Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:12:08, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЫЛЫТЫЎ ҮСКЕНЕЛЕРИ МӘЎСИМГЕ ТАЯРМА?

Тақыятас районының өрт қәўипсизлиги хызметкерлери тәрепинен район аймағында жайласқан мәкеме ҳәм кәрханалар, өзин-өзи басқарыў уйымлары, сондай-ақ, көп қабатлы турақ жайлардың газ ҳәм электр үскенелери, жылытыў қазанларының гүз-қыс мәўсимине таярлығын тексериўде газ ҳәм электр кәрханалары хызметкерлери менен биргеликте бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, жыл басынан берли район аймағында 10 өрт пайда болып, олардың басым көпшилиги пуқаралардың өрт қәўипсизлигине итибарсызлық пенен қарап, газ ҳәм электр үскенелеринен надурыс пайдаланыўлары, жас өспирим балаларды үйинде қараўсыз қалдырыўлары ақыбетинде келип шыққан. Бундай жағдайлардың алдын алыўда жыйын белсендилери ҳәм тараў хызметкерлери менен биргеликте үгит-нәсият жумыслары жүргизилмекте.

Сонлықтан пуқаралардан өтинишимиз мәкеме, кәрхана ҳәм турақ жайлардағы насаз электр ҳәм газ үскенелерин, жылытыў қазанларын гүз-қыс мәўсимине таярлығын көзден өткерсе, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел еткен боламыз.

 

А.АСҚАРОВ,

Тақыятас районының 7-ӘӨҚБ смена баслығы, лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF