Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:21:25, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЫЙЫН-ТЕРИМ ҚЫЗҒАН ЖЕРДЕ…

Шоманай бозларында космос түңлигин биринши ашқан космонавт Ю.Гагарин атына қойылған хожалыққа атайы пахтакеш Орынбасар Көккөзов уйыт­қы болып, басшылық еткен жыллары барлық тараўлар бойынша рекорд көрсеткишлерге ерискенлерин бүгинги заманласларымыз умытпаса керек.

Ғәрезсизликке ерискен жылларында да дийқаншылықта алға илгерилеўлер ҳәр қәдем сайын байқалады.

Халық ­ тәрези, «мийнетине жараса Сәдиўақас Ермековтың «Нурсултан-Баўыржан» фермер хожалығы мол ҳасыл жетистирипти, бәйги сызығынан биринши өтер» деген болжамлары дурысқа шықты.

Ерте бәҳәрде 25 гектар жерге шигит егип, өз ўақтында исленген агротехникалық тәрбия нәтийжесинде 20 центнерден 52 тонналық шәртнама жобасын районда биринши орынлап шыққан.

Уша басларына шекем ғореклеген ҳәр түпке ықласлана қараған Сәдиўақас:

­ Пахта ­ мәмлекетимиз ушын стратегиялық әҳми­йетке ийе қымбат баҳалы егин, бас байлығымыз. Биринши гезекте жердиң қунарлылығын арттырыўға күш салып, туқымнан алжаспаўға ҳәрекет еттик. Жер шараятымызға бейимлескен жоқары өнимдарлы «С-4727» сортын апрель айын­да 25 гектарға егип, гектар есабына орташа 100 мың түптен нәл алынды. Қалған жағында агротехникалық тәрбияға күш салынды. Ўақыт өткермей бирлеў, жабайы шөплерден тазалан­ғаннан соң жергиликли ҳәм минерал төгинлер, сондай-ақ, жапырақлары арқалы азықландырыў жумыслары избе-излик пенен алып барылды. Шербетли суўдан соң шүдигарға қойыў, ушын шырпыў, жапырағын қурғатыў сыяқлы биринен-бири әҳмийетли жумысларға айрықша итибар берилди.

Жумыстың бар аўырманлығын көтерген механизаторлардан Ҳ.Дәўлетмуратов, М.Ермеков ҳәм өз жәрдемлерин аямаған аўыл турғынларына айтар алғысымыз шексиз. Жыйын-терим мапазында Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жәмәәти менен районлық бирлескен емлеўхананың техникалық қурамы жәрдемге келди. Машақатлы мийнетлеримиз бенен жетис­тирген бар өнимди сепситпей жыйнап алсақ, 40 центнерлик шекти ийелеймиз. Теримшилерге атыз басларында қолайлы турмыс шараятлары жаратылып, ҳәр килограмм терген пахтасы ушын 800 сумнан мийнет ҳақы қалыўсыз төленбекте.

Жыйын-терим ислери менен бир қатарда 50 гектар жерге гүзлик бийдайдың туқымы себилип, бир тегис нәл алынды. Суўғарғаннан соң азықландырсақ «қыс уйқыға» жатады...

­ Жумыс ўақтымыз азан­ғы саат 7.30дан басланып, күнниң шығыўы менен батыўында атызлардан табылатуғынлар көпшиликти қурайды. Күнине l00 килограммнан асырып пахта териў ушын ўақыттың қәдир-қымбатына жетип, бүгинги күнге шекем терген пахтам 5 тоннадан асып кетти, - дейди аўыл турғыны, шәпик қоллы теримши Заҳира Әўезова.

Аппақ шағаладай болып ашылған атызларда басларын көтермей, ханаларда шәпик қолларын ойнатқанлар қатарына ерксиз қосылып, кимниң болса да пахта териўге ҳәўеси келетуғын мәҳәли еди...

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз. 

Шоманай районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF