Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:24:28, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛЫҚЛАР ҲӘМ БАСҚА ТӨЛЕМЛЕРДИ ӨНДИРИЎДИ ҚАРЫЗДАРДЫҢ  МҮЛКИНЕ  ҚАРАТЫЎ

Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судлары тәрепинен 2019-жылдың 6 айы даўамында салық қарызы бойынша өндириўди салық төлеўшиниң мал-мүлкине қаратыў менен байланыслы 1378 ислер көрилген болып, соннан 1361 даўа арзалар электрон түрде келип түскен.

Жәми көрилген 1378 ислерден 1277 ис бойынша даўа талабы қанаатландырылып, 146 135 800,0 мың сум салық қарызын өндириў салық төлеўшилердиң мал-мүлкине қаратылған. 90 ис бойынша даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылып, 10 ис бойынша даўа арза көрместен қалдырыл­ған ҳәм ис өндиристен қысқартылған.

Биринши инстанция судлары тәрепинен көрилген ислер бойынша апелляция инстанция судында 1 ис, кассация инстанция судында болса 5 ис қайта көрилген. Мысалы, Қаршы қалалық Мәмлекетлик салық инспекциясы судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жеке исбилермен Қушназаров Нурбек Пирназаровичтиң 1 184 131,61 сум салық қарызын өндириўди оның мал-мүлкине қаратыўды сораған. Биринши инстанция судының шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырылған.

Ал, Қушназаров Нурбек Пирназарович апелляциялық арза менен судқа мүрәжат етип, өзиниң исбилерменлик хызмети менен шуғылланбағанлығын, көп жыллардан берли Россия мәмлекетинде жасап атыр­ғанлығын билдирип, судтың шешиўши қарарын бийкар етиўди сораған.

Бул ис апелляция инс­танция судында көрилгенде, ҳақыйқатында да, Н.Қушназаров жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтпегенлиги, бул қарыздарлық бажыхана уйымы берген мағлыўматнамаға тийкар есапланғанлығы анықланған.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал Кодексиниң 25-статьясына экономикалық судларына юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер арасындағы даўлар да тийисли.

Егер Экономикалық судында исте қатнасыўшы тәреплердиң бири физикалық шахс болса (корпоратив даўлар бойынша исте қатнасыўшы шахс физикалық шахс болған жағдайлар буннан тысқары) ис пуқаралық ислери бойынша судының ўәкиллигине киргенлиги себепли, экономикалық суды исти өндиристен қысқартады. Сонлықтан, апелляц­ия инстанция суды шешиўши қарарын бийкар етип, исти өндиристен қысқартыў ҳаққында жаңа қарар қабыллаған.

Салықлар ҳәм басқа миннетли төлемлер бюджетке түсетуғын сумма болғанлығы себепли салық ҳәм бас­қа мәжбүрий төлемлерди төлеўди кешиктириў ҳәм (яки) бөлип-бөлип төлеўге рухсат Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети яки ол ўәкиллик берген уйым тәрепинен бериледи.

Ҳәр бир салық төлеўши салықларды өз ўақтында төлеп барыў арқалы мәмлекет бюджетин беккемлеўге үлес қосқан есапланады.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, исбилерменлик субъектлери тәрепинен салық төлеў бойынша миннетлерин талап дәрежесинде ҳәм сапалы орынлаўы елимиздиң экономикасының беккемлениўине унамлы тәсирин көрсетеди.

 Г.ЗАРИПОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық судының судьясы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF