикасы топарының өрт қәўипсизлиги инс­пекторы, лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF