Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:21:37, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЫНЫШЛЫҒЫМЫЗДЫ  КӨЗ ҚАРАШЫҒЫМЫЗДАЙ  САҚЛАЙЫҚ

Тынышлық уллы жемис болып, инсан өмириниң бирлемши шәрти есапланады. Өйткени, тыныш турмыс дөретиўшилик ҳәм пәраўанлық, улыўма бәрше ийгиликли мақсетлердиң жүзеге шығыўы ең әўеле усыған байланыслы.

Лекин, бүгинги әтирапымыздағы турмыс ўақыялары, тынышлық көплеп мәмлекетлер ушын еле де арзыў-әрман болып қалып атырғанын көрсетпекте. Бүгинги күни тыныш, парахат турмысқа иритки салып атырған факторлар ҳәр түрли болып, булар мәмлекетлер ортасындағы жәнжелли жағдайлар, пуқаралар урыслары, миллий ҳәм этникалық жәнжеллер, тәбийғый апатшылықларды айтса болады. Бирақ, бул факторлардың ишинде бүгинги күнде ең қәўиплиси ҳәм ҳәрқандай мәмлекеттиң тынышлығы, парахатшылығы ушын шынт­лап қәўип салыўы мүмкин болған диний экстремизм ҳәм терроризм екенин ҳәр бир саламат пикирли инсан жақсы түсинеди. Диний экстремизм яки терроризм иллетиниң соңғы пайытларда бар­ған сайын күшейип баратырғаны бул машқаланың қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди.  

Бул инсаныйлыққа тән болмаған зорлықлардан қаншадан-қанша гүнасыз инсанлардың қаны төгилгени ҳешкимге сыр емес. Ислам динин нықап етип өзиниң жаўыз мақсетлерин әмелге асырыў бойынша тынышлығымыз, мәдениятымызға пәнже салыўды аңлып жүрген жаўыз күшлерден саналы түрде сақланыўымыз ең биринши ўазыйпаларымыздан бири.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында сөйлеген сөзинде «Биз пүткил жәҳән шериклигине ислам дининиң ҳақыйқый инсансүйиўшилик  мазмунын жеткериўди ең әҳми­йетли ўазыйпа деп есаплаймыз. Биз муқаддес динимизди әзелий қәдириятларымыздың жәмлескенлигиниң көриниси сыпатында оғада қәдирлеймиз» деп атап өткен еди. Бүгин журтымызда диний кеңпейиллик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў Конституциямызда қатаң белгилеп қойылған. Бас Нызамымыздың 31-статьясында беккемленген «Ҳәмме ушын ҳүждан еркинлиги кепилленеди. Ҳәр бир инсан қәлеген динге исениўи яки ҳеш қайсысына исенбеў ҳуқықына ийе. Диний көзқарасларды мәж­бүрлеп сиңдириўге жол қо­йылмайды» деген қағыйда диний кеңпейиллик ушын бағдарлама болып хызмет етпекте. Деген менен, жаўыз нийет­те пайдаланыўдан таймайтуғын күшлер, әттең, көбейип бармақта. Усы топардағы күшлерге қарсы гүресиў мақсетинде 2000-жыл 15-декабрьде «Терроризмге қарсы гүрес ҳаққында», 2018-жыл 30-июльде «Экстре­мизмге қарсы гүрес ҳаққында» Нызамлар ислеп шығылды. Сондай-ақ, 2001-жылы 15-июньде Шанхай Бирге Ислесиў Шөлкеми тәрепинен үш жаўыз күшке қарсы гүрес, яғный, «терроризм, диний экс­тремизм ҳәм сепаратизмге қарсы биргеликте гүрес» Конвентациялық нызамлары қабыл етилди. Биз усы нызам ҳүжжетлерин жақсы билиўимиз тийис ҳәм динди нықап етип алған экстремизмге қарсы гүресте ҳуқық қорғаў уйымларына жәрдем көрсетиўимиз ҳәр биримиздиң пуқаралық миннетимиз болып есапланады. 

 Қ.РЕЙМОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF