Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:11:21, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘДИЛЛИК СЕЙИЛИ

Қоңырат районы, Түркистан МПЖ аймағындағы Санаат кәсип-өнер колледжинде әдиллик сейили болып өтти. Сейилди өткериўден баслы мақсет — халқымыздың социаллық корғаўға мүтәж қатламын қоллап қуўатлаў, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет көрсетиўи керек» деген идеяны алға сүрген ҳалда пуқараларға көшпели тәризде хызмет көрсетиўден ибарат.

Байрамды Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри Салаўатдин Худайбергенов ашып берди ҳәм жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.

Инсан өмириниң ҳәр бир қәдеминде ол ямаса бул тараўлары менен байланыслы ҳәрекетинде мәмлекет уйымларына дус келиўи анық. Сейилде бәрше тараў хызметкерлери пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етти. Солар қатарында Қоңырат ра­йоны Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен 150 ден аслам  мүрәжатлар қабылланып, 200ден аслам тарқатпа материаллар, буклетлер берилди. Солар арасында мәмлекетлик емес мектепке шекемги шаңарақ балалар бақшасы 1, сервис хызмет көрсетиў тараўында 2 жәми 3 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъекти сол жердиң өзинде дизимнен өтти. Бир тәрепте көргизбели қураллар, бир тәрепте миллий саз-әсбапларда шертилип атырған сазлар, районлық көркем өнер орайы тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы бәрше-бәршеси байрамға өзгеше сән бағышлады. Әдиллик се­йили көтериңки руўхта байрамланды.

Ш.Балтабаева,

Қоңырат районлық Мәмлекетлик хызметлер орайы телефон

хызметин көрсетиў секторының байланыс операторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF