Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:53:40, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨРТ ИТИБАРСЫЗЛЫҚТЫ КЕШИРМЕЙДИ

Нөкис қаласы аймағында пуқараларымыздың турақ жайларында ҳәм мәкеме, кәрханаларда соның менен бирге таза салынып атыр­ған қурылыс имаратларында өрт қәўипсизлиги қағыйдалары бойынша, Нөкис қалалық өртти қадағалаў уйымы хызметкерлери тәрепинен ҳәр ҳәптениң сәршемби күни «Өртлер профилактикасы күни» деп белгилениўи мүнәсибети менен пайтахтымыз турғынлары менен ушырасыўлар, сәўбетлесиўлер өткерилмекте.

Лекин, тилекке қарсы өрт қәўипсизлиги қағыйдалары туўралы пуқараларға кең түрде түсиниклер бериў ҳәм профилактикалық үгит-нәсиятлар жүргизилиўине қарамастан, көпшилик пуқараларымыз ҳәм мәкеме исши хызметкерлериниң итибарсызлығы, бийпәрўалығы себепли өрт ҳәдийселери жүз берип, көп муғдардағы материаллық зыянды келтирип шығармақта.

Атап айтатуғын болсақ, усы жыл 22-август күни Нөкис қаласы, «Қутлы қоныс» мәкан пуқаралар жыйыны Бердимуратов көшеси, 13-жайда жайлас­қан «SIMURG TORG NUKUS» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы Арақ-шарап ҳәм азық-аўқат дүканы имаратының төбе бастырмасында өрт жүз берди. Буның нәтийжесинде  улыўма материаллық зыян бир жүз елиў миллион сумды қурады.

Дүкан имаратында кепсерлеў жумысларын алып барып атырғанда имараттың төбе бастырмасына шоқ түсиўи ақыбетинен өрт келип шыққан. Өз ўақтында хабар берилиўи себепли, өрт қәўипсизлиги хызметкерлери тәрепинен толық өширилди ҳәм саўда орайының 200 м2 майданы сақлап қалынды.

Пайда болып атырған усындай өртлер, қәўипсизлик қағыйдаларын билмеўден, оған әмел етпеўшиликтен, итибарсызлықтан келип шығады. Сонлықтан, тилсиз жаўдың келип шықпаўы ушын, бәршемиз итибарлырақ болайық.

Қ.СЕЙТНАЗАРОВ,

Нөкис қалалық ӨҚБ инспекторы, лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF